Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-май күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдында мәмлекет басшылары жақынласып киятырған байрам-фашизм үстинен ерисилген  Жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, мәмлекетлеримиздиң мәрт ветеранларына, дос халықаларымызға аманлық-есенлик ҳәм абаданлық тиледи.

Урыста бирлесип гүрескен ҳәм фронт артында пидайы мийнет еткен ата-бабаларымыздың мәртлиги ҳәм қаҳарманлығы әўладлардың миннетдар ядында мәңги қалатуғыны айрықша атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Россия Президентлери еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларының әҳмийетли мәселелерин көрип шықты.

Дүнья экономикасындағы аўыр жағдайға қарамастан, еллеримиздиң өз-ара саўда көлеми өсип бармақта. Өндирис, энергетика, аўыл хожалығы тармақларында, транспорт тараўында, сондай-ақ, инфраструктураны модернизациялаў бойынша әҳмийетли инвестициялық  жойбарлар әмелге асырылмақта.

Еки ел аймақлары арасындағы кооперация күшеймекте, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар, илим ҳәм билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт тараўларындағы бирге ислесиў кеңеймекте.

Президентлер болажақ жоқары дәрежедеги илажларды пуқта таярлаў әҳмийетли екенлигине итибар қаратты. Глобал кризистиң унамсыз ақыбетлери экономикалық бирге ислесиў тезлигине тәсир көрсетиўине жол қоймаў мақсетинде ҳәрекетлерди буннан былай да бирлестириў ҳәм алдыннан илаж көриў зәрүрлиги атап өтилди. Ҳүкимет басшылары дәрежесинде Биргеликтеги комиссия ҳәм Ҳүкиметлераралық комиссия шеңбериндеги жумыслар даўам еттириледи.

Сөйлесиўде коронавирус инфекциясының тарқалыўы менен байланыслы жағдай додаланды. Кризиске қарсы гүресиў, соның ишинде, халыққа мәнзилли жәрдем көрсетиў ҳәм социаллық кепилликлерди күшейтиў, бизнеске ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, экономиканың тийкарғы тармақларын қоллап-қуўатлаў, шеклеўлерди басқышпа-басқыш жумсартыў бойынша еки елде әмелге асырылып атырған илажлар қоллап-қуўатланды.

Өзбекстан ҳәм Россия ҳүкиметлери пандемияға қарсы нәтийжели гүресиў мақсетинде ис-ҳәрекетлерди өз-ара муўапықластырып барыў ҳәм жақыннан бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.

Сөйлесиў әдеттегидей қызғын, ашық ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА