Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 16-апрель күни химия, агротехника ҳәм автомобиль санааты кәрханаларында өндирис пәтлерин тәмийинлеў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў мәселери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Бизге белгили, коронавирус пандемиясы барлық мәмлекетлердиң экономикасына үлкен зыян келтирмекте. Халықаралық валюта қоры есабатында мәлим етилиўинше, быйыл дүнья экономикасының көрсеткишлери кеминде 3 процентке төменлеўи күтилмекте.

Усындай қыйын дәўирде Өзбекстанда экономикалық турақлылықты сақлап қалыў ҳәм халықтың дәраматлары азайып кетпеўин тәмийинлеў ушын барлық резервлер иске қосылмақта. Зәрүр илажлар улыўма көзқарас тийкарында емес, ал ҳәр бир тармақ бойынша айрықша белгиленип атыр. Оларға жәрдем бериў, машқалаларды күнделикли шешиў ушын Президент Администрациясы, ҳүкимет, министрлик ҳәм уйымлардың басшылары 128 ири өндирис кәрханасына бириктирилген.

Химия санааты бар қуўатлықларды сақлап қалыў менен бирге жаңа өндиристи жолға қойыў ушын барлық имканиятларға ийе. Бирақ, тармақтағы бүгинги жағдайға мәжилисте сын көзқараста баҳа берилди.

Атап өтилиўинше, усы жылы 9 триллион сумлық өним ислеп шығарыў ҳәм 280 миллион долларлық экспорт режелестирилген. Буған ерисиў ушын «Өзхимиясаннат» акционерлик жәмийети тармақтағы кәрханалардың жумысына жәрдем берип, талабы жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыў көлемин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, жақын бир айда «Наўайыазот» акционерлик жәмийетиндеги поливинилхлорид кәрханасының қуўатлылығын 90 процентке жеткериў, азот кислотасын ислеп шығарыў жойбарын пайдаланыўға тапсырыў ўазыйпасы  қойылды.

Ҳәзирги эпидемиологиялық жағдайға байланыслы тазалаў ҳәм дезинфекция қуралларына талап артқан. Атап айтқанда, қоңсы мәмлекетлерден 2 мың тонна гипохлоритке буйыртпа келип түскен. Сондай-ақ, таў-кән металлургия санааты ушын әҳмийетли болған цианид дузларына да талап артпақта.

Сонлықтан имканиятларды толық қолланыў арқалы өндиристиң көлемин арттырыў, бар қуўатлықларды модернизациялаўға қаратылған жаңа жойбарларды таярлаў бойынша көрсетпелер берилди.

Сыртқы базарда өнимлеримиздиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ушын транспорт қәрежетлерин азайтыў, шерик мәмлекетлер менен келисип, темир жол арқалы тасыўда қолайлықлар жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев өткен жылы 12-июльде Ташкент аўыл хожалығы техникасы заводында болып, қәнигелер менен тармақтағы машқалаларды додалаған еди. Ондағы жуўмақлар ҳәм таллаўлар тийкарында 31-июль күни мәмлекетимиз басшысының «Аўыл хожалығының автомобиль қурылысын жедел раўажландырыў, аграр секторды аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеўди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Өткен ўақыт ишинде бул бағдарда белгили жумыслар әмелге асырылды.

Мәжилисте техникаларды өз ўақтында сатыў ушын тутыныўшы менен ислесиў системасын раўажландырыў, фермерлер ҳәм дийқанларға кредит жеңилликлерин бериў зәрүрлиги атап өтилди. «Өзагротехсанаатхолдинг» компаниясына аўыл хожалығы техникаларын электрон буйыртпа тийкарында сатыў системасын енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Жергиликли өндирисшилер тәрепинен таярланған аўыл хожалығы автомобильлериниң сапасы ҳәм баҳасы бойынша сын пикир айтылды, бул жағынан олар сырт елге салыстырғанда бәсекиге шыдамлы емес. Техника қымбат болса, аўыл хожалығы өнимлериниң баҳасына да тәсир етеди.

Усы мүнәсибет пенен барлық техниканың баҳасын таллаў тийкарында өндиристи оптималластырыў, металл қуйыў қуўатлықларын тез иске түсирип, локализациялаў дәрежесин арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.

 

 

– Локализациялаўдан мақсет, өзимиздиң аўылларға сәйкес, дийқанларға туўра келетуғын сатып алыўға қолайлы миллий тракторларды ислеп шығарыў, – деди Шавкат Мирзиёев.

Пахта теримин механизациялаўды жеделлестириў, усы жыл сентябрьге шекем орынларға кеминде 1 000 пахта териў машинасын жеткерип бериў, барлық аймақларда сервис орайларын шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленди.

Пүткил дүньяда пандемиядан ең үлкен зыян көрген тармақлардан бири автомобиль қурылысы болмақта.

Бундай шараятта кәрханалардың турақлы ислеўин тәмийинлеў ушын, бәринен бурын, ишки базар имканиятларынан толық пайдаланыў зәрүр. Мәселен, мәмлекетимизде аўысық ҳәм комплектлеўши бөлеклер базары 500 миллион долларды қурайды. Жергиликли өнимлердиң ондағы үлеси болса, 9 процент ғана.

«Өзавтосанаат» акционерлик жәмийетине усы жылдың ақырына шекем 300 түрдеги импорт комлектлеўши бөлеклерди өзлестирип, сырт елдикиндей сапалы ислеп шығарыў ўазыйпасы қойылды.

Автомобильлердиң жаңа моделлерин ислеп шығыў, автокредит берип атырған коммерциялық банклерди хошаметлеў бойынша көрсетпелер берилди.

«SamAuto» ҳәм «MAN» заводларында арнаўлы техникалардың өндирисин кеңейтиў, аграр тармақта талап бақланып атырған жаңа түрлерди өзлестириў жақсы нәтийже беретуғыны атап өтилди.

Автосанаат өнимлериниң экспортын арттырыў мәселесине де тоқтап өтилди. Өндиристен тартып, саўда ҳәм сервис хызметине шекемги болған барлық процесслерди санластырыў арқалы сапасын қадағалаў, өнимге исенимди арттырыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Видеоселектор мәжилисинде химия, агротехника ҳәм автомобиль санааты тармақларының жуўапкерлери, ири кәрханалардың басшылары мәлимлеме берди

 

 

 

ӨзА