Усы жылдың 6-20-май күнлери аралығында Францияның Париж қаласында «Art Line» халықаралық федерациясы тәрепинен балалар, жас өспиримлер ҳәм ересеклер арасында «PRO ART» Халықаралық көп жанрлық дөретиўшилик таңлаў-фестивалы онлайн форматта болып өтти.
«Франция жулдызлары» халықаралық жойбары шеңберинде өткерилген таңлаў-фестивальға Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының музыкалық тәлим бағдарының студенти, жас жыраў Давронбек Ендирбаев та қатнасты.
– Бул халықаралық таңлаў-фестивальға бир неше мәрте қатнасқанман. Бирақ, алдынғы қатнасқанларымда жеңимпаз болыў несип етпеген еди. Быйылғы таңлаўға устазым Ықлас аға Моянов пенен пуқта таярлық көрдик. Фестиваль шөлкемлестириўшилерине «Алпамыс» дәстанынан үзинди атқарып, видеоға түсирип, Интернет арқалы жибердим, – дейди жас талант ийеси.
Қуўанышлысы, халықаралық таңлаў-фестивальда «Фольклорлық вокал. Соло» номинациясы бойынша Давронбек Ендирбаевтың атқарыўшылығы жоқары баҳаланып, 1-орынға ылайық, деп табылды ҳәм диплом менен сыйлықланды.
Шөлкемлестириўшилер тәрепинен оның устазы Ықлас Мояновқа миннетдаршылық хаты жиберилди.
Мағлыўмат ушын, Д.Ендирбаев өткен жылы Қазақстан Республикасының Алматы қаласында болып өткен Халықаралық көп жанрлық IV «Gloria» таңлаў-фестивалында фольклор жыраў, соло жөнелиси бойынша 1-орынды ийелеген еди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.