Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Елимизде математика 2020-жылдағы илимди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгиленди. Өткен дәўир ишинде математика илими ҳәм билимин жаңа сапа басқышына алып шығыўға қаратылған бир қатар системалар әмелге асырылды:

бириншиден, алдыңғы илимий орайларда жумыс ислеп атырған ўатанлас математик илимпазлардың усыныс етилиўи ҳәм халықаралық илимий-изертлеўлердиң алып барылыўы ушын зәрүр шараят жаратылды;

екиншиден, халықаралық пән олимпиадаларында жеңимпаз болған жасларымыз ҳәм олардың устазларының мийнетин хошаметлеў системасы енгизилди;

үшиншиден, жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеўлердиң өз-ара интеграцияласыўын тәмийинлеў мақсетинде студентлер қалашасында Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институтының (кейинги орынларда – Институт) жаңа ҳәм заманагөй имараты қурылды. Математика тараўындағы фундаменталь изертлеўлерди қаржыландырыў көлеми бир ярым есеге көбейтилди, бюджет қаржылары есабынан суперкомпьютер, заманагөй техника ҳәм әсбап-үскенелер сатып алынды;

төртиншиден, илимий дәрежели кадрларды таярлаўдың бирлемши басқышы сапатында стажёр-изертлеўлик институты енгизилди;

бесиншиден, илим тараўындағы тийкарғы машқалаларды оператив сапластырыў, илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясын күшейтиў мәселесин Ҳүкимет дәрежесинде белгилеў мақсетинде Өзбекстан Республикасының Бас министри басшылығында Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңес шөлкемлестирилди.

Соның менен бирге, тараўда шешимин таппаған бир қатар мәселелер математика тараўындағы билимлендириўдиң сапасын ҳәм илимий-изертлеў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған илажларды әмелге асырыў зәрүрлигин көрсетпекте. Атап айтқанда :

бириншиден,  математика тәлийматының билим алыў басқышлары арасындағы избе-излилик толық тәмийинленбеген;

екиншиден, улыўма билим бериў мектеплеринде математика сабақлықлары оқыўшылардың жасына салыстырғанда пәнди өзлестириўди қыйынластыратуғын қурамалы мәселелерден ибарат ҳәм басқа пәнлерде өтилетуғын темалар менен үйлестирилмеген;

үшиншиден, математикаға қызығыўшаң, халықаралық олимпиада жеңимпазлары болған айырым қәбилетли жасларымыз аймақлардан болыўына қарамай, олардың келешектеги раўажланыўы ушын жоқары билимлендириў ҳәм илим тараўында зәрүр шараят жаратып берилмеген;

төртиншиден, математика тараўындағы илимий-изертлеўдиң әмелият ҳәм өндирис пенен байланыслылығы әззилигинше сақланып қалмақта;

бесиншиден, тараўдағы илимпазлардың сырт ел илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери менен байланыслары миллий математиканы дүнья көлемине алып шығыў, халықаралық жәмийетшиликте абырайын арттырыў ушын жетерли емес.

Тәлимниң барлық басқышларында математика пәнин оқытыў системасын буннан былай да жетилистириў, педагоглардың нәтийжели мийнетин қоллап-қуўатлаў, илимий-изертлеў жумысларының көлемин кеңейтиў ҳәм әмелий әҳмийетин арттырыў, халықаралық жәмийетшилик пенен байланысларды беккемлеў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер математика тараўындағы билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимий-изертлеўлерди раўажландырыў ҳәм илимий қолланбаларды әмелиятқа енгизиўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

мектепке шекемги, улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал, жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм илимий мәкемелер арасындағы тығыз бирге ислесиўди тәмийинлейтуғын бир пүтин системаны қәлиплестириў;

алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында  мектепке шекемги жастағы балаларда биринши математикалық танымды қәлиплестириў бойынша заманагөй педагогикалық технологияларды енгизиў;

улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелеринде математика пәнлерин оқытыў сапасын арттырыў,  аймақларда математика пәнине қәнигелестирилген мектеплердиң жумысын раўажландырыў және жаңадан мектеплерди шөлкемлестириў;

математика пәни бойынша кадрларды, атап айтқанда аўыллық жерлердеги мектеплердиң кадрларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасын раўажландырыў, математика пәни бойынша сабақлықларды ҳәм оқыўлық қолланбаларды жетилистириў;

қәбилетли жасларды анықлаў және олардың математика пәни бойынша жергиликли ҳәм халықаралық пән олимпиадаларында табыслы қатнасыўын және сыйлы орынларды ийелеўин тәмийинлеў;

билим бериўдиң онлайн платформасын жаратыў ҳәм әмелиятқа енгизиў, аралықтан оқытыў системасының нәтийжелилигин арттырыў, баҳалаў системасының ашық-айдынлығын тәмийинлеў механизмлерин енгизиў;

Математика пәнин билим дәрежесин баҳалаў бойынша миллий сертификатластырыў системасын енгизиў, жоқары билимлендириўдиң тийисли бағдарлары менен қәнигеликлеринде математика пәни бойынша сабақларды көбейтиў және билим бериўдиң сапасын арттырыў;

математика тараўындағы илимий-изертлеўлердиң өндирис пенен избе-из байланыслылығын тәмийинлеў, әмелий математиканы раўажландырыў ҳәм экономика тармақларындағы машқалаларды моделлестириў тийкарында математикалық шешимлерди ислеп шығыў;

математика тараўында билим алып атырған ҳәм илимий-изертлеўлер менен шуғылланып атырған қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў,  сырт елдеги жоқары билимлендириў мәкемелери және илимий шөлкемлер менен байланысларды раўажландырыў;

елимиздиң илимий ҳәм билимлендириў шөлкемлерин басқышпа-басқыш дүньяның математика пәни бойынша жетекши илимий орайлары дәрежесине жеткериў.

  1. 2020-2023-жыллары Өзбекстан Республикасында математика пәнлери бойынша билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, илимий-изертлеўлердиң нәтийжелилиги ҳәм әмелий әҳмийетин арттырыўдың мақсетли бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Илимлер академиясы ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлигиниң ҳәр бир районда (қалада) математика пәнин тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектеплерди (кейинги орынларда – Қәнигелестирилген мектеплер) басқышпа-басқыш шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги 2020-жыл 1-ноябрьге шекем қәнигелестирилген мектеплерди шөлкемлестириў бойынша мәнзилли бағдарламаны ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Қәнигелестирилген мектеплерде:

мектеп директоры тийисли район (қала) ҳәкиминиң экономика ҳәм басқарыў процесслерине математикалық усыллар менен моделлерди енгизиў мәселелери бойынша кеңесгөйи болып есапланатуғыны;

мектеп директоры Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен Институт директоры менен келисилген ҳалда лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны;

математика пәни тереңлестирилип оқытылатуғын класслар басқышпа-басқыш, бар талап ҳәм оқыўшлардың қәбилетинен келип шығып шөлкемлестирилетуғыны;

оқыўшылар белгиленген тәртипте таңлаў тийкарында сайлап алынатуғыны;

математика пәни тереңлестирилип оқытылатуғын класс питкериўшилери тийисли жоқары билимлендириў мәкемелериниң математика тәлим бағдарларына олар ушын белгиленген мақсетли параметрлер бойынша оқыўға қабыл етилетуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы, Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте үш ай мүддетте:

Қәнигелестирилген мектеплердиң режелерин, усы мектеплерде математика пәни оқытыўшыларын таңлаў тийкарында жумысқа қабыл етиў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

2021-жыл 1-сентябрьден баслап Қәнигелестирилген мектеплердиң басшы кадрлары (директор ҳәм директордың қәнигелескен пән бойынша орынбасары) ҳәм математика пәни оқытыўшыларының базалық тариф ставкасына 50 процент муғдарында ҳәр айлық үстеме ҳақы төлеў тәртибин нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Қәнигелестирилген мектеплерде Институт ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң жоқары маман профессор-оқытыўшыларын тартқан ҳалда аралықтан билим бериў арқалы сабақ өтиўин өткериў илажларын көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы Илимлер академиясы ҳәм «Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-январьға шекем Математика пәнин билиў дәрежесин баҳалаў бойынша миллий сертификатластырыў системасын (кейинги орынларда – Миллий сертификатластырыў системасы) енгизилсин.
  3. Миллий сертификатластырыў системасы шеңберинде төмендегилер белгиленсин:

математиканы билиў дәрежесин баҳалаў ҳәм бул ҳаққында миллий қәнигелик сертификатын (кейинги орынларда – миллий сертификат) бериў орнатылған тәртипте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен әмелге асырылады;

математиканы билиў дәрежесин баҳалаў дифференциялластырылған ҳалда әмелге асырылады;

жеңиллик берилетуғын дәрежедеги миллий сертификатқа ийе абитуриент мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемесине оқыўға кириўде математика пәнинен тест сынағын тапсырыўдан азат етиледи ҳәм оған математика пәни ушын белгиленген максимал балл бериледи;

2021-жыл 1-сентябрьден баслап Қәнигелестирилген мектеплердиң математика пәни бойынша оқытыўшылары тийисли дәрежедеги миллий сертификатқа ийе болыўы мәжбүрий есапланады;

Миллий сертификатластырыў системасы ушын тест тапсырмалары базасын қәлиплестириў ҳәм турақлы жаңалап барыўда эксперт сыпатында Институттың илимий хызметкерлери тартылады;

миллий сертификаттың тийисли дәрежесине ийе математика пәни оқытыўшыларына (Қәнигелестирилген мектеплердиң математика пәни муғаллимлеринен тысқары) олар жумыс алып барып атырған мәмлекетлик билимлендириў мәкемесиниң жайласыўына қарап базалық тариф ставкасына 25 проценттен 50 процентке шекем ҳәр айлық үстеме ҳақы төленеди.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламаға ажыратылған қаржылар есабынан 2021-жыл 1-январьға шекем Миллий сертификатластырыў системасының онлайн платформасын ислеп шықсын ҳәм енгизсин.
  2. Институт қурамында 5 штат бирлигинен ибарат Математика тәлими бойынша оқыў-методикалық материалларды муўапықластырыў лабораториясы шөлкемлестирсин.

«Математика тәлими бойынша оқыў-методикалық материалларды муўапықластырыў» лабораториясының жумысын қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан Институтты сақлаў ушын ажыратылған қаржылар шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. 2021-жыл 1-октябрьден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде қолланылатуғын математика пәни бойынша сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбаларын ислеп шығыўда мәжбүрий тәртипте Институттың эксперт шешими алынады.
  2. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги 2020-жыл 1-сентябрьге шекем:

математика бойынша билим, маманлық ҳәм қәнигелер талап етилетуғын билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлердиң оқыў режелеринде математика пәни ушын ажыратылған саатлардың көлемин арттырыў;

кадрлар тутыныўшылары қәнигелерин тартқан ҳалда питкериўшилерде тараўға байланыслы математика бойынша әмелий билим, маманлық ҳәм көнликпелерди қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға қаратылған жойбар жумысларын әмелге асырыў;

кадрларды интегратив пәнлераралық таярлаў мақсетинде математика тәлим бағдарларында қосымша пәнлерди (биология, геология, химия, физика ҳәм басқалар) енгизиў илажларын көрсин.

  1. Инстиут жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Математика илими ҳәм билимлендириўин раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Қордың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Институт структурасында Қордың қаржылары есабынан сақланатуғын 2 штат бирлигинен ибарат Математика пәни ҳәм билимлендириўин раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қорының қаржыларын басқарыў топары шөлкемлестирилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Илимлер академиясының математика тараўындағы фундаменталлық ҳәм әмелий илимий излениўлериниң нәтийжелерине бола әмелияттағы белгили машқаланың шешимин усынған илимпазларды сыйлықлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Муҳаммед Ал-Хорезмий атындағы халықаралық сыйлықты (кейинги орынларда – Сыйлық) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Сыйлық пенен Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар сыйлықланатуғыны;

Сыйлық еки жылда бир рет Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңестиң усынысы бойынша үш бағдар (фундаментал тараўдағы изертлеў, жаслар арасындағы изертлеў ҳәм экономиканың реал секторындағы машқаланың шешимин тәмийинлеген изертлеў) бойынша берилетуғыны;

ҳәр бир бағдар бойынша Сыйлық жеңимпазларына Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан 50 мың АҚШ доллары эквивалентиндеги ақшалай сыйлық берилетуғыны;

Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңесте Сыйлықтың талабанларын көрип шығыў Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң усынысына бола әмелге асырылатуғыны;

сыйлықлаў ушын талабанлар бойынша усыныслар Өзбекстан математика жәмийети тәрепинен өткерилетуғын турақлы бақлаўлар тийкарында қәлиплестирилетуғыны ҳәм Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигине усыныс етилетуғыны;

Сыйлық жеңимпазына ақшалай сыйлықты төлеўге байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў 2021-жылдан баслап Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында Инновациялық раўажланыў министрлигине ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Қаржы министрлиги ҳәм Илимлер академиясы менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң Муҳаммед Ал-Хорезмий атындағы халықаралық сыйлық пенен сыйлықлаў тәртибин ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасында, Бухара, Наманган, Самарқанд ҳәм Хорезм ўәлаятларында Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институтының аймақлық бөлимлери (кейинги орынларда – аймақлық бөлимлер) шөлкемлестирилсин ҳәм олардың үлги штат кестеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Аймақлық бөлимлердеги хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан Институтты сақлаў ушын ажыратылған қаржылар шеңберинде әмелге асырылатуғынлығы;

аймақлық бөлимлер жайластырылған имаратлар ҳәм комлекслерди сақлаў ҳәм коммунал төлемлер бойынша қәрежетлерди қаплаў тийисли жоқары билимлендириў мәкемесиниң бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылатуғынлығы;

аймақлық бөлимлер юридикалық тәреп есапланбайтуғынлығы ҳәм Институт қурамындағы илимий бөлимлер сыпатында жумыс ислейтуғынлығы;

ҳәр бир аймақлық бөлим қурамында бир штат бирлигинен ибарат, 2021-жылда Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан сақланатуғын ҳәм 2022-жылдан баслап толық хожалық есабына өткерилетуғын Оқыў орайлары жумыс ислейтуғынлығы;

аймақлық бөлимлердиң басшылары Институт директоры тәрепинен тийисли жоқары билимлендириў мәкемесиниң ректоры менен келисилген ҳалда лаўазымға тайынланатуғынлығы ҳәм лаўазымынан азат етилетуғынлығы;

аймақлық бөлимлердиң илимий-изертлеў жумыслары Институттың жумыс режеси ҳәм илимий-изертлеў жумыслары шеңберинде әмелге асыралатуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестация комиссиясы, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Илимлер академиясының Институт жанында нызам ҳүжжетлерине муўапық ҳалда математика қәнигеликлери бойынша илим докторы (DSc) ҳәм философия докторы (PhD) илимий дәрежелерин беретуғын илимий кеңести (кейинги орынларда – илимий кеңес) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Институт басшылығы илимий кеңес ағзаларының ярымынан көби Институтта жумыс ислеўин, соның ишинде, еки жумысты қатар ислеў тийкарында тартылыўын ҳәм излениўшилердиң диссертацияларына илимий басшылық ҳәм мәсләҳәтшилик етилиўин тәмийинлесин.
  3. Излениўшиниң диссертацияларын илимий семинар ҳәм илимий кеңес мәжилислеринде көрип шығыў және додалаўдың сәнеси илимий кеңес тәрепинен белгиленетуғынлығы;

излениўшиге тийисли илимий дәрежени бериў ҳаққындағы қарар илимий кеңес тәрепинен қабыл етилетуғынлығы;

илимий кеңес излениўшиге диссертацияны табыслы қорғаған күнниң өзинде мәмлекетлик үлгидеги илимий дәреже бойынша дипломды бериў ўәкиллигине ийе екенлиги;

илимий кеңестиң қурамы Институт кеңесиниң усынысына бола Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестация комиссиясы менен келисилген ҳалда Институт кеңесиниң қарары менен тастыйықланатуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Институт ушын Ташкент қаласы Алмазар районы Университет көшесинде жаңадан қурылған имаратты Институтқа оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийғарез өткерип берилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-июльдеги «Математика тәлимин ҳәм пәнлерин буннан былай да раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институтының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4387-санлы қарарына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. «Өзбеккино» Миллий агентлиги, Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы, Қаржы министрлиги ҳәм Илимлер академиясы математика тараўындағы белгили илимпазлар ҳаққында дүркин көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлерди суўретке алыў илажларын көрсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 7-май