Президент Шавкат Мирзиёев 2 минг 700 нафар судланганларни афв этиш тўғрисидаги фармонни имзолади

 Өзбекистан Республикасы Конституциясының 25 жыллығын белгилеў қарсаңында Президентимиз тәрепинен 2 мың 700 судланыўшыны кешириў ҳаққындағы Пәрманға қол қойылды.

Елимизде әмелге асырылып атырған барлық реформалардың тийкары Өзбекистан Республикасы Конституциясында беккемлеп қойылған инсаныйлық, инсанның өмири, еркинлиги, абыройы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да ҳуқықлардың жоқары қәдрияты сыпатында тән алыныўы сыяқлы улыўма инсаныйлық принциплерди әмелге асырыўдан ибарат болып табылады.

Нызамға әмел етпеген, бирақ өз қылмасының нызамға қайшы екенин түсинип жеткен ҳәм дүзелиў жолына қатаң өткен шахсларға өз шаңарағына ҳәм жәмийетке қайтыўы, социаллық бейимлесиў имканиятының берилиўи өзбек халқының кеширимлилик, рейимлилик ҳәм кеңпейиллик сыяқлы әзелий қәдриятларының әмелдеги айқын көриниси болып табылады.

Усы ўақытқа шекем ҳәр жылы амнистия ҳаққында ҳүжжетлер қабыл етилген. Амтистия еркинликке шығарылатуғын шахслардың анық топарын белгилемейтуғынын атап өтиў орынлы. Амтистия ҳаққындағы актте тек ғана жынаят түрлери нәзерде тутылып, еркинликке шығарылатуғын шахслар амнистия ҳаққындағы ҳүжжеттиң орынланыўын тәмийинлеў процесинде анықланады.

Амнистия актинен өзгеше түрде кеширим бериў мәселесин шешиўден алдын ҳәр бир судланған пуқараның шахсы, олар тәрепинен исленген қылмыстың социаллық қәўиплилик дәрежеси, жынаят ислеў жағдайлары менен ақыбетлери, келтирилген зыянның қапланғанлығы, сондай-ақ, жәбирленген тәрептиң ҳәм жәмийетшиликтиң мүнәсибети ҳәр тәреплеме пуқта үйренип шығылады.

Усы мақсетте 2017-жыл 29-сентябрьде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен «Өзбекистан Республикасы Конститутциясы қабыл етилгениниң жигирма бес жыллығы мүнәсибети менен жазаны өтеў мәкемелеринде жазаны өтеп атырған судланған пуқараларды кешириў ҳаққында материалларды таярлаў илажлары  ҳаққында»ғы бийлиги қабыл етилди.

Усы бийликке муўапық ҳуқық қорғаў уйымлары, судлар, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллеринен ибарат жумысшы топарлар Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Кеширим бериў мәселелери бойынша комиссия менен биргеликте орынларға барып, ҳәр бир судланған шахс пенен жеке тәртипте сәўбетлесиўлер өткериў арқалы олардың шахсын үйренип шықты.

Үйрениў процесинде судланған шахс тәрепинен исленген жынаяттың социаллық қәўиплилик дәрежесине, оның өз қылмысынан шын кеўилден пушайман екенине, жынаят нәтийжесинде келтирилген зыянның қапланғанына, жасына, денсаўлығына, шаңарақлық жағдайына ҳәм жазаны жеңиллестириўши басқа да жағлдайларға айрықша итибар қаратылды. Соның менен бирге, жәбирленгенлердиң ҳәм жәмийетшиликтиң, соның ишинде, судланған шахс жасаған мәҳәлле ўәкиллериниң пикирлери де ҳәр тәреплеме үйренилди.

Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде Өзбекистан Ресубликасы Президенти тәрепинен елимиздиң тарийхында дәслепки мәрте 2 700 судланған шахсты, соның ишинде, жазаны өтеў коллонияларынан 956  ҳәр қыйлы шараятлар себепли жынаят ислеген, қылмысынан шын кеўилден пушайман болған, дүзелиў жолына қатаң өткен, жасайтуғын жеринде ҳәм  жазаны өтеў мәкемесинде унамлы минезлеме берилген шахсларды кешириў ҳаққында Пәрман қабыл етилди.

Усы Пәрман менен кеширим берилетуғын судланған шахсларға тез күнлерде өз шаңарағына ҳәм жәмийетке қайтып буннан былай елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың белсене қатнасыўшысы болыў имканияты жаратылды.

Бул Пәрманның қабыл етилгени Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басламасы менен мәмлекеттиң ҳәм жәмийеттиң барлық салаларында әмелге асырылып атырған демократиялық өзгерислер инсаныйлық принципине тийкарланғанын көрсететуғын және бир айқын дәлил болып табылады.

ӨзА