Арқа-Батыс әскерий округи Нөкис горнизонында “Жас шегарашы” әскерий ўатансүйиўшилик жарысының республикалық басқышы болып өтти.

Илажда атап өтилгениндей, жасларды ўатанға садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў мақсетинде елимизде ҳәр қыйлы мәдений-ағартыўшылық илажлар, ушырасыўлар, спорт жарыслары өткерилип келинбекте. Бир неше жыллардан берли мәмлекетимиз көлеминде өткерилип киятырған “Жас шегарашылар” әскерий ўатансүйиўшилик жарысы да әне усындай илажлар қатарына киреди.

Онда шегара алды аймақларындағы улыўма билим бериў мектеплеринде билим алып атырған оқыўшылардан дүзилген жәми алты команда өз-ара күш сынасты.

Жарыс қызғын беллесиўлерге бай болып, онда тек ғана әскерий тараў бойынша емес, ал, жарыс қатнасыўшылары өзлериниң билим көнликпелерин, шаққанлығын да көрсетип, жеңимпазлар қатарынан орын алыўға ҳәрекет етти.

Жарыс жуўмағында Шоманай районының “Туран” командасы биринши орынды алыўға ерисип, таңлаўдың усы жыл май айында Ташкент қаласында болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды.



Сыйлы орынды алған ҳәм белсене қатнасқан командаларға Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги