Инаят Наўрызбаев

 

Киши лейтенант Инаят Наўрызбаевтың даңқы мәңги өшпейди. Ол өзиниң жаўынгер группасы менен душпанның оғын өзине қарата бурып, Днепрдың оң жағасына өтип атырған бөлимди қорғады. Соң жаўынгерлер тас жолды қадағалап атырған фашистлерди жақсы бекинген аўылдан қуўып шықты. Усы саўашта олар 375 душпанды қыйратты, 89 ын тутқынға алды, көплеген әскерий олжаны қолға түсирди. Инаят Наўрызбаевқа «Советлер Аўқамының Қаҳарманы» ҳүрметли атағы берилди.

 


Н.А.Сараев

Нөкис гербиш заводының бурынғы темирши устасы Н.А.Сараев Днепр ушын саўаш ўақтында әскерлер ҳәм техниканың келип жетиўин күтип отырмастан, душпанның үзликсиз күшли оқ жаўдырыўының астында оң жағаға жүзип өтти ҳәм дәрьядан жаўынгер бөлимлеримиздиң өтиўин тәмийинлеп, оларды душпаннан қорғап турды. Мәртлиги ҳәм ерлиги есапқа алынып Н.Сараевқа Советлер Аўқамының Қаҳарманы» ҳүрметли атағы берилди.

 

Иван Махорин

И.Ф.Махорин 1943-жылы 22-сентябрьде Днепрдиң арқа тәрепиндеги үш саатлық қатаң саўаш ўақтында душпанның 154 тен аслам солдат ҳәм офицерлерин жоқ етти. Днепр ушын саўашта көрсеткен қаҳарманлығы ушын 1944-жылы 15-январьда оған Советлер Аўқамының Қаҳарманы» ҳүрметли атағы берилди.

 

Топлаған: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.