Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 14-апрель күни аўыл хожалығы тармақларын және де раўажландырыў, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин арттырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өткерилди.

Ҳәзирги глобал кризис ҳәм пандемия шараятында халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматын тәмийинлеў, экономикалық турақлылықты сақлаўда аўыл хожалығы ең көп имканиятқа ийе тараў болып есапланады.

Халықаралық экспертлердиң пикиринше, пандемия ақыбетинде ашлықтан қыйналып атырған халықтың саны 2 есе артып, 1 миллиард 600 миллионға жетеди.

Мәмлекетимизде ишки талапты толық тәмийинлеў менен бирге, экспорты арттырыў ушын да үлкен имканиятлар бар. Соңғы үш жылда тараўда мәпдарлықты арттырыў, әпиўайы етип айтқанда, дийқан ҳәм фермерди бай етиў ушын барлық мәселелер шешилип берилди. Енди жуўапкер басшылар менен дийқанлар да өним ҳәм дәраматты көбейтиў ушын жаңа бағдарда ислеўи зәрүр.

Быйыл аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тараўының ўәкиллери ушын үлкен сынақлар ҳәм кең имканиятлар жылы болады. Пандемия ҳәм карантин қанша ўақыт даўам етиўине қарамастан, халықтың азық-аўқатқа болған талабы азаймайды. Сонлықтан, мийўе-овощ жетистириў ҳәм шарўашылық тармақларында өним жетистириў көлемин еки есеге арттырыў ўазыйпасы қойылмақта.

Мәжилисте мийўе-овощ жетистириўге қәнигелестирилген 55 район, 86 кластер ҳәм 125 кооператив бул бағдарда жетекши болыўы керек екенлиги атап өтилди. Бағлар ҳәм  жүзим атызларының қатар араларынан, тәкирарый егин майданлардың ҳәр бир қарысынан нәтийжели пайдаланып, 2-3 мәрте өним алыўды жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Аўыл хожалығы министрлиги, Бағшылық және Жүзимгершилик агентликлери овощ, палыз ҳәм басқа да түрдеги егинлердиң егилиўин шөлкемлестириў ушын жуўапкер етип белгиленди.

Ишки ислер министрлигине карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда, аўыл хожалығы ҳәм өндирис пенен байланыслы автотранспорт қуралларының еркин  ҳәрекетлениўин тәмийинлеў бойынша тапсырма берилди.

Өнимниң көлемин арттырыў ушын усы  жылы 124 мың гектар обороттан шыққан жерлерди толық өзлестириў зәрүр.

Бүгинги күнде Бахмал районында 3 мың гектар, Қўшрабат районында 5 мың гектар, Бешарық районында 2 мың гектар обороттан шыққан жерде қудықлар қазылып, бағлар ҳәм жүзим атызларын қурыў басланған. Бундай жойбарларды басқа аймақларда да әмелге асырыў, суў шығарып, суўғарылмайтуғын  жерлерди өзлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Усы мақсетлер ушын Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги және Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлиги қорларына 300 миллиард сум ажыратылады. Шөлкемлестирилген бағ ҳәм жүзим атызлары, ыссыханалар халыққа 7 жылға шекем лизинг тийкарында 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен бериледи.

Және бир бағдар – өзлестирилген жердиң ижара ҳуқықы белгили бир азық-аўқат түрин жетистириў шәрти менен 5-10 жылға сатылады. Соннан түскен қаржы жаңа жерлерди өзлестириўге жумсалады.

Мәжилисте туқым ҳәм минерал төгинлер тәмийнатының машқаласы да талланды. Бүгинги күнде егислик туқымларының 25-30 проценти  сырт елден келтириледи, қалған бөлеги болса дийқанлар тәрепинен түрлише таярланады.

Қытайда экспортқа қолайлы собықлы егинлерден 30-40 центнер өним алынса, Өзбекстанда 20 центнерден артпайды, айырым аймақларда болса тек 7-8 центнерди қурайды.

Пандемия шараятында туқым менен тәмийинлеўде үзилислер болмаўы зәрүр екенлиги айтып өтилди.

Ҳәр жылы мәмлекетимизге 300 мың тоннаға шамалас картошка, сондай-ақ, 10-15 мың тонна туқымлық картошка шет елден алып келинеди. Сонлықтан, Қорғантепа, Бахмал, Замин, Шаҳрисабз, Китоб, Янгиқўрған, Булунғур, Бостанлық районлары туқымлық картошка жетистириўге қәнигелестирилиўи белгиленди.

Системадағы және бир машқала – мийўе-овощ жетистириў ушын 255 мың тонна фосфорлы, 290 мың тонна азотлы төгин жетиспейди. Сондай-ақ, төгинлердиң биржа саўдалары арқалы сатылыўы да дийқанларға бир қатар қыйыншылықларды туўдырмақта.

Сонлықтан, «Өзхимиясанаат» акционерлик жәмийетине мийўе-овощ жетистириўге кәнигелескен 55 районда төгин дүканларын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

 

 

– Егинлерди егиўге аз мүддет қалды. Бул жумысларды он күн ишинде жуўмақламасақ, кейин кеш болады. Қаржы болмаса, егис те болмайды, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Соннан келип шығып, мийўе-овощ жетистириў ҳәм сатып алыўға айрықша қаржыландырыў системасын енгизиў бойынша көрсетпе берилди.

Қуяшлы елимизде апрель айының екинши ярымында көк шөп, помидор, қыяр, май айында болса черешня ҳәм ерик таяр болады. Экспорттың 60-70 проценти усы өнимлерге туўра келеди.

Жуўапкерлерге мийўе-овощлардың экспорты бойынша районлар ҳәм хожалықлар кесиминде анық есап-санағын шығарып, пандемия шараятында жүзеге келетуғын мәселелерди қысқа мүддетте шешип барыў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимизде шарўашылықты раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылмақта. Қарақалпастан Республикасы ҳәм Ташкент ўәлаятының Аҳангаран районын усы тармаққа қәнигелестириў бойынша айрықша қарарлар қабыл етилди. Улыўма, тармақта алдынғы жылларда болмаған хошаметлеў механизми жолға қойылды. Нәсилли маллар ушын 2 миллион сумға шекем, нәсилли қой ҳәм ешкиге 400 мың сумнан субсидия ажыратыў механизми енгизилди. Орынларда заманагөй шарўашылық комплекслери иске түсирилмекте.

Президентимиз енди өним ислеп шығарыўды көбейтиў менен бирге импорт етилип атырған товарлардың орнын қаплаў зәрүр екенлигин атап өтти.

Азықлық ислеп шығаратуғын кәрханалар, қарамал бағыў бойынша шаңарақлық кооперацияларды көбейтиў бойынша ўазыйпалар қойылды. Ҳәр бир ўәлаятта нәсилли қарамал таярлаў ҳәм сатыўға мөлшерленген хожалықлар шөлкемлестирилиўи белгиленди.

Қусшылықты ҳәм азықлық тәмийнатын беккемлеў ҳәм халық пенен кооперацияны раўажландырыў керек.

Мәжилисте атап өтилгениндей, кооперация тийкарында үйлерде қус бағыў тәжирийбеси кеңнен енгизиледи. Бунда қусшылық кәрханасы үйге  үш күнлик шөжелерди тарқатып, азық-аўқатын жеткерип береди. Қырқ күннен кейин кооперацияның өзи гөшти орайласқан ҳалда сатып алады.

Бизге белгили, балықшылық ушын да барлық ҳуқықый-шөлкемлестириўшилик  тийкарлар жаратылған. Өткен жылы елимизде 200 мың тонна балық жетистирилген.

Бүгинги күнде 38 мың гектар жасалма суў бассейнлериниң тек ғана 0,6 процентинде интенсив балықшылық шөлкемлестирилген. Қалаберсе, оларда өнимдарлық дәрежеси төменлигинше қалмақта.

Мәжилисте быйыл балық жетистириўди кеминде 350 мың тоннаға жеткериў, жасалма бассейнлерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырып, балықшылық хожалықларын ҳәм қайта ислеў кәрханаларын шөлкемлестириў бойынша бир қатар тапсырмалар берилди.

Пал ҳәррешилик тармағына итибар қаратылып, быйыл өндирис көлемин 5 есеге көбейтиў, тоғай хожалықларындағы имканиятларды толық иске қосыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Халыққа пал ҳәрре уясы тарқатылып, олардан өним сатып алатуғын пал ҳәррешилик кластерлерин шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Аўыл хожалығын үй шараятында жумыс пенен тәмийинлейтуғын резервлерден бири – пилле жетистириў тараўы. Быйылғы жылы 382 мың қуты наўқан қурты бағылыўын инабатқа алсақ, бул кеминде 750 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеў дегени.

«Өзбекпиллесанаат» ассоциациясы және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине бул бағдардағы жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў, жақсы өним алған үйлерге қосымша қаржылар ажыратыў тапсырылды.

– Усы илажлар нәтийжесинде мыңлаған пуқараларымызды жумыс пенен тәмийинлеў, дәраматларын көбейтиўге ерисемиз. Базарларымызда өним көп болады. Ҳәр бир министр, сектор басшысы буны жақсы түсинип, мәмлекетте азық-аўқат қәўипсизлигин тәмиийинлеўде мениң орным қандай болады, деген сораўға ҳүжданлы түрде жуўап бериўи керек, – деди Президент.

Видеоселектор мәжилисинде аўыл хожалығы тармақларының басшылары, ўәлаят ҳәкимлери мәлимлеме берди. Аймақларға бириктирилген жуўапкерлер ҳәм ҳәкимлердиң пандемия дәўиринде әмелге асырып атырған жумыслары сын көзқараста көрип шығылды.

ӨзА