2020-жыл 20-апрель ҳалатына Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясынан емленип атырған наўқаслар 54 адамды қурады. Улыўма 4 адам саўалды. Бул ҳаққында ҚР ДСМ хабар берди.
Ҳәзирги ўақытта улыўма Қарақалпақстан бойынша карантинге алынған пуқаралар саны 5 706 адамды қурайды. Соннан 93 адам Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында, 85 адам районлық медициналық бирлеспелердиң жуқпалы кеселликлер бөлимлеринде, 50 адам Нөкис қаласындағы басқа карантин емлеўханаларында ҳәм 5 478 адам үй шараятындағы карантинге алынған. Емлеўханаларда жатырғанлардың аўҳаллары жақсы.
Усы күнге шекем медициналық бақлаў жуўмақланып, карантиннен шығарылғанлар 5 334 адамды қурайды.
Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги