Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 81-статьясының 6-бәнтине, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 18-статьясына муўапық, Азербаев Қуўанышбай Көшкинбаевич Қараөзек районы ҳәкиминиң қаржы-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланды. Бул ҳаққында Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Мағлыўмат ушын, Қ.Азербаев усы күнге шекем Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығының орынбасары лаўазымында жумыс ислеп келген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.