Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Халқымыз әсирлер даўамында жақсылық, сақаўат, сабыр-қанаат, мийрим-шәпәәт айы сыпатында белгилеп келген Рамазан айы быйыл пүткил дүнья жүзинде коронавирус инфекциясы тарқалыўы ақыбетинде жүзеге келген қыйын эпидемиологиялық жағдай даўам етип атырған аўыр бир дәўирге туўра келмекте. Мине усындай қыйын шараятта да муқаддес динимиз буйырған ибадат әмеллерин үйде, шаңарақ дөгерегинде орынлап киятырған елимиз мөмин-мусылманлары усы пазыйлетли айды Жаратқанның шексиз рәҳмети ҳәм жақсылығының белгиси сыпатында, ертеңги күнге үлкен исеним ҳәм қуўаныш пенен күтип алмақта.

Мүбәрек Рамазан айының жәмийетимиздеги мәнаўий-руўхый турақлылықты беккемлеў, ҳәзирги қыйын сынақ ҳәм машақатларды халқымыз, пүткил дүнья жүзи халқы менен өз-ара бирлик ҳәм аўызбиршиликте жеңип өтиўдеги әҳмийетин есапқа алған ҳалда ҳәм муқаддес ислам дининиң инсаныйлық мазмун-мәнисин, оның тынышлық, кеңпейиллик, шүкиршилик сыяқлы ийгиликли идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлаў, диний-ағартыўшылық, мәдений қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм улығлаў мақсетинде:

1.2020-жыл мүбәрек Рамазан айының басланыўы 24-апрель күнине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлар уйымының мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлер өз-ара бирге ислесиўде Рамазан айының карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда, үй шараятында, шаңарақ дөгерегинде өткерилиўи ушын зәрүр шараятларды жаратыўға бағдарланған барлық илажларды әмелге асырсын.

Әсиресе, жәрдемге мүтәж шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, шаңарақлар ҳәм мәҳәллелерде мийрим-шәпәәт ҳәм өз-ара ҳүрмет орталығын беккемлеўге байланыслы шөлкемлестириўшилик илажларды және де күшейтиўге айрықша әҳмийет берилсин.

3. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына эпидемиологиялық шараяттан келип шығып, диний-ағартыўшылық руўхтағы онлайн сәўбет ҳәм баянатлар шөлкемлестириў, быйылғы Рамазан айын үй шараятында өткериўге байланыслы илажларды сәўлелендириў усыныс етилсин.

4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан  Республикасы

Президенти                               Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 20-апрель