Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң басқарыў аппараты ҳəм онда ислеўши барлық жумысшы-техник хызметкерлер “Ɵзбекстан мийрим-шəпəəт ҳəм саламатлық” жəмийетлик фондына бийғəрез жəрдем сыпатында фондтың есап бетине өзлериниң бир күнлик мийнет хақысы муғдарындағы қаржыларын ықтыярлы түрде өткерип берди.

Әҳмийетли тəрепи, усы илажларда белсене қатнасыў ҳəм онда халқымыздың аўызбиршилигин тəмийинлеў бағдарында исленип атырған бул қалыс жəрдем сыпатындағы қаржылар дәри-дармақ, дезинфекция, жеке гигиеналық қураллар, медициналық əсбап-үскенелер ҳәм коронавирусқа қарсы гүресиўдеги басқа да илажларды қаржыландырыў, сондай-ақ, медициналық хызметкерлерди хошаметлеўге бағдарланады.

Бəриңизге белгили болғанындай, ҳəзирги ўақытта елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң оператив түрдеги басламалары менен коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў ҳәм оны қысқа ўақыт ишинде сапластырыў мақсетиндеги көлемли илажларды əмелге асырыўда Ташкент қаласы ҳəм барлық ўəлаятлар қатырында Қарақалпақстан Республикасында да қызғын жумыслар алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети