Мәмлекетимизде Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген Жеңистиң 75 жыллығы кеңнен белгиленбекте.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы данқлы сәне мүнәсибети менен 9-май күни пайтахтымызда өткерилген байрам илажларында қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы Алмазар районында қурылған Жеңис паркине барды.
Өзбекстан халқы Екинши жер жүзилик урыста жеңисти тәмийинлеўге үлкен үлес қосқан. Бирақ бул мәртликти толық көлеми менен көрсетип беретуғын бир тутас комплекс жоқ еди. Өткен жылы Президентимиз үлкен парк жаратып, халқымыздың қаҳарманлығын мәңгилестириў басламасын алға қойған еди.
Буннан кейин, илимий-дөретиўшилик жәмийетшиликтиң усыныслары, сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында көркем өнер-архитектуралық концепция ислеп шығылды. Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы жойбарлар менен бир неше рет танысты. Ташкент қаласының Алмазар районында 12 гектардан аслам жер ажыратылып, үлкен қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.
Жеңис парки ҳәр бир өз алдына темаға ийе болған еки бөлимнен ибарат. Бириншисинде өзбектанлылардың саўашлардағы қатнасынан көринислер, екиншисинде фронт артындағы республикамыздың турмысы сәўлеленген.
Президентимиз дәслеп «Төзим-тақат тәрийпи» естелик комплексине гүл қойды.
Бул естелик қандай-да бир көркем образ емес, оған өмирде болған ўақыя – ҳәсиретли ана ҳәм оның шаңарағы ҳаққындағы ҳақыйқат тийкар етип алынған.
Ташкент ўәлаяты Зәңгиата районындағы Ханабад аўылында жасаған Зулфия ана Закирова Екинши жер жүзилик урыста бир емес, бес улынан – Исоқжон, Аҳмаджон, Маҳамаджон, Ваҳобжон, Юсуфжон исмли әзиз перзентлеринен айырылған. Оның төрт келини жесир, бес ақлығы жетим болып қалған. Келинлери де Зулфия анадан үлги алып, өз шаңарағына садық қалған, басқа турмысқа шықпаған.
Өткен жылғы Еслеў ҳәм қәдирлеў күнинде мәмлекетимиз басшысы Зулфия Закирова ҳәм оның фронттан қайтпаған бес улы, садық келинлериниң естелигине арнап саўлатлы естелик орнатыў ҳәм оған «Төзим-тақат тәрийпи» де атама бериў усынысын билдирген еди. Бул басламаны жәмийетшилигимиз қызғын қоллап-қуўатлады. Усы темада мақалалар, қосықлар ҳәм көркем фильм жаратылды.
Бүгин Жеңис паркиниң орайында усы саўлатлы естелик бой тиклеп турыпты.
– Бул Өзбекстандағы барлық аналарға қойылған естелик, – деди Шавкат Мирзиёев. Бул естелик пүткил халқымыз ушын қутлы зыярат орнына, шаңарақ ҳәм муҳаббат, садықлық тымсалына айланып қалады. Бул жерге келген жаслар миллетимиздиң қанында болған пазыйлетлерди аңлап, оларды қәдирлеп жасаўға умтылады.
Екинши жер жүзилик урыс адамзат тарийхындағы ең жаўыз, ең мийримсиз соқлығысыў болған. Урыслар Европа, Азия ҳәм Африка континентлеринде, ҳаўа және океанларда өткен. Айырым мағлыўматларға бола, бул урыста жәми 85 миллионға шекем адам қайтыс болған. Жер жүзи есапсыз бүлгиншиликке ҳәм дағдарысқа бет бурған.
Мәмлекетимиз басшысы бурынғы шығып сөйлеўлеринде Өзбекстан халқының Жеңиске қосқан үлесин және де тереңирек үйрениў зәрүр екенлигин атап өткен еди. Буннан кейин бул бағдарда үлкен илимий изертлеўлер исленди. Алдын жабық болған тарийхый ҳүжжетлер де үйренилди. Сырт еллердеги архив шөлкемлер, музейлер, илимпазлар менен бирге ислесиў нәтийжесинде қаҳарман ата-бабаларымыз ҳаққында жаңа мағлыўматлар киргизилди.
Мәселен, усы ўақытқа шекем Екинши жер жүзилик урыста Өзбекстаннан 1 миллион 500 мыңға шамалас адам қатнасқан, деп есапланатуғын еди. Жаңадан табылған мағлыўматларға бола, 1 миллион 951 мыңға шамалас адам урысқа шақырылғаны анықланды. Сондай-ақ, 200 мыңнан аслам әскер ҳәм офицерлеримиз жаўынгерлик мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланғаны ҳүжжетлер арқалы өз дәлийлин тапты.
Елимизде қалған ҳаяллар, кекселер, жас балалар да ҳақыйқый қаҳарманлық көрсеткен. Жети жастан жетпис жасқа шекемги болған барлық адам тынышлығынан ўаз кешип, тынымсыз мийнет еткен. Республикамыздан саўаш майданларына самолёт ҳәм танклер, қурал-жарақ, үлкен муғдарда азық-аўқат, кийим-кеншек ҳәм басқа да өнимлер жеткерип турылған.
Мыңлаған урыс қатнасыўшылары Өзбекстанда шөлкемлестирилген әскерий госпитальларда емленген. Жаңадан анықланған мағлыўматларға қарағанда, урыс ошағына айланған жерлерден елимизге 1 миллион 500 мың адам, соның ишинде, 250 мыңнан аслам бала эвакуация етилген. Халқымыз оларға өз үйинен орын берип, ақырғы тислем наны менен бөлискен.
Елимиздиң бул мәртлиги, мийрим-шәпәәт ҳәм инсаныйлық пазыйлетлери елеге шекем мәртлик мектеби, мақтаныш дәреги болып келмекте. Ўақыт өткен сайын бул мәңгилик қәдириятлардың әҳмийети барған сайын артып бармақта.
«Данқ» музейинде мине усындай абырайлы тарийх өз сәўлелениўин тапқан. Еки қабаттан ибарат бул музей халқымыздың урыс жылларында көрсеткен мәртлигин, жоқары инсаныйлық пазыйлетлерин көрсететуғын комплекс болып есапланады. Бул жерде тарийхый факт ҳәм ўақыялар заманагөй технологиялар, интерактив усыллар жәрдеминде сәўлелендирилген.
Мәмлекетимиз басшысы музей экспозициясы менен танысты. Бул жердеги экспонатлар Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңиске үлкен үлес қосқан халқымыздың мәртлигин жырлаўға, жас әўладты инсаныйлық руўхында тәрбиялаўға хызмет ететуғынын атап өтти.
– Бул музейдиң пайда болыўы әдилликтиң тиклениўи демекдур. Тарийхымыздың бир бөлеги болған урыс ўақыяларын бир жерде көрсететуғын бундай орын жоқ еди. Бул жумыслардан мақсетимиз – халқымыздың Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңиске қосқан үлкен үлесин тарийхқа мөрлеп қойыў, жас әўладларға жеткериў. Жүз жыллардан кейин де адамлар келип, урыс ўақыялары ҳәм ақыбетлерин, тынышлық қәдирин билиўи керек, – деди Президент.
Музей алты бөлимнен ибарат болып, биринши бөлиминде республикамыз халқының фронтқа шақырылыўы, саўаш майданларындағы мәртлиги сәўлеленген. Екинши бөлим «Өзбекстан – фронт ушын исенимли сүйениш қорғаны» деп аталған. Кейинги бөлимде урыс жылларында елимиздеги илим, билимлендириў, мәденият, денсаўлықты сақлаў тараўлары көрсетилген. Төртинши бөлим «Урыс ҳәм жеңис ҳаққында естеликлер, халықтың қуўанышы» деп аталған болса, гезектеги бөлимде урыс жылларындағы көркем әдебият, көркем өнер ҳәм баспасөз ҳаққында сөз етилген. «Мәртлердиң ерлиги мәңги жасайды» атлы алтыншы бөлимнен 33 томлық «Естелик» китабы, сондай-ақ, байрам мүнәсибети менен басып шығарылған китап-альбом ҳәм басқа да экспонатлар орын алған.
Шавкат Мирзиеёв «Данқ» музейинде ҳәр бир сәркардалықтың өз орны болыўы, илимий изертлеўлер өткерип, олардың экспозицияларын толықтырып барыў зәрүрлигин атап өтти. Әскерий хызметкер ҳәм курсантларды, жасларды бул жерге алып келип, оларда мәртлик, пидәкерлик руўхын қәлиплестириў бойынша усыныслар берди.
«Данқ» музейи архитектуралық жақтан да сийрек ушырасатуғын тәризде қурылған. Биринши ҳәм екинши қабатлардағы экспонатлар арқалы аяўсыз саўаштың көринислери, ата-бабаларымыздың қаҳарманлықлары, фронт артында қалған ўатанласларымыздың машақатлы мийнети, госпитальлар, хатлар, ҳәр қыйлы ҳүжжетлер ҳәм басқа да затлар менен танысыў мүмкин. Музейдиң жоқары бөлегинде генерал Сабыр Рахимов ҳәм Екинши жер жүзилик урыста мислсиз мәртлик көрсеткен қаҳарманларымыздың естеликлери бой тиклеген болып, бул жерге екинши қабаттағы текшелер арқалы шығылады. Бул жердеги майданшадан пүткил парк алақанда көринеди. Кейин сыртқы тәрептен қарағанда өзине тән бийикликтеги айланба жол бойлап түсиледи. Жолдың шетлерине урыста орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған өзбек улларының исми-фамилиялары жазылған тақталар орнатылған болып, бул бүгинги әўладларда ата-бабаларымыздың мәңгилик естеликлерине ҳүрмет сезимин оятады.
Мәмлекетимиз басшысы парктеги «Көз жасы» комплексин де көзден өткерди. Көз формасындағы бул көркем комплексте урыстың қорқынышлы екенлиги, миллети ҳәм динине қарамастан, барлық адамлардың бир екенлиги сәўлеленген.
Парк аймағында бир неше мрамор дийўалларда композициялық паннолар қурылған. Оларда сәркарда ата-бабаларымыздың тарийхынан үзиндилер, Екинши жер жүзилик урысқа байланыслы ең әҳмийетли мағлыўматлар, миллий армиямыздың ҳәзирги жаўынгерлик жағдайы сәўлеленген. Урыс жылларындағы қосықлар ҳәм хабарлар тийкарында тарийхый орталық жанландырылған.
Жеңис паркиндеги амфитеатрда 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланған байрам илажы болып өтти. Мәресимде урыс ҳәм мийнет ветеранлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, әскерий хызметкерлер жыйналды.
Президент Шавкат Мирзиёев Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген Жеңистиң 75 жыллығы менен барлық ветеранларды, пүткил халқымызды қутлықлады.
Быйыл карантин себепли урыс ҳәм мийнет ветеранларының көпшилиги байрамды өз үйлеринде белгиледи. Олар телевидение арқалы салтанатлы мәресимди тиккелей бақлап барды.
Мәмлекетимиз басшысы байрам илажына келген урыс ҳәм мийнет ветеранларының ҳәр бири менен сәлемлесип, ҳал-жағдай сорады. Оларға беккем денсаўлық, узақ өмир тиледи. Нуранийлар елимизге тынышлық-парахатшылық, абаданлық тилеп пәтия етти.
Илаж Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайлары, әскерий округлердеги байрам қатнасыўшыларына көрсетилди.
Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери менен видеобайланыс системасы арқалы сөйлести.
Президентимиз Жеңис паркиниң ҳүрметли мийманлар китабына қолтаңбасын қойды.
Паркте Екинши жер жүзилик урыс дәўириндеги композициялардың инсталляциясы, соның ишинде, темир жол вокзалы, окоплар қурылған, әскерий техникалар, қурал-жарақлар көргизбеге қойылған. Мәмлекетимиз басшысы усы техникаларды да көзден өткерди.
Жеңис паркинде халықтың тарийх пенен үнлес болып, өткенлердиң естелигин еслеў, оларға ҳүрмет көрсетиў, мазмунлы дем алыў, ғалабалық мәдений илажлар, дөретиўшилик ушырасыўлар, әдебий кешелер өткериў ушын барлық шараятлар жаратылған. Бул парк Ўатанға садықлық, өз өмирин тынышлық ҳәм азатлық ушын пидә еткен инсанлардың мәңгилик мәртлиги ҳәм жарқын естелиги алдындағы жоқары ҳүрметиниң әмелий үлгиси болып қалады.
* * *
Мәмлекетимиз басшысы сол күни Ташкент қаласы Чиланзар районында қурылған Екинши перинаталь орайды да барып көрди.
Елимизде халықтың саламатлығын беккемлеў, аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша миллий бағдарламалар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 8-ноябрьдеги қарарына муўапық репродуктив жастағы ҳаяллар, ҳәмиледарлар ҳәм балаларға медициналық жәрдемниң сапасы арттырылып, көлеми кеңейтилмекте.
Перинаталь орайда алдынғы клиникалардың тәжирийбеси тийкарында ең заманагөй қолайлықлар жаратылған. Магнит резонанс томограф, цифрлы рентген, ультрасес тексериў аппараты, кольпоскоп, гисетроскоп, электроэнцефалограф, электрокардиограф, лаборатор ҳәм физиотерапевтикалық үскенелер менен үскенеленген. Орайдың биринши қабатында көп тармақлы поликлиника, жоқары қабатларында наўқаслардың ханасы ҳәм улыўма әмелият ханалары, соның ишинде, гөдеклер реанимация бөлими жайласқан. Бул жерде бир ўақыттың өзинде 140 наўқасты емлеў мүмкин.
Президентимиз медициналық орайда жаратылған шараятлар менен танысты. Askdoctor.uz онлайн бағдарламасы арқалы шыпакерлер менен сөйлести.
– Коронавирус пандемиясы көзимизди ашты. Медицинада мәлимлеме технологиялары қаншелли әҳмийетли екенлигин көрсетти. Бирақ бул бойынша шараятлар да, хызметкерлер де еле жетерли емес. Сол себепли раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында бағдарлама ислеп шығып, телемедицинаны жедел раўажландырыў керек. Бул ўақыт ҳәм қәрежетти үнемлейди, эпидемиологиялық қәўипсизликти де тәмийинлейди. Және жуқпалы кеселликлердиң тарқалмаўы ушын сергек, таяр болыўымыз керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Аралықтан технологияларды районлық емлеўханалар, аўыллық поликлиникаларда да басқышпа-басқыш енгизиў, медицина хызметкерлери ҳәм халықты оннан пайдаланыўға үйретиў бойынша көрсетпелер берилди.
Перинаталь орайдың 100 орынға ийе мәжилислер залында елимиз ҳәм сырт елдеги қәнигелер менен видеоконференциялар өткериў имканияты жаратылған.
Мәмлекетимиз басшысы усы залды көзден өткерди. Ҳәр бир клиниканың сырт елде бирге ислесиўшиси болыў керек екенлигин атап өтти.
Орайдың имараты инновациялық қурылыс материаллары тийкарында сапалы ҳәм энергияны үнемлейтуғын етип қурылған. Қыстаўлы медициналық жәрдем жағдайлары ушын барлық қолайлықлар есапқа алынған. Бул болса халыққа мәмлекет дәрежесинде көрсетилип атырған шексиз ғамқорлықтың көриниси болып есапланады.
ӨзА