Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының ағзасы Гүлистан Қаражанова сайлаўшылары менен ушырасқанында райондағы көпшилик көшелердеги электр сымағашлардың авариялық жағдайы бойынша билдирилген мүрәжатқа итибар қаратты.

Атап айтқанда, Өзбекстан көшеси 165-жайдың жанындағы сымағашлар жоқары тезликтеги күшлениў себебинен қулаў ҳалатына келген.

– Жасаў қорқынышлы,-дейди усы шаңарақтың үйбийкеси Г.Арипова. – Жолдан кишкене оқыўшы балалар өтеди. Тозыўы жеткен сымағаш тек сымларына илинип, зордан турыпты.

Буннан 50 жыл бурын электрлестирилген ҳәзирги «Бостан» МПЖ аймағындағы Жипек жолы ҳәм Әжинияз көшелериндеги жарамсыз жағдайға келип қалған электр сымағашлары бойынша аймақ турғынлары тийисли орынларға бир неше мәрте мүрәжат еткен. Бирақ, районлық электр тармақлары кәрханасы да, басқасы да, ертең, арғы күни, деп қуры ўәде берип елеге шекем ислемеген.

Усы мүрәжат бойынша депутат Қоңырат районлық электр тармақлары бөлимине депутатлық сораў жиберип, 10 күн ишинде гөне сымағашлар жаңасына алмастырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.