Нөкис қаласында жасайтуғын бир топар белсенди жаслардың басламасы менен пуқаралардың үйлерине азық-аўқатлық өнимлерди бийпул жеткерип бериў хызмети әмелге асырылмақта.

Хабарыңыз бар, усы жылдың 27-март сәнесинен баслап елимиз пуқараларының денсаўлығын қорғаў мақсетинде зәрүр болмаған жағдайларда үйинен сыртқа шығыўына шеклеўлер орнатылды.

Усындай шараятта халқымыздың мүшкилин жеңил етиў ушын бел байлаған бул жаслар усы жылдың 26-март күнинен баслап «Telegram» тармағында «@dostavka_uyge» каналын ашып, пуқаралардан келген мүрәжатлар тийкарында оларға зәрүр болған азық-аўқатлық өнимлерди үйлерине шекем бийпул жеткерип бермекте.

– Әжағам Аллаяр Мәмбетов Ташкент химиялық технологиялар институты Қоңырат филиалында 4-курста оқыйды. Карантин ўақтында дослары Атабек Раманов ҳәм Жандос Шаўдырбаев пенен биргеликте пуқаралардың буйыртпалары бойынша Нөкис қаласындағы көтере саўда орайы, дийқан базары, супермаркетлер ҳәм басқа да бир қанша азық-аўқатлық өнимлер сатылатуғын орынлардан затларды сатып алып, үйлерине бийпул жеткерип бермектемиз. Буйыртпаларды мен өзим «Telegram» тармағы арқалы қабыллап отыраман. Азық-аўқатлық өнимлерди өзлеримиз ақша шығарып сатып аламыз ҳәм пуқаралардың үйлерине алып барамыз. Затлардың баҳалары көрсетилген чек ямаса арнаўлы дизимдеги баҳаларын көрсетип, тек ғана затлар ушын сарплаған пулларымызды аламыз. Жеткерип бериўди бийпул әмелге асырамыз. Мақсетимиз – халқымыздың денсаўлығы, олардың үйден шықпастан, карантин қағыйдаларына толық әмел етиўине өз үлесимизди қосыўдан ибарат, – дейди усы белсенди жаслардың бири, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Бегдияр Мәмбетов.

Көпшиликке өрнек болып атырған бул жаслар усы күнге шекем 40 қа шамалас шаңарақларға азық-аўқатлық затлар ҳәм кең тутыныў товарларын жеткерип берген.

Карантин шараятында пуқаралардың үйден шықпаўы ҳәм олардың денсаўлығы ушын қайғырып, халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығын өз мәплеринен де үстин қойып, ҳәрекет етип атырған жасларға алғысымыз шексиз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.