Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-май күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиў алдында мәмлекет басшылары жақынласып киятырған байрам-фашизм үстинен ерисилген жеңис күни мүнәсибети менен бир-бирин қутлықлап, еллеримиз ветеранларына ҳәм дос халықларына тынышлық, саў-саламатлық ҳәм абаданлық тиледи.
Сардоба суў сақлағышындағы айрықша ҳәдийсе ақыбетлерин сапластырыў мақсетинде шегара алды аймақларда тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.
Жәбир көрген районларда халыққа мәнзилли жәрдем көрсетиў ҳәм инфраструктураны тиклеў бойынша исленетуғын биринши гезектеги жумыслар ҳаққында келисип алынды.
Президентлер коронавирус инфекциясының тарқалыўы менен байланыслы ҳәзирги эпидемиологиялық жағдайды да көрип шықты. Пандемияға қарсы гүрес, халық ҳәм бизнес ушын шеклеўлерди басқышпа-басқыш жумсартыў бойынша мәмлекетлеримизде көрилип атырған илажлар қоллап-қуўатланды.
Сөйлесиў ўақтында саўда-экономикалық тараўда ерисилген келисимлерди тез аралықта әмелге асырыў, атап айтқанда, автомобиль қурылысы, аўыл хожалығы, қайта ислеў санааты, транспорт ҳәм логистика, басқа тармақларда перспективалы жойбарларды таярлаў ҳәм алға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери халықаралық әҳмийетке ийе бир қатар мәселелер бойынша да пикир алысты.
Сөйлесиў соңында көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шерикликке тийкарланған кең көлемли Өзбекстан – Қазақстан бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиўге умтылыў исенимли екенлиги атап өтилди.
ӨзА