USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 18 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ХАЛЫҚТЫҢ БӘНТЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 22-апрель күни халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматы кескин азайыўының алдын алыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Коронавирус пандемиясы себепли дүнья  жүзиндеги миллионлаған кәрхана ҳәм шөлкемлер өз жумысын тоқтатқаны 2 миллиард 700 миллион жумысшыға тәсир көрсетти. Дүнья жүзинде кәмбағал халықтың саны дерлик  2 есеге ямаса 500 миллион адамға көбейиў қәўипи жүзеге келмекте.

Мәмлекетимизде карантин себепли 196 мың кәрханада өндирис ҳәм хызмет көрсетиў көлеми кескин азайған. Карантин себепли, жумыссызлар саны да артқаны тәбийғый.

Оны апрель айындағы 20 күнлик салық түсимлеринде де бақлаў мүмкин. Соның ишинде, бир қатар ўәлаятларда 30-40 процент, айырым район ҳәм қалаларда болса  50 проценттен аслам түсим тәмийинленбеген.

Бундай қыйын шараятта мәмлекетимиз тәрепинен бир қатар илажлар көрилмекте. Соның ишинде, бир ай алдын қабыл етилген 2 қарарға тийкарланып, ҳәзирги ўақытқа келип напақа ҳәм материаллық жәрдем алатуғын балалы шаңарақлардың саны 595 мыңнан  655 мыңға, яғный 60 мыңға көбейтилди. Сондай-ақ, халықтың кредитлер бойынша 3 триллион  260 миллиард сум муғдарындағы төлемлериниң мүддети созылды.

Карантин дәўиринде Бәнтликке жәрдемлесиў қоры ҳәм Жәмийетлик жумыслар қоры есабынан 141 мың  800 жумыссыз пуқараның бәнтлиги тәмийинленип, оларға 43 миллиард 225 миллион сум мийнет ҳақы төлеп берилди. Соның менен бирге, Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў орайлары тәрепинен  219 мың шаңараққа азық-аўқат ҳәм санитариялық-гигиеналық өнимлер тарқатылды.

Бирақ, буның менен шекленип болмайды. Күн сайын өзгерип атырған жағдай халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм мүтәж шаңарақларды социаллық қорғаў бойынша қосымша илажлар көриўди талап етпекте.

Мәжилисте карантин шеклеўлери себепли ўақтынша жумыссыз қалған пуқараларды материаллық қорғаў мәселеси Самарқанд ҳәм Наманган ўәлаятларында әмелге асырылып атырған жумыслар мысалында додаланды.

Исбилермен ҳәм фермерлер кәмбағал шаңарақларға қыйтақ жерге егин егиўге жәрдем бериўи, тәкирарый егин ушын өз жеринен орын ажыратыўы, жумысты үйге алып ислеўди жолға қойыўда жәрдемлесиўи керек екенлиги атап өтилди. Мәмлекет болса бундай субъектлерге салықты бөлип-бөлип төлеў, мүддетин кешиктириўге руқсат береди ямаса кредит ажыратады.

Мысал ушын, Самарқанд ўәлаятында «Агромир» кәрханасының басшысы бир мың шаңарақты қарамағына алып, 600 гектар жерде жаңа жүзим атызларын қурыў жумысларын баслаған.  500 ден аслам кәмбағал шаңарақты кооперативке турақлы жумысқа алып, жаңа атызларының қатар арасын оларға бөлип берген ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди жолға қойған. Қырқ күнде өним алса болатуғын қыяр туқымын тарқатып, егиў ҳәрекетлерин баслаған. Қурылыс жумысларына және 100 адамды жумысқа алған.

Және бир мысал: Самарқанд қаласындағы «Азия металл проф» кәрханасының басшысы мың шаңараққа азық-аўқат тарқатқан, 10 ға шамалас мүтәж шаңараққа турақ жай қурып бериў, 100 ин жумысқа алыў басламасы менен шыққан. Сондай-ақ, Наманган ўәлаятындағы «Арт софт» кластериниң шөлкемлестириўшилери Наманган қаласы, Поп, Мыңбулақ ҳәм Янгиқўрғон районларында 3 мың шаңараққа жәрдем бериў басламасы менен шықты.

Бул бағдардағы илажларды нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм мәмлекетлик салық комитетиниң жуўапкершилигинде министрликлер ҳәм ҳәкимликликлердиң жумысын муўапықластырып баратуғын оператив штаб дүзиледи.

Барлық район ҳәм қалаларда жумыссыз қалған ҳәм мүтәж халықты атпа-ат анықлап, қәлиплестирилген дизимлер тийкарында «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық шеңбериндеги жумысларды мәнзилли жолға қойыў бойынша көрсетпелер берилди.

Карантиннен алдын да жумыссыз болған ҳәм күнлик дәрамат тийкарында жасап келген адамларды белсенди мийнет арқалы жумыс пенен тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, аўыл хожалығы кооперативлери ҳәм шаңарақларда ыссыханалар шөлкемлестириў есабынан 14  мың жаңа жумыс орнын жаратыў мүмкин екенлиги атап өтилди. 110 мың адамды мәўсимлик,  167 мың пуқараны жәмийетлик жумыслар менен қамтып алыў ўазыйпасы қойылды.

Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен өткерилген соңғы бир неше мәжилисте аўыл хожалығы, қурылыс, химия санааты ҳәм машина қурылысы бойынша әҳмийетли илажлар белгилеп берилди. Бул жумыслар орынларда дурыс шөлкемлестирилсе, мыңлаған адамлардың бәнтлиги тәмийинленеди.

Мәселен, қудық қазып 26  мың гектар жерде шөлкемлестирилетуғын бағ, жүзим атызлары ҳәм ыссыханаларда 52 мың, пиллешилик тармағында  785 мың, қурылыс ҳәм инфраструктура тараўында  75 мың жаңа жумыс орнын жаратыў мүмкин.

Президентимиз белгиленген ўазыйпаларды сапалы орынлаў, адамларды ҳәм бәнт ҳәм разы етиў керек екенлигин атап өтти.

 

 

Мәжилисте сервис тараўын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ҳәзирги күнде улыўма аўқатланыў тармағында 13  мың, саўдада 45  мың, хызмет көрсетиўде 19 мың, транспортта 7 мың кәрхана жумысын тоқтатқан ямаса түсимлери кескин азайған.

Нәтийжеде, карантин шараятында да азық-аўқат ҳәм товарларды жеткерип бериў, көшпели саўда ҳәм хызметлерди шөлкемлестириў арқалы бул кәрханалардың кеминде 70 процентин ислетиў мүмкин. Соның менен бирге, төлемлерди қабыл етиў, қамсызландырыў, микрокредит хызметлерин де карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда, жолға қойса болады.

Усылардан келип шығып, Республикалық арнаўлы комиссияға жеткерип бериў хызметин жолға қойған исбилерменлик субъектлериниң жумысы ушын шараят жаратыў бойынша тапсырма берилди.

Өткен жыл сентябрь айынан баслап өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға ўақтынша мийнет гүўалығын бериў жолға қойылған болса-да, ол еле жетерли дәрежеде нәтийже бермей атыр. Сол себепли, өзин-өзи бәнт еткен пуқараларды қоллап-қуўатлаў, олардың нызамлы жумыс алып барыўы ушын қолайлы ҳәм әпиўайы ҳуқықый система жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта бундай адамларға 85  жумыс түри менен шуғылланыўға руқсат берилген. Мәжилисте бул дизимди кеңейтиў, нызамшылықта қадаған етилмеген барлық исбилерменлик түрлерине руқсат бериў зәрүрлиги айтылды. Өзин-өзи бәнт еткен адамлар тек ғана хабардар етиў арқалы дизимнен өтип жумыс ислейтуғын механизм енгизиледи.

Елимизде өнерментшилик жақсы дәстүрлерге ҳәм үлкен потенциалға ийе. Бүгинги күнде 25 мыңнан аслам уста, шәкиртлери менен қосып айтқанда, жәми 80 мыңға шамалас шаңарақ усы тараўдан дәрамат таппақта.

Мәжилисте аралықтан оқыў курсларын шөлкемлестирип, жаслар ҳәм ҳаял-қызларға өнер үйретиў, өз мектебине ийе өнермент усталардың тәжирийбесин телевидение арқалы ғалаба ен жайдырыў бойынша таспсырмалар берилди.

«Өнермент» ассоциациясы, Инвестициялар ҳәм сырқы саўда министрлигине өнерментшилик өнимлерин Өзбекстан миллий бренди астында сырт елде сатыўды тәмийинлеўши онлайн платформа жаратыў ўазыйпасы жүкленди.

Бүгинги күнде көплеген жаслар үйинде отырып, интернет арқалы дизайнерлик, аўдармашылық, программалаў, реклама, репетиторлық сыяқлы хызметлер көрсетпекте. Бирақ бундай қәнигелер, яғный фрилансерлер ушын аралықтан есап бетин ашыў, почта, төлемлерди қабыл етиўде бир қатар тосқынлықлар бар. Ақыбетте усы жумыс пенен шуғылланыўшылардың қәрежети 2-3 есе артып кетпекте.

Сол себепли, жуўапкерлерге бундай жумыс түрлери ушын жеңиллик ҳәм преференциялар усыныў, жасларды интернеттен пайдаланып, ақылый мийнет арқалы дәрамат табыўға үйретиў, тараўды раўажландырыў ушын сырт елде ғалаба ен жайған төлем системаларын жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди.

Видеоселектор мәжилисинде тараў жуўапкерлери ҳәм ҳәкимлер белгиленген көрсеткишлерди орынлаў режелери бойынша мәлимлеме берди.

 

 

 

 

 

 

ӨзА