USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ: ЭПИДЕМИОЛОГИЯЛЫҚ ЖАҒДАЙДЫҢ ЖЫЛАЎЫН БЕККЕМ УСЛАҒАН ҲАЛДА КАРАНТИН ТАЛАПЛАРЫН ЖУМСАРТЫЎДЫ ДАЎАМ ЕТЕМИЗ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 13-май күни елимизде карантин талапларын сергекликти күшейткен ҳалда буннан былай да жумсартыў, экономика тармақларын басқышпа-басқыш ислетиў, халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилис басында дүньяда пандемия еле даўам етип атырғанын, бирақ бир қатар мәмлекетлер карантин шеклеўлерин басқышпа-басқыш жумсарта баслағанын атап өтти.

– Дүнья жәмийетшилиги коронавирусқа қарсы вакцина ҳәм емлейтуғын дәри қуралының еле табылмағаны себепли бул инфекция болған шараятта жасаўға ҳәм ислеўге үйрениў зәрүрлиги ҳаққында соңғы шешимге келмекте. Бизлер де эпидемиологиялық жағдайдың жылаўын беккем услаған ҳалда, карантин талапларын жумсартыўды баслағанбыз ҳәм оны басқышпа-басқыш даўам етемиз.

Оны, бәринен бурын, экономикалық жеделликти тиклеў арқалы, халықтың ислеўин ҳәм дәрамат алыўын тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырмақтамыз.

Бул бойынша өзимиздеги ҳақыйқый жағдай ҳәм халықаралық тәжирийбени кеңнен үйренип атырмыз. Дәслепки таллаўлар соны көрсетпекте, қай жерде ҳәкимлер барлық жуўапкершиликти өзине алып, терең ойлап, адамлар менен кеңесип, жумыс ислеп атырған болса, сол жерде жақсы нәтийже бермекте.

Бирақ айырым орынларда берилген еркинликти надурыс түсинип, халық, әсиресе, жаслар ҳеш қандай зәрүрликсиз көшелерди толтырып жүргени бақланбақта. Бундай жағдайлар және соңғы күнлерде инфекция жуқтырғанлар санының және өсип атырғаны ҳәммемизди сергек болыўға шақырмақта.

Улыўма, коронавирус қәўпи жоғалғанынан кейин де халқымыз карантин ўақтындағы айырым қағыйдаларды өзиниң әдеттеги турмыс тәризине айландырыўы керек. Атап айтқанда, жеке гигиенаға қатаң әмел етиў, қолды тез-тезден сабынлап жуўыў, дезинфекциялаў, ҳәр қыйлы той-мәресимлерди оғада шекленген қурамда өткериў, жуқпалы кесел болса нықап тағыў әдеттеги қағыйдаға айланыўы зәрүр.

Бир ҳақыйқатты биримиз анық түсинип алыўымыз шәрт: пандемия шараятында биз енгизилген жаңа системаның қаншелли нәтийжели ислеўи тек ғана өзимизге байланыслы, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте пандемияға қарсы гүресиў және карантин шараятында халық пенен кәрханаларды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылған жумысларға да тоқтап өтилди.

Бул мақсетлерге Кризиске қарсы гүресиў қорынан 3 триллион сум қаратылды. Сондай-ақ, экономикалық жеделликти тәмийинлеў ушын улыўма баҳасы 1 триллион сумнан аслам болған жаңа инвестициялық жойбарлар баслап жиберилди.

Буннан тысқары, 87 мың исбилерменлик субъектиниң жәми 18 триллион сум, дерлик 2 миллион пуқарамыздың 5 триллион сумнан зыят банк кредитлерин қайтарыў мүддети создырылды.

Өткен айдың өзинде 250 мың исбилермен ҳәм кәрхана, 83 мың фермер хожалығының жәми 400 миллиард сумлық салық ҳәм басқа да төлемлерин төлеў мүддети кешиктирилди. Мәмлекет мүлкинен пайдаланып атырған 11 мыңнан аслам исбилермен ижара төлеминен азат болды.

Сергеклик илажлары тәмийинленген ҳалда, карантин дәўиринде ислемеген 14 мың санаат кәрханасынан  ҳәзирги күнде 10 мыңы өз жумысын қайтадан баслады. Олардың 178 мың хызметкери өз жумыс орнына қайтты.

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине ўәлаят ҳәкимликлери менен биргеликте ҳәзирги күнде ислемей турған 4 мың санаат кәрханасының машқалаларын бирме-бир үйренип, олардың жумысын май айының ақырына шекем жолға қойыў бойынша тапсырма берилди.

Президентимиз пандемия шараятында бурын берилген жеңилликлерге қосымша түрде исбилерменлер ҳәм халықты қоллап-қуўатлаў даўам еттирилетуғынын атап өтти.

Бириншиден, киши бизнес ҳәм фермер хожалықларына социаллық салық ставкасы май-июль айларында 12 проценттен 1 процентке түсириледи. Соның нәтийжесинде 260 мыңнан аслам кәрхана ҳәм фермер хожалықлары жәми 650 миллиард сум қаржыларды үнемлеген ҳалда, оларды инвестиция ҳәм айланыстағы қаржы сыпатында жумсаў имканиятына ийе болады.

Екиншиден, киши бизнес ўәкиллери, жеке тәртиптеги исбилерменлер келеси үш ай даўамында жер ҳәм мүлк салығынан азат етиледи. Оның есабынан 50 мыңнан аслам исбилермен 300 миллиард сумды үнемлейди ҳәм олардың айланыстағы қаржысы көбейеди. Сондай-ақ, бурынғы қарарға тийкарланып, апрель-май айларында 1 мыңнан аслам исбилерменниң жер ҳәм мүлк салықлары ҳәм пенялары бойынша кешиктирилген 80 миллиард сум төлемлери кешип жибериледи.

Үшиншиден, исбилерменлерге бажыхана төлемлерин 120 күнге шекем кешиктирип төлеўге руқсат бериледи. Бул оларға жәми 540 миллиард сумды үнемлеў және бул қаржыларды өз бизнесин раўажландырыўға бағдарлаў имканиятын береди.

Төртиншиден, жәрдемге мүтәж шаңарақларды және де қоллап-қуўатлаў мақсетинде напақа алатуғын шаңарақлардың саны қосымша 70 мыңға ямаса 10 процентке көбейтилип, бюджеттен және  200 миллиард сум ажыратылады.

Бесиншиден, бурын ставкасы 22 процентке шекем болған инвестициялық кредитлер бойынша процентлердиң айырым бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап берилген болса, енди ставкасы 26 процентке шекемги кредитлердиң процентлери де шамалы қаплап бериледи.

Сондай-ақ, исбилерменлерге айланыс қаржыларын толтырыў ушын 500 миллиард сумға шекем (бурын 10 миллиард сумға шекем) берилген кредитлер бойынша компенсация муғдары 5 проценттен 10 процентке арттырылады.

Алтыншыдан, Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларында енгизилген халыққа жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм оңлаў ушын кредит бериў тәжирийбеси Ташкент қаласында да қолланылады. Сол арқалы пайтахтта дерлик 10 мың мәўсимлик жумыс орынлары жаратылады.

Жетиншиден, жергиликли кәрханалардың өнимине ишки талапты арттырыў ҳәм сол арқалы оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекетлик шөлкемлерге III-IV шеректеги сатып алыўларын II шеректе әмелге асырыў ҳуқықы бериледи.

Улыўма, экономиканы ҳәм пуқараларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў ушын бюджеттен қосымша 2 триллион сумнан артық қаржы жибериледи.

Мәжилисте елимиздеги эпидемиологиялық жағдай және аймақлар басшыларының усынысларынан келип шығып карантин талапларын буннан былай да жумсартыў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, «жасыл» ҳәм «сары» аймақларда санитариялық-гигиеналық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда хызмет көрсетиў түрлерине басқышпа-басқыш руқсат бериў мүмкин екенлиги белгиленди.

Республикалық комиссияға пандемия қайтадан күшейген жағдайда министрликлер ҳәм уйымлардың орынлаўы зәрүр болған дәслепки ўазыйпалар белгиленген тәртипти тастыйықлаў тапсырмасы берилди.

Алыс аймақлардың пайтахтымыз бенен транспорт байланысын тиклеў оғада әҳмийетли мәселе болып тур. Сонлықтан Ташкент қаласынан Нөкис, Үргенш, Термиз қалаларына авиақатнаўларды тиклеў, Самарқанд, Наўайы, Бухара, Қаршы қалаларына «Афросиёб» тез жүрер поезды және Ферғана ойпатлығына поезд қатнаўын қайтадан жолға қойыў режелестирилмекте. Сондай-ақ, қалалар ишинде жеке  меншик автомобильлердиң ҳәрекети бойынша шеклеўлерди бийкар етиў мәселеси үйренилмекте. Транспорт, Ишки ислер ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрликлерине булар бойынша Республикалық комиссияға усыныс киргизиў ўазыйпасы қойылды.

Ҳәммемизге белгили, кеселликтиң жуғыў қәўпинен келип шығып, төлемлер нақ емес түрге өткерилген еди. Халықтың, әсиресе, пенсионерлердиң мүрәжатларын есапқа алып, мийнет ҳақы, напақа ҳәм пенсиялар, карантин қағыйдаларына толық әмел еткен ҳалда, нақ пулда тарқатылыўы белгиленди.

Ташкент қаласы районларында мүнәсип жумыс орынларын шөлкемлестириў, турақ жайлар қурылысын кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Видеоселектор мәжилисинде карантин илажларын жумсартыў, экономика кәрханаларын қайта тиклеў бағдарындағы жумыслар Самарқанд ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары мысалында көрип шығылды.

Бул еки ўәлаятта мәмлекетимиз халқының дерлик 20 проценти жасайды, санаат өнимлериниң 11 проценти ислеп шығарылады.

Кейинги еки ҳәптеде карантин талапларының жумсартылыўы нәтийжесинде Қашқадәрья ўәлаятында 90 процент, Самарқанд ўәлаятында 60 процент кәрханалар өз жумысын тикледи. Бирақ халықты дәрамат пенен тәмийинлеў ушын бул жетерли емес. Кәмбағал шаңарақлардың саны Қашқадәрьяда 91 мың, Самарқандта болса 48 мыңды қурайды. Бул ўәлаятлардың ҳәр биринде жүз мыңнан аслам жумыссызлар бар.

Мәмлекетимиз басшысы қыйыншылыққа дус келип атырған шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў аймақ басшыларының ең тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек екенлигин атап өтти.

Қашқадәрья ўәлаятында санаат өндирис көлеминиң 75 проценти республикаға бойсынатуғын кәрханаларға туўра келеди. Касби, Қамаши, Миришкор, Нишон ҳәм Чироқчи районларында санаат дерлик жоқ.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине ўәлаят ҳәкимлиги менен биргеликте бул районларда санаатты раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Ўәлаятта жетистирилетуғын пахта талшығының дерлик 42 проценти қайта ислениўи атап өтилип, жаңа тигиў-трикотаж кәрханаларын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, күкирт, марганец, ферро-силиций, гипс, доломит ҳәм басқа да шийки зат резервлеринен талап жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша көрсетпелер берилди.

Бүгинги күнде Самарқанд қаласының халқы 600 мыңнан асты. Ҳәзирги турақ жай потенциалы ҳәм инфраструктурасы талапты қанаатландыра алмайды. Сол себепли қаланы Пастдарғом, Нуробод, Самарқанд районларының тәрепин кеңейтиў, жаңа киши районлар, «жолдас қалалар»ды қурыў режелестирилмекте. Бул бағдар ўәлаят ушын және бир өсиў бағдары болады, мыңлаған жумыс орынлары жаратылады.

Самарқанд ўәлаятында 120 руда емес кәнлер болып, олардан 33 си санаат жолы менен өзлестириўге тартылмаған. Мысал ушын, 5,1 миллион куб метр керамзит ҳәм пардозлаўшы таслар, 200 мың тонна ферро-силицийди санаат усылында қайта ислеў имканияты бар.

Жуўапкерлерге кәнлердиң инженерлик инфраструктура  тәмийнатын үйренип, заманагөй қурылыс материалларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Санааты артта болған районларды раўажландырыў, «Ургут» еркин экономикалық зонасының Нурабад районындағы бөлимин кеңейтиў бойынша усыныслар билдирилди.

Ўәлаяттағы тоқымашылық кәрханалары 37 мың тонна ийирилген жип ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Бирақ ҳәзирги ўақытта олардың дерлик 48 процентинен пайдаланылмақта. Сонлықтан, тоқымашылық санааты қуўатлылықларының жумыс ислеў дәрежесин арттырыў, ўәлаяттағы 2 пахта-тоқымашылық кластеринде жоқары қосымша қунлы таяр өнимлер ислеп шығарыў бойынша көрсетпелер берилди.

Өткен мәжилистеги тапсырмаға муўапық, Самарқанд ўәлаятында өнерментшиликтиң белгили бағдарларына қәнигелескен 217 ески аўыл тарийхы, жергиликли халықтың әзелден қәлиплескен көнликпелери ҳәм «өсиў бағдарлары» үйренилди. Бул тәжирийбени басқа аймақларда да баслап, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Каттақўрғон ҳәм Нурабад районларындағы 1 мың 200 гектар суўғарылмайтуғын ҳәм жайлаў жерлерди Каттақўрғон қаласының халқына пайдаланыўға берип, 5 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы ҳүкимет қурамындағы өзгерислердиң мазмун-мәнисине де тоқтап өтти.

«Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң жумысын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» Президент қарары қабыл етилди. Усы ҳүжжет пенен Бас министрге жаңа ўазыйпалар жүкленди, оның орынбасарлары арасында да ўазыйпалар қайта бөлистирилди.

Социаллық тараўдың әҳмийети артып атырғаны себепли Бас министрдиң социаллық раўажланыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымы енгизилди. Бул лаўазымға усы күнге шекем Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы ўазыйпасында ислеп келген Бекзод Мусаев тайынланды.

Мәмлекетлик салық комитетиниң басшылығына Президенттиң мәмлекетлик хызмет ҳәм ҳәкимияттың ўәкилликли уйымлары менен бирге ислесиў мәселелери бойынша кеңесгөйи Шерзод Кудбиев тайынланғаны мәлим етилди.

Мәжилисте Самарқанд ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлери, басқа да аймақ ҳәм тармақлардың басшылары белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын шөлкемлестириў бойынша есабат берди.

 

ӨзА