Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында  усы жыл 8-апрель күнги коронавирус пандемеясына қарсы гүресиўде орынлардағы жумыслардың нәтийжелилигин таллаў ҳәм  азықаўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықтың бәнтлигин ҳәм  дәраматын арттырыўдың әҳмийетли дәреги болған қыйтақ жерди раўажландырыўға бағышланған видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Нөкис қаласындағы мәкан пуқаралар жыйынларында да бир қатар жумыслар алып барылмақта.

 

 

 

-Аймағымызда қыйтақ жери арқалы өзлерин, соның менен бирге, басқаларды да азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеп отырған шаңарақлар көпшиликти қурайды,-дейди «Қутлы қоныс» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Гүлистан Бердиниязова.-Әсиресе, ҳәзирги карантин илажлары жәрияланған дәўирде үйлеринде бос отырмастан, қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланған ҳалда  овощ-палыз егинлерин егиў ислери менен шуғылланбақта. Бунда көп жыллық тәжирийбеге ийе нуранийларымыз жас шаңарақларға өрнек болмақта.

Бәҳәрдиң ҳәр бири күни ғәниймет.  Сектор басшылары халықтың қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланыўы ушын барлық шараятларды жаратып бермекте.  Буның ушын зәрүр болған нәл, туқым ҳәм басқада материаллық ресурслар ҳәр бир мәкан пуқаралар жыйыны аймағына жеткерип берилмекте.

Солай екен, бүгин қыйтақ жерге егин екпей, оны қараўсыз таслап қойыў елимизге ҳәм жерге болған қыянет екенлигин үйме-үй жүрип, ҳәр бир шаңарақты ескертип атырмыз. Буннан аймақ турғынлары да тийисли жуўмақ шығарып, егисти шөлкемлескенлик пенен алып бармақта.

Бул жумыслар менен жақыннан таныстырыў мақсетинде мәкан пуқаралар жыйынының баслығы бизлерди Кеңесбай Әўезовтың шаңарағына баслап барды. Жас болса да қыйтақ жерден пайдаланыўда бираз тәжирийбе топлаған бул жигит  үш жылдан бери 2,5 сотих ыссыханасынан нәтийжели пайдаланып келмекте. Жылына еки мәрте өним алып, 10 миллион сумға шамалас дәрамат көрмекте.  Быйылғы режелери буннан да жоқары.

-«Изленген имкан табады»,-дейди дана халқымыз. Февраль айында егилген қыяр нәллери дәслепки өнимин бере баслады.  Бүгинги күнге 100 килограммнан зыят өним терип алынып, Нөкис дийқан базарына жеткерип берилди. Суўды үнемлеў мақсетинде  егинлер тамшылатып суўғарыў технологиясында әмелге асырылады. Өмирлик жолдасы, үй бийкеси Рамиза Жийемуратова, баласы, Ташкент  мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалының студенти Мырзабек Бекбосынов, қызы, И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп оқыўшысы Элиза Бекбосыновалар бос ўақытларында егинлерге тәрбия бериўде ҳәм өнимлерди жыйнаўда жәрдем береди.

-Усы жылдың февраль айында 600 түпке шамалас қыяр нәлин бөлек-бөлек өсирип, кейин ыссыханаға отырғызып шықтым,-дейди Кеңесбай Әўезов.-Июль айының ақырына шекем биринши өнимди жыйнап алып, август айында екинши мәрте егемен.

Буннан тысқары, шаңарақтың 2 сотих қыйтақ жеринде бағ жаратылған. Онда ҳәр жылы түрли мийўе өнимлери жетистирилип келинбекте.

 

 

 

Аймақтағы жумыссыз пуқаралар, соның ишинде, кәсип-өнер колледжин питкерген жасларға Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң қорынан ажыратылған субсидия есабынан ыссыханалар қурып берилмекте. Қәнигелердиң атап өткениндей,  бүгинги күнге шекем Нөкис қаласы бойынша 62, усы мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан 6 шаңараққа ыссыхана қурып берилген. Алпамыс Турғанбаев өткен жылы кәсип-өнер колледжин питкерип, бүгинги күни жумыссыз отырған еди. Нөкис қаласы Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў орайы ҳәм «Кардар» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен үш тәреплеме дүзилген шәртнама тийкарында оның шаңарағына да бириншилерден болып ыссыхана қурып берилди.

Жумыслар менен танысыў барысында аңлағанымыз, мәкан пуқаралар жыйынының турғынлары карантин илажлары дәўиринде ҳеш қандай түскинликке берилместен, жәмлескенлик пенен қыйтақ жерлерине егин егиў жумысларын даўам еттирмекте. Себеби, бүгин тасланған туқым ертеңги күни шаңараққа мол ырысқы-несийбе ҳәм дәрамат алып келеди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.