ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар бериўинше, бүгин коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслардың және төртеўи толық емленди.

Олардың биреўи БАӘның Дубай қаласынан, және биреўи Түркиядан келген, қалған екеўи болса коронавирус инфекциясы анықланған наўқас пенен жақын байланыста болған пуқаралар екенлиги мәлим етилди.

Оларды ӨзР Денсаўлықты сақлаў министри Алишер Шадманов ҳәм басқа жуўапкер адамлар Республикалық қәнигелестирилген терапиялық ҳәм медициналық реабилитация илимий-әмелий медициналық орайына жиберди.

Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытқа шекем Өзбекстанда коронавирус инфекциясынан толық емленгенлер саны 12 адамға жетти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.