Мәмлекетлик салық хызмети уйымларының хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласындағы 4-сектор аймағы турғынлары ушын арзанлатылған ярмаркалар шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы баспасөз хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, усы ярмаркада азық-аўқатлық өнимлери болған картошка, пияз, гешир ҳәм май  арзанлатылған баҳаларда сатылды.

Сондай-ақ, сектор аймағындағы кем тәмийинленген шаңарақлардың жағдайларынан хабар алынып, азық-аўқатлық өнимлер тапсырылды.

Карантин ўақтында пуқаралардың өз үйлеринде қалып, шаңарақ ағзалары менен биргеликте ўақыт өткериўи тек ғана өзиниң емес ал, пүткил жәмийет қәўипсизлигине қосқан үлеси болып табылады.

Орынларда 4-сектор басшылары тәрепинен аймақтағы социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳал-жағдайынан хабар алыў илажлары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.