Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 21-22-май күнлери Әндижан ўәлаятында болды.
Президентимиз сапар етиўдиң екинши күнинде Әндижан қаласында ўәлаят ҳәм районлардың ҳәкимлери, экономика тармақлары басшыларының қатнасыўында мәжилис өткерди.
Коронавирус пандемиясы себепли пүткил дүнья жүзине глобаллық кризис қәўип салып турған бүгинги күнде ҳәр бир мәмлекет усы қыйын жағдайдан шығыў жолларын излемекте. Барлық халықларда үлкен тәшўиш оятқан бул сынақ, қалаберсе, Бухара ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында жүз берген апатшылықлар да халқымыздың мәрт ерк-ықрарын бүге алмады. Ўатанласларымыз бүгинги оғада қыйын жағдайда қурамалы қәўип-қәтер алдында албырамастан, және де бирлесип, экономика тармақларын раўажландырыў, ертеңги күн ушын кепилликли турмыс шараятын қурыў жолында мәмлекетимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған системалы реформаларға қол қанат болмақта.
Әндижан ўәлаятында да коронавирус карантининен басқышпа-басқыш шығыў процесинде экономиканы толық жүргизип жибериў, халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматын тәмийинлеў, мүтәжларға жәрдем бериў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша системалы илажлар белгиленген. Мәжилисте карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда, бул бағдардағы жумысларды даўам еттириў бойынша жаңа қатнас ҳәм ўазыйпалар додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында ҳәммени Рамазан ҳайыты менен қутлықлады.
– Ўақыт тез өтип атыр. Ҳәр бир күн, ҳәр бир минут ғәниймет. Пандемия себепли көп ғана тараўлардың ислемегени себепли шаңарақларда қыйыншылықлар болды. Карантин болыўына қарамастан, халқымыз бенен мәсләҳәтлесип ертеңги күнимиз ушын жедел түрде жобалар дүзип алмасақ ертең кеш болады, – деди Президент.
Экономика тармақларын раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, жумыс орынларын шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Әндижан ўәлаятында 40 мыңнан аслам мүтәж шаңарақтың бар екенлиги, санаат жойбарлары, аўыл хожалығы ҳәм қыйтақ жерлерден пайдаланыў, шаңарақлық исбилерменлик, өнерментшилик, өзин-өзи бәнт етиў есабынан оларға дәрамат дәрегин жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
– Бас министрдиң орынбасарлары, ҳәкимлер ҳәм сектор басшылары ҳәр бир кәмбағал шаңарақтың машқалаларын анық билиўи, олар менен мәнзилли ислесиўи керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Енди ҳәр бир секторда «Кәмбағаллықты қысқартыў штабы»н шөлкемлестириў белгиленди. Бул штабларға экономика, қаржы, мийнет, инвестиция, салық уйымлары ҳәм банк ўәкиллери бириктириледи. Олардың мийнет ҳақысы ерисилген нәтийжелерге бола бериледи. Салық уйымлары тексериўши емес, ал исбилерменге жәрдемши болады.
– Статистикалық санлар менен усы ўақытқа шекем дурыс бағдарлап болмады, халқымыз пайда көрмеди. Усыныслар районлардан, адамлардың өзинен шығыўы керек. Министрлер, басшылар кабинетте емес, аймақларда, узақ аўылларда жумыс ислеўи зәрүр. Усындай аўыр шараятта пидайы болмаған басшы – қыянетши. Усы халық ушын мийнет ҳақы алып жүрипсиз. Мәмлекетлик уйымның ўәкили халыққа қаншелли жақын болса, орынларда соншелли нәтийже болады, әдилликтиң өлшеми тәмийинленеди, – деп атап өтти Президент.
Мәжилисте ўәлаятта жаңадан кәрханалар шөлкемлестириў ҳәм жумыс орынларын көбейтиў илажлары ҳәр тәреплеме додаланды.
Быйылғы жылы 789 жойбар бойынша 7 триллион сум инвестиция өзлестирилип, 42 мың жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Тоқымашылық бағдарында улыўма баҳасы 106 миллион доллар болған 13 жойбар әмелге асырылып, ийирилген жипти қайта ислеў дәрежеси 78 процентке жеткериледи, 278 миллион доллар муғдарында экспорт тәмийинленеди.
Қурылыс материаллары тармағында 2020-2021-жылларда 74 жойбардың нәтийжесинде 106 миллион доллар муғдарында импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылады.
Шаңарақлық исбилерменликке 353 миллиард сум кредит, Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан 20 миллион доллар ажыратылыўы белгиленди.
Бос турған имаратлардан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығын раўажландырыў, халықты салықтан азат етилген 60 дан аслам түрдеги кәсипке оқытыў бойынша тапсырмалар берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев мәжилисте Әндижан ўәлаяты халқының турмыс шараятын жақсылаў, инфраструктураны раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
Быйылғы жылы ўәлаятта 6 мың 196 – өткен жылға салыстырғанда 2 есе көп турақ жай қурылмақта. Соның ишинде, «Қишлок қурилиш инвест» 5 қабатлы 45, «Ўзшаҳар қурилиш инвест» Әндижан қаласында 16 қабатлы 4 арзан турақ жайлар қурмақта.
Мәмлекетимиз басшысы турақ жайға мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизип, Әндижан ўәлаятында 819 шаңараққа субсидия ажыратыў зәрүрлигин атап өтти.
Быйылғы жылы урбанизация талаплары ҳәм инфраструктураның бар екенлигин есапқа алған ҳалда, ҳәр бир районда екеўден заманагөй аўыл қурыў жойбары Әндижаннан басланады. «Заманагөй аўыл» – көп қабатлы турақ жайлар қурылатуғын, инфраструктура объектлери бар, халық ушын барлық шараят жаратылған дәргайлар болады. «Заманагөй аўыл» жойбары бойынша қурылған турақ жайлар басқа да бағдарламалар шеңберинде қурылған турақ жайлардан бираз арзан екенлиги менен ажыралып турады.
Быйыл 642 километр автомобиль жолы, 85 километр ишимлик суўы тармағының қурылысы ҳәм оңланыўы белгиленди.
Билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, оқыўшыларды қызыққан кәсибине 7-класстан бағдарлаў бойынша көрсетпелер берилди. Бул келешекте олардың бәнтлигин тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.
– Мени ең көп ойлантыратуғын мәселе, бул жаслар ҳәм ҳаял-қызлар болып есапланады. Оларға итибар, жәрдем керек. Билими, қолында кәсип өнери болса, турмыста өз орнын таўып кетеди, дүньяға көзқарасы да басқаша болады. Ата-анасы, шаңарағы да мәмлекеттен разы болады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаяттағы мийнет базарының талабын, аймақтағы исбилерменлик ҳәм қурылыс инфраструктурасы тараўлары жедел пәтлерде өсип атырғанын есапқа алып, Әндижан экономика ҳәм қурылыс институтын шөлкемлестириў ҳәм быйылғы жылдан қабыллаўды әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Буннан тысқары, Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң филиалы негизинде Әндижан аўыл хожалығы институтын шөлкемлестирип, ўәлаятта аграр тараў ушын бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди.
Туризм тараўы коронавирус себепли тоқтап қалған болса-да, халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматын арттырыўда әҳмийетли бағдарлардан бири есапланады. Мәжилисте ўәлаятта ишки туризм бағдарламасын ислеп шығып, оның шеңберинде басқа да аймақлардан ишки туристлерди шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Ханабад қаласын Ферғана ойпатының туризм орайына айландырыў усыныс етилди. Усы қалада жер асты минерал суў булақларының бар екенлигин есапқа алып, 10 гектар жер ажыратқан ҳалда, минерал суў брендин жаратыў ҳәм саламатландырыў санаториясының шөлкемлестирилиўи белгиленди.
Мәденият ҳәм мәлимлеме технолгияларын раўажландырыў, жынаятшылықтың алдын алыў мәселелерине де тоқтап өтилди.
Мәжилисте Бас министрдиң орынбасарлары, тармақ басшылары есабат берди. Видеобайланыс арқалы район ҳәкимлери ҳәм белсендилериниң пикирлери тыңланды.
Президент Шавкат Мирзиёев сол күни Хожаабад районындағы көп қабатлы турақ жайлардың қурылысын барып көрди.
Әндижан ўәлаятының халқы мәмлекетимиз халқы санының 10 процентин, аймағы болса тек ғана 1 процентин қурайды. Сол себепли, қалаға жақын жердеги жайлаўлы жерлерде көп қабатлы турақ жайлар қурыў арқалы халықтың барған сайын өсип атырған талабын қанаатландырыў илажлары көрилмекте.
Хожаабад районының Иттифоқ массивинде 35 турақ жай қурылмақта. Оларды Әндижан қаласы, Әндижан, Хожаабад, Булақбасы ҳәм Жалақудық районларындағы турақ жайға мүтәж шаңарақларға бериў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, бул жерде мектеп, тигиўшилик цехы, спорт комплекси қурылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы қурылыс жумысларындағы кемшиликлерди көрсетип өтти. Бундай жерлерде турақ жайлар қурыў мәмлекетимизде жаңа тәжирийбе екенин, оларды халықаралық стандартлар тийкарында жетилискен, сапалы қурыў зәрүр екенлигин атап өтти. Жойбарды жетилистириў, халыққа қолайлы транспорт жөнелислерин шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди.
Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Әндижан ўәлаятына сапары жуўмақланды.
Матназар ЭЛМУРОДОВ,
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Фахриддин УБАЙДУЛЛАЕВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршылары