Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде болып өткен брифингде Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баслығы  Нурмат Отабеков республикада басланған карантин қашан жуўмақланыўы ҳаққында берилген сораўға төмендегише жуўап берди:

«Карантин ақырғы анықланған наўқас емлеўханаға жатқарылғаннан (изоляцияланғаннан) соң 14 күн өткеннен кейин онда ҳәм басқа адамларда наўқасланыў белгилери анықланбаған жағдайға толық исеним пайда еткеннен кейин карантинди бийкар етиў мәселеси көрип шығылады».

 

Сондай-ақ, ол коронавирус инфекциясына гүман етилген наўқасларды көриў ушын ағайинлери емлеўханаға барыўы мүмкин бе, деген сораўға былай жуўап берди:

«Мүмкин емес. Бул шеклеўлер коронавирус инфекциясын тарқалыўының алдын алыў ушын белгиленген».

Бул ҳаққында «Koronavirus Info» каналы мәлим етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.