Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт еллер ҳәм ҳүкиметлер, абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшыларынан қутлықлаў хатлары келмекте. Оларда Президентимизге денсаўлық ҳәм табыслар, Өзбекстан халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тилеп, жақсы тилеклер билдирилген.
Атап айтқанда, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:
Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев
Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев
Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов
Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон
Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков
Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиев
Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған
Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Ашраф Ғани
Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти шайх Халифа бин Зоид Ол Наҳаён
Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай Әмирлигиниң ҳәкими шайх Муҳаммед бин Рошид Ол Мактум
Бирлескен Араб Әмирликлери Қураллы күшлери Жоқары бас сәркардасының орынбасары, Абу-Даби Әмирлигиниң мийрасхоры – шайх Муҳаммед бин Зоид Ол Наҳаён
Кувейт Әмири Сабоҳ ал-Аҳмад ал-Жобир ас-Сабоҳ
Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саид
Иордания Патшасы Абдулла II
Яман Республикасы Президенти Мансур Ҳодий
Палестина Президенти Маҳмуд Аббос
Түрк тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң Бас хаткери Бағдат Амреев.
Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.
ӨзА