Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Мәмлекетимиз экономикасында кең көлемли реформаларды әмелге асырыў ҳәм тийкарғы тармақлардағы модернизация бағдарламаларын әмелге асырыўда стратегиялық шерик есапланған Жәҳән банки топары менен Өзбекстан Республикасы арасындағы көп қырлы ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди  қәлиплестириў ҳәм ҳәр тәреплеме беккемлеўге, банк-финанс, салық-бюджет, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўлардағы түпкиликли өзгерислер процесине қосып атырған жеке үлеси, сондай-ақ, ири инвестиция ҳәм инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў бойынша әмелий жәрдеми, Өзбекстанның халықаралық абырайын арттырыў жолындағы үлкен ҳәрекетлери ҳәм Орайлық Азияда дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара табыслы бирге ислесиўди  тереңлестириўге қаратылған басламаларды белсене қоллап-қуўатлап атырғаны ушын Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия регионлары бойынша вице-президенти Сирил Мюллер Өзбекстан Республикасының «Дослық» ордени менен сыйлықлансын.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 20-апрель