Өзбекстанның АҚШтағы елшиханасының мағлыўматына бола, 24-март күни Ж.Хопкинс университети жанындағы Орайлық Азия ҳәм Кавказ институтының басшысы Фредерик Старр 80 жасқа толды.

Елимиздиң Вашингтондағы дипломатиялық миссиясы оны усы юбилей сәнеси менен қутлықлады.

Фредерик Старр – АҚШтың ең абырайлы жоқары оқыў орынларында билим алған. Йель университетинде философия илимлериниң бакалавры ҳәм Принстон университетинде доктор илимий дәрежесине ийе болған.

1977-жылы Түркияда археолог сыпатында изертлеў жумысларын алып барған, кейин ала бул жумысты Кеннан атындағы Россия перспективалы изертлеўлер институтында даўам еттирген.

1979-1982-жылларда Луизина штатының Тулейн университетинде вице-президент ҳәм проректор болып жумыс ислеген. 11 жыл даўамында Оберлин колледжиниң президенти болған, оны «Орта Батыстағы Гарвардқа» айландырыў жолында белсендилик көрсеткен. АҚШтың үш президенти жанында Евразия мәселелери бойынша кеңесгөй лаўазымында жумыс алып барған.

Фредерик Старр – Орайлық Азияның тарийхы ҳәм ҳәзирги дәўирин терең билетуғын жәҳәндеги белгили илимпазлардың бири. 1999-жылы АҚШ ҳүкимети ушын Орайлық Азия, Кавказ ҳәм Аўғанстанға биринши комплексли стратегиялық баҳа бериўде қатнасқан.

Илимпаз Евразия темасына бағышланған 20 дан аслам фундаментальлық изертлеў ҳәм 200 мақаланың авторы болып, өз жумысы даўамында мәмлекетимиздиң тарийхый-мәдений мийрасы ҳәм Өзбекстанда ҳәзирги күнде әмелге асырылып атырған өзгерислерди үйрениўге үлкен орын ажыратқан. Онда Ф.Старр «Өзбекстан – бул регионның тәбийғый геостратегиялық орайы ҳәм Орайлық Азияның жүреги» деген пикирге сүйенеди.

Илимпаздың Орайлық Азия тарийхы ҳәм региондағы халықлардың мәденияты ҳаққындағы шығармалары арасында «Ферғана ойпаты» (2011 ж.) ҳәм «Жоғалтылған мәрипат: Орайлық Азияның араблар басып алыўынан Темурланға шекемги болған алты әсири» (2013 ж.) китаплары айрықша ажыралып турады. Екинши китап 2018-жылы өзбек тилинде басып шығарылған.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы көп тәреплеме өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм және де раўажландырыў бағдарындағы үлкен хызметлери, өзбек халқының тарийхы ҳәм мәдениятына байланыслы терең илимий изертлеўлер, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған сиясий, экономикалық ҳәм социаллық реформалардың мазмун-мәниси ҳәм көлеми ҳаққында халықаралық жәмийетшиликти кеңнен хабардар етиўдеги нәтийжели жумысы ушын 2019-жыл 29-августта Фредерик Старрды «Дўстлик» ордени менен сыйлықлаған еди.

Дипломатиялық миссиямыз хабар бергениндей, Ф.Старр көрсетилген итибар ҳәм илимий-ағартыўшылық жумысына берилген жоқары баҳа ушын мәмлекетимиз басшысына шын кеўилден миннетдаршылық билдирди.

Өзбекстанның АҚШтағы елшиси Жавлон Ваҳобов пенен ушырасыў ўақтында илимпаз: «Дўстлик» ордени менен сыйлықланғаным ҳәм Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шерикликке байланыслы жаңа дәўирге байланыслы болғанымды өзим ушын үлкен мәртебе, деп билемен.

Президент Шавкат Мирзиёевқа көп жыллық илимий изертлеўлерим ҳәм АҚШ пенен Өзбекстан арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиўди және де беккемлеўге қосқан үлесим ушын «Дўстлик» ордени менен сыйлықлағаны, мәмлекет басшысы ҳәм өзбек халқы тәрепинен көрсетилген жоқары ҳүрмет ушын терең миннетдаршылық билдиремен», деди.

«Өзбекстан пүткил дүнья жүзиндеги теңсиз жедел өзгерислер шараятында раўажланыўдың бирден-бир дурыс жолын сайлаған мәмлекет болып есапланады. Өзбекстан ҳүкиметиниң түпкиликли өзгерислерди әмелге асырыўға исенимли таяр екени көп тәреплеме характерге ийе болып, мәмлекет жәмийетлик-сиясий, экономикалық турмыстың барлық тараўларына тәсир көрсетип, әпиўайы халық турмысында өз сәўлелениўин таппақта», деди Ф.Старр.

Оның пикиринше, дүнья жүзинде бундай жағдай шенде-шен бақланады. АҚШтың жетекши таллаў орайының басшысы «Батыслы бирге ислесиўшилер тек ғана жүз берип атырған өзгерислерди бақлаўы емес, ал республиканы усы процесслерде және де жедел қоллап-қуўатлаўымыз, реформаларға арттырылған тәжирийбемиз ҳәм илимий-техникалық потенциалымыз бенен жәрдемлесиўимиз керек», деп атап өтти.

Сөйлесиў жуўмағында Фредерик Старр Өзбекстан халқына тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў, сондай-ақ, жер жүзин қамтып алған коронавирус эпидемиясына қарсы гүресиўде күш-қуўат ҳәм сабыр тиледи.

 

ӨзА