Бәршемизге мәлим, мәмлекетимиздиӊ социаллық раӯажландырыӯ тараӯында билимлендириӯ ең алдағы ӯазыйпа деп тән алынады. Дүнья жәмийетшилигинде интеграция процесслериниң кем-кемнен жаңаша әҳмийетке ийе болып киятырған бир дәӯирде ҳәр бир елдиӊ раӯажланыӯы тиккелей билимлендириӯ процесслери менен тығыз байланыслы.

Барған сайын глобалласыӯ дәӯиринде пайда болып атырған социал-экономикалық машқалаларды өз ӯақтында ҳәм нәтийжели шешиӯ мәселелери, соңғы ӯақытларда билимлендириӯ тараӯында жүз берип атырған өзгерислер ҳәм инновациялық процесслер билимлендириӯ тараӯын раӯажланған сырт ел мәмлекетлери тәжирийбелерин үйренген ҳалда, заманагөй талапларға сай түрде жетилистириӯ зәрүрлигин талап етпекте.

Усы жылдың 19-май сәнесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық Палатасында қабыл етилген “Билимлендириӯ ҳакқында”ғы Нызамның жаңа редакциясы болса билимлендириӯ тараӯын жетилистириӯдеги тийкарғы ҳүжжет болады. Бул Нызам жойбарының дәслепки варианты Министрлер Кабинетиниң жанындағы Билимлендириӯ сапасын қалдағалаӯ мәмлекетлик инспекцияси, Жоқары ҳәм орта арнаӯлы билимлендириӯ министрлиги, Халық билимлендириӯ министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириӯ министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәмде Кәсиплик билимлендириӯ орайының қәнигелеринен ибарат исши топар тәрепинен Россия, Корея, Япония, АҚШ, Германия, Италия, Англия, Франция, Голландия, Швеция, Норвегия, Беларусь, ҒМДА ҳәм басқа  сырт мәмлекетлердиң билимлендириӯ тараӯындағы нызамшылық тәжирийбелерин үйренген ҳалда қәлиплестирилди.

Бес бап ҳәм отыз төрт статьядан ибарат ҳәрекеттеги “Билимлендириӯ ҳаққында”ғы Нызам 1997-жылы қабыл етилген болып, ол өз ӯазыйпасын жигирма үш жыл даӯамында атқарды.

Президентимиздиң 2017-жыл 7-февральдағы “Өзбекстан Республикасын және де раӯажландырыӯ бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында”ғы Пәрманында социаллық тараӯ, яғный, билимлендириӯ ҳәм илим-пән тараӯларын беккемлеӯ жолында бир қатар ӯазыйпалар белгилеп берилгенлиги ҳәм заман талапларынан келип шығып билимлендириӯдиң барлық түрлеринде болып атырған жедел реформалар нәтийжесинде “Билимлендириӯ ҳаққында”ғы Нызамның жаңа редакциядағы жойбары ислеп шығылды ҳәм жүдә көп билимлендириӯ мекемелеринде жетекши қәнигелер, педагог-оқытыӯшылар, илимпазлар менен талқыланды. Олий Мажлис Нызамшылық палатасы фракцияларында жүдә қызғын додалаўға алынып, жүдә көп пикир ҳәм усыныслар берилди. Нәтийжеде Нызам жойбары ҳәр тәреплеме қәлиплести ҳәм Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасының жалпы мәжилисинде қабыл етилди.

Он еки бап ҳәм жетпис бес статьядан ибарат “Билимлендириӯ ҳакқында”ғы Нызам жаңа редакциясында өз көринисин тапқан тийкарғы жаңалықлар ҳәм қосымшаларды, олардың мазмун-мәнисин кеңирек жарытып бермекшимиз.

Нызамда дуал, аралық, үлкен жастағыларды оқытыӯ ҳәм оларға билим бериӯ, инклюзив, экстернат тәртипте билим алыӯ билимлендириӯ формалары жаңадан киритилмекте. Бул билимлендириӯ формаларының түсиниклерин келтирип өтемиз.

Дуал билимлендириӯ – билим алыӯшылар тәрепинен зәрүр билим, тәжирийбе ҳәм көнликпеларин асырыӯға қаратылған болып, теориялық бөлими билимлендириӯ мекемесинде, әмелий бөлими болса билим алыӯшының жумыс орнында әмелге асырылады.

Аралықтан оқытыӯ –  оқыӯ режелери ҳәм дәстүрлерине муӯапық билим алыӯшылар тәрепинен зәрүр билимлер, тәжирийбе ҳәм көнликпелерин мәлимлеме-коммуникация технологияларынан ҳәмде Интернет дүнья мәлимлеме тармағынан пайдаланған ҳалда аралықтан турып билим алыӯға қаратылған.

Үлкен жастағыларды оқытыӯ ҳәм оларға билим бериӯ – пүткил өмир даӯамында оқытыӯдың орайлық бөлими бөлып, билим бериӯ ҳәмде оқытыӯдың жәмийетлик турмыста ҳәм жумыс барысында бәрше үлкен жастағылардың қатнасыӯын тәмийинлеӯге қаратылған барлық формаларын өз ишине алады, сондай-ақ, рәсмий, рәсмий емес ҳәм информал оқытыӯ процесслериниң пүткил комплексин қамтып алады.

Инклюзив билимлендириӯ – барлық балаларға, сондай-ақ, билим алыӯ ӯақтында өзине бола ҳәр қандай түрдеги кемситиӯди бийкарлаӯшы жеңил дәрежеде руӯҳый ҳәм физикалық имканиятлары шекленген балаларға қарата тең ҳуқықлы мүнәсибетте болыӯға қаратылған.

Экстернат тәртибинде билим бериӯ – оқыӯ дәстүрлерин еркин түрде өзлестириӯди өз ишине алып, оның жуӯмақлары бойынша билим алыӯшылардың билимлендириӯ тараӯындағы ӯәкилликли мәмлекетлик басқарыӯ уйымлары тәрепинен белгиленген тәртипте мәмлекетлик билимлендириӯ мекемелеринде жуӯмақлаӯшы ҳәм мәмлекетлик аттестацияларынан өтиӯ талап етиледи.

Жаңада киргизилип атырған бул билимлендириӯ формалары шет ел мәмлекетлериниң билимлендириӯ системаларында нәтийжели пайдаланылып, жедел жетилистирилмекте.

Нызамда жәмийетте педагог хызметкерлериниң социаллық қорғалыӯы ҳәм оқытыӯшы статусы мәселесине жүдә үлкен итибар қаратылып, “Педагоглардың ҳәм билимлендириӯ мекемелери басқа хызметкерлердиң ҳуқықый статусы” деп аталыӯшы өз алдына бап ажыратылған. Бул баптың 45-статьясында болса, педагоглардың ҳуқықлары, абырайы ҳәм қәдир-қымбаты нызам менен қорғалыӯы айтылып, педагог хызметкерлердиң ҳуқықлары келтирилген.

М.Ибрагимов,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының

Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт

мәселелери комитетиниң ағзасы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги