Карақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының мағлыўматларына қарағанда, усы жыл 24-мартта Өзбекстан Республикасы Министрлер  Кабинети  жанындағы  Өсимликлер  карантини  мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм Өзбекстан  Республикасы Бас Министриниң 21-марттағы мәжилис протоколы талапларын орынлаў мақсетинде, инспекция хызметинде қосымша илажлар белгилеў ҳаққында арнаўлы буйрығы шығарылды.

Усы буйрыққа муўапық, айырым шеклеўлер орнатылды. Бул шеклеўлер автомобиль, авиа, темир жол, дәрья транспортларында жүк тасыў менен  шуғылланатуғын шахслардың карантин астындағы жүклерине тийисли  емеслиги белгилеп берилди.

Ҳәзирги ўақытта республикамызға  кирип келип атырған ҳәм сыртқа  шығарылып атырған карантин астындағы өнимлер мәмлекетимиздиң шегара  постларында өсимликлер карантини агроном-инспекторлары тәрепинен  карантин  тексериўинен өткерилип, фитосанитариялық сертификатлар берилмекте.

– Бүгинги күнде «Даўыт ата» шегара посты арқалы елимизге тийкарынан ағаш ҳәм цитрус өнимлери алып  келинбекте. Сондай-ақ, елимизден овощь-палыз, пахта ҳәм пахта өнимлери экспортқа шығарылмақта,-дейди «Даўыт ата» шегара посты өсимликлер карантини агроном-инспекторы Шавкат Нуримов. – Ҳәзиргидей, пандемия ўақтында биз шегара посты агроном-инспекторларынан  мәмлекетимизге  кирип  келип  атырған  ҳәр  бир  азық-аўқатлық өнимлерди карантин тексериўинен өткериўде оларда ушырасатуғын қәўипли зыянкеслер ҳәм кеселликлердиң республикамызға кирип тарқалыўының алдын алыўда дыққат-итибарлы болыўды ҳәм қадағалаўды күшейтиўди талап  етеди.

Себеби, бизиң ўазыйпамыз мәмлекетимизде азық-аўқат өнимлери  қәўипсизлигин ҳәм инсан саламатлығын тәмийинлеўден ибарат.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.