Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-январьдағы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатында белгиленген «Жәмийет- реформалар басламашысы» деген жаңа идеяны әмелде жүзеге шығарыў, халықтың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларды басқарыўдағы қатнасыў көлемин кеңейтиў, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, пуқаралардың, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң өз-ара тығыз бирге ислесиўин орнатыў, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң үстинен жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде:

1.Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жәмийетлик палата (кейинги орынларда-Жәмийетлик палата) ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жәмийетлик палаталары (кейинги орынларда-аймақлық жәмийетлик палаталар) шөлкемлестирилсин.

2. Төмендегилер Жәмийетлик палата жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

мәмлекет, пуқаралар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының мәмлекетти буннан былай да жедел ҳәм ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратылған ис-ҳәрекетлерин бирлестиретуғын заманагөй түрдеги системалы және нәтийжели қарым-қатнасты жолға қойыў ҳәм олардың социаллық мәплери келисилиўин тәмийинлеў;

пуқаралардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумыслардағы қатнасын жеделлестириўге және мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң заманагөй механизмлерин енгизиўге жәрдемлесиў;

халықтың пикирин системалы үйренип барыў, орынларда ҳәм тараўларда халықты, пуқаралық жәмийети институларын ҳәм жәмийетшиликти тәшўишлендирип атырған әҳмийетли мәселелерди додалаў, сондай-ақ, олардың шешими бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти, Олий Мажлиси палаталарына ҳәм Ҳүкиметке тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў бойынша усыныслар киргизип барыў;

илимий-эксперт топарларының қатнасыўында пуқаралық жәмийетин раўажландырыў тараўында фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлер алып барыў бойынша инталылық көрсетиў, бул бағдардағы мәмлекетлик сиясат ҳәм оның нәтийжелери ҳаққындағы жәмийетлик пикирди системалы үйрениў, улыўмаластырыў ҳәм таллаўды шөлкемлестириў;

пуқаралық жәмийети институтларының мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиўи дәрежеси, олардың мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўға қосып атырған үлесин баҳалайтуғын көрсеткишлерди ислеп шығыў және солар тийкарында пуқаралық жәмийетиниң жағдайы ҳәм раўажланыў тенденциялары ҳаққында жыллық миллий баянатларды таярлаў;

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде пуқаралық жәмийети институтларының әмелий ҳәм нәтийжели бирге ислесиўин жолға қойыўға жәрдемлесиў және усы мәселе бойынша жәмийетлик тыңлаўларды шөлкемлестириў;

мәмлекетлик уйымлар жанындағы жәмийетлик кеңеслердиң жумысын күшейтиў, оларға методикалық ҳәм басқа да жәрдем көрсетиў;

норма дөретиўшилигиниң сапасын түп-тийкарынан жақсылаўға жәрдемлесиў, соның ишинде, мәмлекеттиң социаллық-экономикалық турмысына байланыслы ҳәм жәмийетшиликте айрықша қызығыўшылық оятатуғын оғада актуал мәселелерге байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарларын жәмийетлик экспертизадан өткериў, оларды жәмийетшилик пенен мәсләҳәтлесиў ҳәм тыңлаў тийкарында жетилистириўге жәрдемлесиў;

пуқаралар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлерди сөз еркинлиги, пуқаралардың мәмлимлеме алыў ҳәм тарқатыў ҳуқықын әмелге асырыў, мәлимлеме еркинлиги кепилликлерин тәмийинлеў бойынша додалаўларға тартыў және усы мәселелерге байланыслы әмелий усыныслар ислеп шығыў;

жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, «жәмийетлик тыңлаў», «жәмийетлик экспертиза», «жәмийетлик мониторинг» сыяқлы заманагөй қадағалаў түрлерин әмелде енгизиў;

реформалар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың орынларда әмелге асырылыўы үстинен жәмийетлик мониторингти шөлкемлестириў, оларды сапалы орынлаў ушын қосымша илажлар көриў бойынша усыныслар ислеп шығыў, ерисилген көрсеткишлер, унамлы өзгерислер ҳәм бар машқалалар ҳаққындағы мәлимлемени Өзбекстан Республикасы Президенти, Олий Мажлис палаталары ҳәм Ҳүкиметкке турақлы киргизип барыў;

«халық дипломатиясы» институтын раўажландырыў, соның ишинде, мәмлекеттиң сыртқы сиясатының тийкарғы ўазыйпаларын турмысқа енгизиў, оның абырайлы халықаралық рейтинглерде ийелеген орнын жақсылаўда пуқаралық жәмийети институтларының имканиятларынан кеңнен пайдаланыў және сырт елдеги ўатанласлар менен тығыз байланыслар орнатыў, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўда жәрдем көрсетиў.

3. а) Жәмийетлик палата ҳәм аймақлық жәмийетлик палаталар турақлы жумыс алып баратуғын мәсләҳәт-кеңес уйымлары есапланатуғыны;

б) Жәмийетлик палата жәмийетлик тийкарда ислейтуғын 50 ағзадан ибарат болып, оның қурамы  төмендеги тәртипте қәлиплестирилетуғыны:

Жәмийетлик палатаның 18 ағзасы Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен жәмийеттиң раўажланыўы, ҳуқықый мәмлекетти қәлиплестириў ҳәм миллий нызамшылықты жетилистириў, халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, Өзбекстанның илими, спорты, мәденияты ҳәм экономикасы раўажланыўына, саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаўға үлкен үлес қосқан, ел-журт ҳүрметине ийе болған пуқаралар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери арасынан тайынланатуғыны;

Жәмийетлик палатаның 18 ағзасы рсепублика дәрежесинде жумыс ислеп атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер (Өзбекстан Республикасында жумыс ислеп атырған сырт ел мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ўәкилханалары ҳәм филиаллары буған кирмейди), ғалаба хабар қураллары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери усынған талабанлар арасынан таңлаў тийкарында Жәмийетлик палатаның қарарына тийкарланып ағза етип қабыл етилетуғыны;

Жәмийетлик палатаның 14 ағзасы аймақлық жәмийетлик палаталардың ўәкиллери болып, олар лаўазымы бойынша аймақлық жәмийетлик палаталардың баслықлары есапланатуғыны;

в) аймақлық жәмийетлик палата жәмийетлик тийкарда ислейтуғын 21 ағзадан ибарат болатуғыны;

г) аймақлық жәмийетлик палаталардың қурамы жәмийетлик форумларда усыныс етилген аймақларда жумыс ислеп атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер (Өзбекстан Республикасында жумыс ислеп атырған сырт ел мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ўәкилханалары ҳәм филиаллары буған кирмейди), илимий топарлар, ғалаба хабар қураллары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллеринен қәлиплестирилетуғыны;

д) Жәмийетлик палатаның ҳәм жәмийетлик палаталардың биринши улыўма мәжилислеринде:

олардың жумысларын шөлкемлестириўге байланыслы мәселелер көрип шығылатуғыны;

олардың комиссиялары қәлиплестирилетуғыны ҳәм баслықлары сайланатуғыны;

Жәмийетлик палатаның баслығы-Жәмийетлик палата Кеңесиниң баслығы ҳәм оның үш орынбасары, соның ишинде, бир биринши орынбасары-Жәмийетлик палата аппаратының басшысы, сондай-ақ, аймақлық жәмийетлик палаталардың баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары сайланатуғыны;

Жәмийетлик палатаның ҳәм аймақлық жәмийетлик палаталардың жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде олардың басқарыў уйымлары-Жәмийетлик палата Кеңеси ҳәм аймақлық жәмийетлик палаталардың кеңеслери дүзилетуғыны. Жәмийетлик палата Кеңесиниң ҳәм аймақлық жәмийетлик палаталардың кеңеслери қурамына тийислисинше Жәмийетлик палатаның баслығы ҳәм оның орынбасарлары, аймақлық жәмийетлик палаталардың баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары ҳәм комиссиялардың басшылары киретуғынлығы;

е) Жәмийетлик палата ҳәм оның аймақлық палаталары ағзаларының ўәкиллик мүддети Жәмийетлик палата ҳәм аймақлық жәмийетлик палаталардың биринши улыўма мәжилислери өткерилген күннен баслап, 3 жыл етип белгиленетуғыны белгилеп қойылсын.

4. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жәмийетлик палатаның дүзилиси 1-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жәмийетлик палаталарының дүзилиси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

5. Жәмийетлик палатаның жумысы оның атқарыўшы уйымы-юридикалық тәреп есапланған Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жәмийетлик палатаның аппараты (кейинги орынларда-Аппарат) тәрепинен тәмийинленетуғыны;

Аппарат Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гербиниң сүўрети түсирилген ҳәм атамасы мәмлекетлик тилде жазылған мөрине, бланкине, бийғәрез балансына, Қаржы министрлигинде жеке ғазна есап бетлерине, коммерциялық банклерде сырт ел валютасындағы есап бетлерине ийе болатуғыны;

аймақлық жәмийетлик палаталардың аппаратлары Аппараттың аймақлық бөлимлери (кейинги орынларда – аймақлық бөлимлер) есапланатуғыны белгиленсин.

6. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, Министрлер Кабинети, Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў орайы (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестириўшилери, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети ҳәм кең жәмийетшиликтиң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

Жәмийетлик палата шөлкемлестирилгенлиги мүнәсибети менен ҳәм оның пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға байланыслы ўәкилликлери басқа уйымлар ҳәм жәмийетлик структуралардың ўазыйпалары менен қайталаныўының алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңесин ҳәм Орайды сапластырыў;

Аппарат штат бирликлерин ҳәм материаллық-техникалық базасын сапластырылып атырған Орай есабынан қәлиплестириў;

аймақлық бөлимлердиң штат бирликлерин сапластырылып атырған Орайдың аймақлық бөлимлери штат бирликлери есабынан қәлиплестириў.

7. Жәмийетлик палатаның баслығы ҳәм аймақлық жәмийетлик палаталардың баслықлары жәмийетлик тийкарда жумыс алып баратуғыны;

Жәмийетлик палатаның баслығы статусы ҳәм транспорт және медициналық тәмийинлениўине бола министрге теңлестирилетуғыны;

Жәмийетлик палата баслығының биринши орынбасары ҳәм орынбасарлары статусы, мийнетке ҳақы төлеў, медициналық ҳәм транспорт тәмийнатына бола тийислисинше министрдиң биринши орынбасары ҳәм министрдиң орынбасарларына теңлестирилетуғыны;

Аппарат хызметкерлери – министрликлердиң орайлық аппараты, Аппаратттың аймақлық бөлимлери хызметкерлери болса – министрликтиң аймақлық бөлимлери хызметкерлерине теңлестирилетуғыны;

Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына бола Аппарат ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң лаўазым айлықларын белгилеўде тариф коэффицентлери еки есе арттырылған муғдарда қолланылатуғыны белгилеп қойылсын.

8. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары ҳәм «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң «Mening fikrim» веб-порталын Жәмийетлик палатаның қурамына өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

9. Төмендегилер Аппарат жумысын қаржыландырыўдың дәреклери етип:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен өткерилетуғын таңлаўлар нәтийжелери бойынша ажыратылатуғын грантлар;

Халықаралық финанс ҳәм басқа да институтлар, сырт ел шөлкемлериниң грантлары;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық жәрдемлери ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.

10. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық, районлық (қалалық) Кеңеслеринде Жәмийетлик палата ҳәм аймақлық жәмийетлик палаталар тәрепинен жәмийетшилик ушын әҳмийетли болған мәселелер бойынша өткерилген үйрениўлер ҳәм додалаўлардың нәтийжелерин ҳәр шеректе көрип шығыў әмелияты енгизиледи;

Жәмийетлик палата  ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына пуқаралық жәмийетиниң жағдайы ҳәм раўажланыў тенденциялары ҳаққында жыллық миллий баянатларды усынады;

Жәмийетлик палата ҳәм аймақлық палаталардың ағзалары ҳәр бир мәмлекетлик уйымның ашық коллегия мәжилисинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының мәжилислеринде, «Ҳүкимет сааты»нда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық, районлық (қалалық) Кеңеслери мәжилислеринде қатнасыўға ҳақылы;

Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы усыныслар, мәмлекеттиң социаллық-экономикалық турмысына байланыслы ҳәм жәмийетшиликте айрықша қызығыўшылық оятатуғын әҳмийетли мәселелерге байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары Жәмийетлик палатаға көрип шығыў ушын жибериледи;

Жәмийетлик палата ҳәм аймақлық палаталардың қарарлары мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да структуралар ушын усыныс көринисине ийе;

Жәмийетлик палата ҳәм аймақлық жәмийетлик палаталар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге нызамлардың, ҳәр қыйлы тараўлардағы мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы ҳәм олардың ўәкиллигине киретуғын басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша тийкарланған түсиник бериў ямаса көзқарасын билдириў талабы менен Жәмийетлик палатаның сораўын жибериў ҳуқықына ийе. Бунда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер сораўға жуўапты, егер басқа мүддет белгиленген болмаса, ол алынған күннен баслап он күннен кешиктирмей жибериўи лазым;

Жәмийетлик палата ҳәм аймақлық жәмийетлик палаталар ҳәр бир мәмлекетлик уйым, атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы жәмийетлик кеңеслер (ҳуқық қорғаў уйымлары жанындағы жәмийетлик кеңеслер буған кирмейди) қурамларын қәлиплестириўде қатнасады;

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары өз жумысын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң еркинлиги ҳәм олардың жумысына араласпаў принциплерине қатаң әмел еткен ҳалда Жәмийетлик палата ҳәм аймақлық жәмийетлик палаталар менен өз-ара тығыз бирге ислесиўде әмелге асырады;

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының басшылары Жәмийетлик палата ҳәм аймақлық жәмийетлик палаталардың жумысы шөлкемлестирилиўи ҳәм әмелге асырылыўы ушын зәрүрли шараятларды жаратады ҳәм ҳәр тәреплеме жәрдемлеседи.

11. Жәмийетлик палата мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүдетте кең жәмийетшиликтиң пикирин ҳәм алдыңғы тәжирийбени есапқа алған ҳалда, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жәмийетлик палата ҳаққында»ғы нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин:

Жәмийетлик палата жумысының ҳуқықый тийкарлары;

Жәмийетлик палатаның мақсет ҳәм ўазыйпалары, ҳуқық, миннетлемелери ҳәм функциялары;

Жәмийетлик палатаның қурамын қәлиплестириў тәртиби;

Жәмийетлик палатаның ағзасы статусы, жумысының кепилликлери, ҳуқық ҳәм миннетлемелери, сондай-ақ, олардың ўәкиллигин тоқтатыў ҳәм сапластырыў тәртиби;

мәселеси бойынша Жәмийетлик палата менен келисилиўи тийис болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының қатаң белгиленген түрлери;

   Жәмийетлик палатаның мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиўи;

Жәмийетлик палатаның жумысын финанслық ҳәм материаллық-техникалық жақтан тәмийинлеў тәртиби.

12. Аппарат:

Қаржы, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, Ишки ислер министрликлери, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Мәмлекетлик статистика комитети, Бас прокуратура, Жоқарғы суд, басқа да министрликлер ҳәм уйымлардың статистика мәлимлемеси;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджет-салық изертлеўлери институты ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы Прогнозлаў ҳәм макроэкономикалық изертлеўлер институтының аналитикалық материаллары мәжбүрий жиберилетуғын реестрге киргизилсин.

13. Аппаратқа төмендеги ҳуқықлар берилсин:

Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары қәнигелерин, пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллерин, илимий-изертлеў институтлары ҳәм орайлары хызметкерлерин, сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт ел илимпазлары менен қәнигелерин шәртнама тийкарында изертлеўлер алып барыўға тартыў;

Изертлеўлер алып барыў ҳәм кадрлар таярлаў бойынша халықаралық шөлкемлер, қорлар, жергиликли ҳәм сырт ел изертлеў орайлары ҳәм оқыў орынлары менен шәртнамалар дүзиў;

Баспа жумысын әмелге асырыў, мәлимлеме-аналитикалық шолыўлар ҳәм баянатлар, «Фуқаролик жамияти» журналы, «Жамият» газетасы ҳәм басқа да басылымларды басып шығарыў;

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, хожалық басқарыў уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлерден зәрүрли статистикалық, аналитикалық ҳәм басқа да мағлыўматларды сораў ҳәм алыў.

14. Аппарат Ташкент қаласы, Шайхонтоҳур районы, Фурқат көшеси, 1А-жай мәнзилинде бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Аппаратқа 4 автомобиль тәмийнаты ушын лимит ажыратсын.

15. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

а) аймақлық бөлимлердиң сапластырылып атырған Орайдың аймақлық бөлимлери ийелеп турған имаратларынан еркин пайдаланыў ҳуқықы сақланып қалыўын тәмийинлесин;

б) Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қосымша дәреклериниң қаржылары есабынан:

жергиликли жәмийетлик палаталардың өз ўазыйпалары ҳәм функцияларын нәтийжели орынлаў ушын зәрүрли материаллық-техникалық шараятлар жаратып берсин;

аймақлық жәмийетлик палаталардың буйыртпа хатлары тийкарында имарат ҳәм ханаларды капитал ҳәм ири оңлаў, оларды заманагөй шөлкемлестириўшилик техника, мебель ҳәм зәрүрли байланыс қураллары менен тәмийинлеў бойынша жумысларды шөлкемлестирсин.

16. Жәмийетлик палата мәпдар министрликлер ҳәм мәкемелер менен биргеликте үш ай мүдетте:

Аппарат ҳаққындағы реже жойбарын ислеп шығып, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин;

Нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

17. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 16-апрель