Америкалы астрономлар «ATLAS» кометасы Қуяшқа қарай жақынласып киятырғанын мәлим етти. Бул XXI әсирдеги ең жақтылы комета болатуғынлығы айтылмақта. Усы жылдың 23-май күни арқа ярымшарда жайласқан еллердиң турғынлары ҳеш қандай қурылмаларсыз-ақ кометаны көре алады.

Өткен жылдың декабрь айында «Asteroid Terrestrial-impact Last Alert System (ATLAS)» астрономлары тәрепинен ашылған комета дәслепки ўақытта оншелли жақты болып көринбеген. Бир ай өткеннен соң усы қуйрықлы жулдыздың көлеми төрт есеге үлкейип көринген. Ал 17-март күни комета дәслепки көриниси менен салыстырғанда 600 есеге жақты болғанлығы анықланды.

Астрономлар кометаны Қуяштан 439 миллион километр қашықлықта анықлаған. Комета 31-май күни Қуяштан 37,8 миллион километр жақын жерден өтеди.

Мағлыўматларға қарағанда, егер де «ATLAS» кометасы ҳәзирги қәлпин сақлап қалып, күн сайын қуўатлылыққа ийе болып барса, түнги аспанда Ай менен бирдей болып көринетуғын болады. Соның менен бирге, қәнигелер «ATLAS» кометасының жақтылығы 1844-жылы 290 күн даўамында Жер планетасы турғынларына көринген Уллы комета менен бирдей болады, деген пикирди билдирмекте.

Май айында арқа ярымшардағы еллерде жасайтуғын адамлар түнги аспанда жасыл реңдеги аспан денесин ташалаўы мүмкин болады, деп айтпақта астрономлар.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.