Өзбекстанда өткен бир сутка даўамында коронавирус инфекциясын жуқтырып алған наўқаслар анықланбады. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баслығы, Республикалық бас мәмлекетлик санитариялық инспекторы Нурмат Отабеков мәлим етти.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан бойлап 16 мың адам карантинде услап турылмақта. Коронавирусқа шалынған наўқаслар болса 23 адамды қурамақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.