Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы мәлимлеме хызмети тәрепинен бизге берилген мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги орнатылған шеклеўлерден бурын республикамызға алып кирилип, 2020-жылда қайтарып алып шығылыўы тийис болған автотранспорт қураллары менен байланысли түсинбеўшиликлер келип шығыўының алдын алыў мақсетинде бажыхана рәсмийлестирилиўинде және де жеңилликлер жаратылмақта.

Бул коронавирус пандемиясының тарқалыўына қарсы күшейтилген тәртиптиң әмел етиў дәўиринде, сондай-ақ, басқа да белгиленген мүддетлер ишинде халқымызды сырт еллерден алып келинетуғын дәрилик затлар ҳәм ең зәрүр товарлар менен тәмийинлеўде, шегаралардағы профилактикалық шара ретинде қолланылады.

Атап айтқанда, Президентимиздиң усы жыл 19-марттағы «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы күшейтилген тәртиптиң әмел етиўи дәўиринде Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм фармацевтика тараўын раўажландырыў агентлиги тәрепинен дизим берилди. Усы дизим бойынша бажыхана шегарасы арқалы өткерилип атырған дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар, медициналық техникаларды ислеп шығарыў ушын ислетилетуғын материаллар ҳәм субстанцияларға бажыхана бажылары өндирилмейтуғын болды.

Сондай-ақ, Президентимиздиң 2020-жыл 27-марттағы қарары тийкарында, күшейтилген тәртипке әмел етиў дәўиринде, импорт етиўде қосымша қун салығы бойынша жеңилликлер берилмейтуғын дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлардың дизимине киретуғын айырым таяр дәри-дәрмақлар және медициналық буйымларға 3 айға шекемги болған мүддетке қосымша қун салығы бойынша жеңиллик, сондай-ақ, айырым түрдеги ең зәрур товарлар дизимин ислеп шығыў ҳәм оларды импорт етиўде 3 айға шекемги болған мүддетте бажыхана бажысы ҳәм акциз салықларының ставкаларын 0 Өке шекем азайтыў ҳуқықы берилди.

2020-жыл 27-март күни өткерилген Республикалық комиссияның мәжилисинде Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилип, 2020-жыл есабынан қайтарып алып шығыў мүддети тамамланатуғын сырт ел автотранспорт қуралларына бажыхана уйымларына мүрәжат еткен жағдайда, жыйымлар есапланбастан, бажыхана нызамбузыўшылық жағдайы жүргизилместен усы жыл 1-июнь күнине шекем республикадан алып шығылыўына рухсат берилетуғын болды.

 

                            Қарақалпақстан хабар агентлиги.