Усы жылдың 17-март күни Президент тәрепинен қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамына муўапық, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жәрийма белгилеў ҳаққындағы қарарды орынлаўдың әпиўайыластырылған тәртибин нәзерде тутатуғын статья қосылды.

 

Оған муўапық, ҳуқықбузыўшы оған жәрийма белгилеў ҳаққындағы қарар тапсырылған күннен баслап 15 күн ишинде жәрийма муғдарының 70 процентин ықтыярлы түрде төлеген жағдайда, ол жәрийманың қалған бөлегин төлеўден азат етиледи.

 

Әпиўайыластырылған тәртип төмендеги жағдайларда қолланылмайды:

 

– ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты әмелге асырғаны ушын суд тәрепинен жәриймаға тартылғанда;

– жәрийма белгилеў ҳаққындағы қарар бойынша шағым етилгенде ямаса протест билдирилгенде;

– усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан соң 1 жыл даўамында қайтадан әмелге асырылса.

 

Нызам рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.