Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-апрель күни коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде халықаралық финанс институтлары менен бирге ислесиўди күшейтиў мәселелерин додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.

Усы жылы халықаралық ҳәм сырт ел финанс институтлары тәрепинен бағдарланған 2,7 миллиард долларды өзлестириў режелестирилген. Олардың тийкарғы бөлеги Азия раўажланыў банки, Жәҳән банки ҳәм Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA)ниң үлесине туўра келеди.

Ҳәзирги жағдайдан келип шығып, әмелдеги жойбарларды оптималластырған ҳалда, қаржылар биринши орында медицина тараўына бағдарланбақта. Халықаралық шөлкемлер бул бағдарда мәмлекетимизге жәрдемлесиў ҳәм қаржы ажыратыўға таяр екенин билдирмекте.

Мәжилисте халықаралық финанс институтлары пандемия менен гүресиў ушын денсаўлықты сақлаў тараўына ажыратып атырған 277 миллион доллар муғдарындағы қаржыларды жедел ўақытларда ҳәм нәтийжели өзлестириў керек екенлиги атап өтилди.

 

 

Ислам раўажланыў банки менен келисип, Ташкент ўәлаяты Зангиата районында қурылып атырған емлеўхана ҳәм Жоқары Шыршық районындағы карантин аймағын заманагөй медициналық техникалар менен үскенелеў бойынша тапсырмалар берилди.

Денсаўлықты сақлаў министрлигине бирлемши ҳәм медициналық жәрдем жойбарлары шеңберинде Азия раўажланыў банки ҳәм Жәҳән банкиниң 30 миллион доллар қаржы есабынан өкпени жасалма жол менен вентиляция етиўши 2 мың 300 аппарат ҳәм басқа да үскенелер сатып алыў ўазыйпасы қойылды.

 

 

Азия инфраструктуралық инвестициялар банки ҳәм Жәҳән банкинен қосымша қаржылар тартып, медициналық ҳәм социаллық тараўларға бағдарлаў бойынша көрсетпе берилди.

Пандемия шараятында исбилерменлик, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў ушын 700 миллион доллар тартыў нәзерде тутылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы бул қаржыларды, биринши гезекте, мийўе-овощ, азық-аўқат санааты ҳәм экспортты хошаметлеўге бағдарлаў зәрүр екенлигин атап өтти.

 

 

Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президентиниң быйыл 19-марттағы пәрманына бола, Кризиске қарсы гүресиў қоры шөлкемлестирилген еди. Бул қордан инфраструктура ҳәм коммунал хожалығы тараўындағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын қосымша түрде 3,6 триллион сум ажыратыў нәзерде тутылған.

Мәжилисте усы мәселеге де айрықша итибар қаратылып, жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берилди.

Коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў илажлары ушын донор шөлкемлер менен қосымша грант келисимлерине қол қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Халықаралық финанс институтларының қаржыларын тартыўды жеделлестириў ҳәм өз ўақтында өзлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

ӨзА