18.JPG

Өзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 25 жыллығы мүнәсибети менен 7-декабрь күни пайтахтымыздағы «Өзбекистан» халықаралық әнжуманлар сарайында салтанатлы илаж болып өтти. Онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм спорт салаларының белсендилери, кең жәмийетшилик, шет мәмлекетлердиң елшиханалары менен халықаралық шөлкемлердиң ўәкилханалары ўәкиллери қатнасты.

Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик гимни жаңлады.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев баянат жасады.

Буюк ўзгаришларнинг ҳуқуқий асоси

Буннан жигирма бес жыл бурын улыўма халықлық додалаўдан соң ҳәр тәреплеме ҳәм терең ойланған, демократиялық жол арқалы қабыл етилген Конституциямыз жаңа жәмийеттиң ҳуқықый кепилликлерин қәлиплестирди ҳәм беккемледи.

Президентимиздиң баянатында атап өтилгениндей, Тийкарғы нызамымыз халқымыздың сиясий-ҳуқықый ақыл-ойының жоқары үлгиси болып табылады. Ол ҳеш кимге бойсынбай, еркин ҳәм азат, тыныш ҳәм татыў, абадан турмыста жасаўымыздың нызамлы кепиллиги болып келмекте.

Елимизде әмелге асырылып атырған избе-из реформалар, жүз берип атырған уллы өзгерислер халқымыздың турмыс тәризинде түпкиликли бурылыс жасады. Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылында «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен уллы», деген үлкен идея үстинликке ийе болып, мәмлекетлик ҳәкимият басқарыўында пүткиллей жаңа система-Өзбекистан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы, Халық қабыллаўханалары шөлкемлестирилди, халықтың ең әҳмийетли машқалаларын шешиўдиң нәтийжели системасы жаратылды.

Президентимиздиң басламасы менен 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы жәмийетимиз турмысының барлық салаларындағы реформаларды ҳәрекетке келтириўши күшке айланды

Жыл даўамында елимизде әмелге асырылған жумыслар «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек», деген сүрен тийкарында исленди. Бул болса ўатанласларымыздың кеўлин толып-тастырып, бәршемизди Ўатан тәғдирине қатнаслылық сезими менен жасаўға, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында бар күш-ғайратымызды жумсаўға руўхландырды.

Салатанатлы мәресим бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған избе-из реформалар, турмысымызда жүз берип атырған әҳмийетли өзгерислер сәўлеленген үлкен концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

 ӨзА