Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 19-март күнги ПФ-5969-санлы пәрманы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 23-март күнги 176-санлы қарарларында белгиленген тапсырмаларды орынлаў мақсетинде елимиз аймағында жүзеге келген коронавирус пандемиясы жағдайында тойлар, мәресимлер өткерилетуғын, халық көп жыйналатуғын орынларды карантинге алыў және усындай шараятта базарлар, саўда комплекслери ҳәм саўда орынларында баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық хызмети уйымларынан аймақларда жумысшы топарлар шөлкемлестирилип, тийисли уйымлар менен биргеликте күнлик қадағалаў жумысларын алып бармақта.

Соның менен бирге, коронавирус инфекциясының тарқалыўы нәтийжесинде карантин дәўиринде азық-аўқатлық өнимлердиң баҳаларының жасалма тәризде өсип кетиўине жол қоймаў мақсетинде аўыл-хожалығы өнимлериниң саўдасын әмелге асыратуғын  дийқан базарларына салық хызметкерлери бириктирилип, базар аймағындағы саўда орынлары ҳәм жаймаларда саўда ислейтуғын исбилерменлер ҳәм физикалық тәреплер арасында түсиник жумыслары алып барылмақта.

Базарларда күнлик тутыныўдағы азық-аўқатлық ҳәм аўыл хожалығы  өнимлери баҳаларының жасалма түрде өсип кетиўи ҳәм өзгериўиниң алдын алыў, турақлылығына ерисиў мақсетинде барлық қала ҳәм районлардағы дийқан базарларында «ярмарка»лар шөлкемлестирилип, бул ярмаркаларда 213 исбилерменлик субъекти өзлериниң арзан ҳәм сапалы азық-аўқатлық өнимлери менен қатнаспақта.

Соған қармастан, усындай жағдайда жеңил дәрамат табыўды ойлап, баҳаларды тийкарсыз арттырып және нызамсыз түрде исбилерменлик хызмети менен шуғылланып атырған пуқаралар ушыраспақта.

Басқарма тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, 16-марттан баслап мониторинг жумыслары алып барылды ҳәм нәтийжеде пуқаралар тәрепинен 63 нызамбузыўшылық исленгени анықланып, оларға тийисли болған, жәми баҳасы 97,6 млн. сумлық товар-материаллық байлықлар ўақтынша айғақлы зат ретинде алынып, тийисли ҳәкимшилик шаралар көрилди.

Усы бағдардағы қадағалаў ҳам профилактикалық илажлар және түсиник жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.