Дерлик ҳәр биримиздиң жүрек төримизден орын алған «Танк» фильминиң бизге қәдирдан ҳәм таныс болған диалогларын сизлердиң дыққатыңызға усыныўды мақул көрдик…

– Кемпир, ҳә кемпир! Ана аўылдың шетиндеги гөр қаза беретуғын ақсақтың аты ким еди?

– Ҳәәә, ана Раҳматылланы айтасаң ба?

– Әй, өш! Нәлет жаўғыр сениң. Оншама бақырасаң! Намазды бузайын деп едиң-ғо…

 

***

Кегейли бетке қыз айттырып бармаған екенмен-дә! Несип етсе, мениң балам болармеди?!

***

– Оқыўым еле питкен жоқ.

– Не қыл дейди? Усы қыз шешеси менен ойнайды-ай… 5 жыл азлық етемекен?
– Апа, ойын емес-аў. Сәл кемиси бар. Сол кемиске енди танк керек.

– Танки… Өйбей, қурған маңлайым-ай! Кишкантайыңда да дөдет әпер деп қоймайтуғын едиң, бой жетсеңде балалығың қалмайды…

***

Қызымды оқытып-оқытып, атампушықтың оқымаған баласына бермеймен!

***

Диплом жумысын өткериў ушын муғаллимди айтқанына көндиргендей адам керек. Оны «танк» дейди, болмаса бир сыйырдың пулы…

***

– Қызың танки керек дейди. Муғаллимлерге қарап айдайтуғын танки керек екен.

– Мен не военныйман ба?

***

– Бармасам, қызым жыласа, сатып берейин десем, маңлайымыздағы жалғыз сыйыр. Ол өзимизге де керек. Ақылым ҳайран…

– Көк шай ишсеш, көк шай ишсең ақылың енеди-ғо…

***

Сениң дәртиң пал емес, пул-ғо…

 

***

 

– Алды менен сен маған соны айт, барған менен жумысым пите ме, питпей ме?

– Аввал пул беринг айтаман. Арвоҳлар гапирмаяпти. Арвоҳлар оч!

– Әстаўпыралла, мениң қалаға келиўиме қарап турған екен-дә, жүреги үзилип!

***

– Халық артистисең-ғо я?

– Аўа.

– Онда саған айтайын дегеним, алдыңа халқың келип тур, иним!

***

– Шет елден келгеннен кейин генжетайымның тойына Радж Капурды әкелип бересиз.

– Радж Капур… Оның өлгени қашшан.

– Неге өледи? Ким өлтирди?

– Жасы жетип, қартайып өлди.

– Ҳе, артисам қартаямекен? Баллары бар ма?

– Оларды не қыласаң? Олар Ҳиндстанда-ғо.

– Болса бола берсин. Маған Капур керек. «Аварагу»ди айтып берсе болды.

Таярлаған: Ислам МАТЕКОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.