Президент Шавкат Мирзиёев 7-май күни өткерилген видеоселектор мәжилиси алдынан коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў бағдарында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.
– Соңғы ўақытта дүнья жүзинде ҳәр күни 90-100 мың адам бул вирусты жуқтырып алмақта, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Бүгинги күнге келип, оған шалынғанлардың улыўма саны дерлик 4 миллионға жетти. Тилекке қарсы, олардың 265 мыңы қайтыс болды.
Өзбекстанда кеселликке шалынған наўқаслардың 72 проценти саўалды. Ҳәзирги ўақытта емлеўханаларда 635 наўқас емленбекте. Сырт елден қайтқан ҳәм наўқаслар менен қарым-қатнаста болған 45 мың пуқарамыз карантинге алынған.
Биз оғада үлкен күш жумсап, көп ҳәрекетлер, халқымыздың жәрдеми ҳәм терең түсиниўи, сабыр-қанааты менен Өзбекстанда бул апатшылықты сапластырмақтамыз. Бирақ бәрибир оғада зийреклик ҳәм абайлылық пенен, карантин қағыйдаларына толық әмел етиўимиз шәрт. Бул қәўип пүткил дүнья жүзинде сапластырылмайды екен, қәтержамлыққа берилиўге ҳаққымыз жоқ.
Республикамызда эпидемиологиялық жағдай турақласқанынан пайдаланып, вирустан жырақ аймақларда экономиканы жүргизип жибериў ҳәм адамларды дәрамат пенен тәмийинлеў мақсетинде карантин талапларын әсте-ақырын жумсарта басладық. Онда биз халықтың карантиндеги турмыс шараятын жақсылаў ушын олардың көплеген мүрәжатларын да есапқа алдық.
Өткен селекторда берилген тапсырмаға муўапық, Республикалық комиссия тәрепинен 8-майдан баслап, инфекция анықланбаған ямаса наўқаслар толық саўалған Наўайы, Жиззақ ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары «жасыл», соңғы 14 күнде вирус анықланбаған, бирақ емленип атырған наўқаслар болған Сурхандәрья, Хорезм ҳәм Ташкент қаласы «сары», турақлы түрде инфекция анықланып атырғаны ушын басқа аймақлардың ҳәммеси «қызыл» категориядағы аймақ деп жәрияланды.
Сондай-ақ, регионлардың категориясына қарап, рухсат етилетуғын хызмет түрлери де анық ҳәм түсиникли етип белгилеп берилди. Әлбетте, «жасыл» аймақларда көбирек, «сары»да азлаў, «қызыл»да шекленген сандағы хызметлер көрсетиледи.
Дүнья жүзинде, әсиресе, биз жақыннан бирге ислесетуғын мәмлекетлерде пандемия барған сайын күшейип атырғанын, бул жағдай бизге де үлкен қәўип туўдырыўы мүмкин екенлигин улыўма умытпаўымыз кереклигин қайталап айтаман. Сол себепли ҳәммемизден сергекликти және де арттырыў талап етиледи. Бул бағдарда, жумысын улыўма тоқтатпаған кәрханаларда да, өз жумысын қайтадан баслаўға рухсат берилген тараўларда да вирусқа қарсы гүресиў бойынша шеклеўлер сөзсиз орынланыўы керек.
Және бир мәрте қайталап айтаман, ҳәр биримиз карантин ҳәм санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел етип, өзимиз, жақынларымыз ҳәм халқымыздың денсаўлығын қорғаў ушын жуўапкер екенимизди умытпаўымыз зәрүр ҳәм шәрт.
Соның менен бирге, «сары» ҳәм «қызыл» категориядағы ўәлаятларда кеселлик улыўма анықланбаған районлар да бар екенлигин есапқа алыў керек. Тап усындай, ертең «жасыл» ўәлаяттағы қандайда бир районда кеселлик анықланатуғын болса, пүткил ўәлаяттың категориясын өзгертиў шәрт емес, – деди Президентимиз.
Республикалық комиссияға аймақларды категорияға ажыратыўды район ҳәм қалалар дәрежесинде белгилеў бойынша тапсырмалар берилди.
ӨзА