Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының мағлыўматларына қарағанда, бажыхана төлемлеринен қашыў мақсетинде товар-материаллық байлықларды жасырын түрде елимизге алып кирмекши болған фактлер анықланбақта.

Атап айтқанда, «Даўыт ата» шегара бажыхана постында қоңсы Қазақстан Республикасы арқалы Россия Федерациясынан келген «MAN» маркалы жүк автотранспорт қуралы посттағы инспекциялық тексериў комплексинен өткерилгенинде, оның жүкханасындағы товарлар жүк ҳүжжетлеринде көрсетилгенлерге сәйкес емес екенлиги бажыхана хызметкерлеринде гүман пайда етип, оған бажыхана тексериўи тайынланады.

Тексериў нәтийжесинде, бул авторанспорттың жүкханасында жүкти бақлаў ҳүжжетлеринде көрсетилмеген, баҳасы 76 миллион 500 мың сумлық 3 түрдеги 11 дана «КАМАЗ» маркалы автотранспорт қуралының алдын пайдаланылған аўысық бөлеклери бар екенлиги анықланды.

Ҳәзирги ўақытта анықланған бул факт бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги