Усы жылдың 1-апрель күни саат 11:00 деги мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясына шалынған бирде-бир наўқас анықланбады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

 

Усы орында биз кеше, 31-март күни коронавирус инфекциясы анықланған ҳәм Хорезм және Бухара ўәлаятларында емленип атырған қарақалпақстанлы пуқаралар ҳаққындағы жәриялаған хабарымызды надурыс талқылап, «коронавирус инфекциясы Қарақалпақстанға кирип келипти» деген мазмунда түсинип, ҳаўлықпаға берилип жүрген халқымыз арасындағы айырым адамлардың бар екенлигин көрип ямаса еситип атырмыз.

 

Оларға және бир мәрте айтарымыз – Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясына шалынған бирде-бир наўқас анықланбады.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң берген хабарына қарағанда, Хорезм ўәлаятлық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленип атырған, коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслардың бири Қарақалпақстан Республикасынан.

Сондай-ақ, коронавирус инфекциясы анықланғанлығы себепли Бухара ўәлаятлық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленип атырғанлардың биреўи де Қарақалпақстан Республикасынан екенлиги ҳаққында хабар берилди.

Бул еки пуқара да сырт еллерден Үргениш ҳәм Бухара қалаларына әмелге асырылған чартер рейслери арқалы жетип келген. Ҳәзирги ўақытта усы ўәлаятларда емленбекте.

 

Бул дегени, коронавирус инфекциясы Қарақалпақстанға кирип келди дегени емес!

 

Усындай шараятта халқымыздан артықша ҳаўлықпаға берилместен, шыпакерлер усыныс етип атырған санитариялық-эпидемиологиялық тынышлықты тәмийинлеў бойынша қағыйдаларға әмел еткен ҳалда, зәрүрлик болмағанда көшелерге ҳәм жәмийетлик орынларға шықпаўды, үйлеринде қалыўын сорап қалған болар едик.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.