КИТАП ЖАҢАЛЫҒЫ

Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың таңламалы шығармалары «Ижод» жәмийетлик фонды тәрепинен өзбек тилинде басып шығарылды.

Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының мәлим етиўинше, бул китапта белгили жазыўшымыздың «Қарақалпақнама», «О дүньядағы атама хатлар», «Саҳра бүлбили», «Суўық тамшы», «Муғаллимге рахмет» роман, повесть ҳәм драмасы орын алған. Топлам Рахимжан Отаев тәрепинен өзбек тилине аўдарылды ҳәм баспаға таярланды.

Атап өтиў орынлы, Т.Қайыпбергеновтың шығармалары дүньяның бир нешше халықларының тилине аўдарылып, әдебий сыйлықларға миясар болған еди. Жазыўшының туўылған күни алдынан баспадан шыққан гезектеги сайланды шығармасы өзбек китап оқыўшылары ушын әжайып саўға болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.