Ўатанласларымыз арасында пуқаралық паспортты жақында алмастырғанлар да көпшиликти қурайды. Олар ушын да 2020-жыл 1-январьдан баслап ID-карта алыў мәжбүрий ме? ID-карталар пуқараларға қандай қолайлықлар жаратады?

Бул сораўға ИИМ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бас басқармасы баслығының биринши орынбасары, полковник Шуҳрат Ходжаев жуўап береди.

– ID-карталар алыў 2021-жыл 1-январьдан 2022-жыл 31-декабрьге шекем ықтыярлы түрде, 2023-жыл 1-январьдан 2030-жыл 31-декабрьге шекем мәжбүрий тәртипте әмелге асырылады. Мысал ушын, 2017-жылы биометриялық паспорт алған пуқара 2027-жылға шекем усы ҳүжжеттен толық пайдалыныў имканиятына ийе. Өзбекстан Республикасы пуқарасының 2011-жылдағы үлгидеги биометриялық паспорты 2030-жыл 1-январьдан баслап ҳақыйқый емес деп есапланады.

ID-карталар әмелдеги буклет көринисиндеги биометриялық паспортқа салыстырғанда өлшеми кишкене ҳәм ықшамлығы, электрон қурылмаға (чит) ийелиги ҳәм пуқаралардың мағлыўматларын анық фотосүўрет, жасаў мәнзили, электрон қолтаңба киргизилиўи менен қолайлы болып есапланады.

Келешекте барлық тараўдағы мәмлекетлик хызметлерди аралықтан бақлаў мүмкин. Паспортлар, туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық ҳәм шахсты тастыйықлаўшы басқа да ҳүжжетлердиң бар системасы ҳәр бир пуқараның бирден-бир идентификация саны, оның жеке мағлыўматларын өзинде жәмлеген ҳәм мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда шахсты анықлаў имканиятын береди.

ӨзА