Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тийисли министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте Ташкент қаласындағы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студентлерди турақлы жасаў орынларына қайтарыў жумыслары даўам етпекте.

Ҳәзирги ўақытқа шекем 30 мыңға шамалас студентлер орайластырылған тәртипте Ташкент қаласынан өзлери жасайтуғын аймақларға жиберилди.

Атап өтиў керек, алдын барлық жоқары оқыў орынлары, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде 2020-жыл 16-марттан баслап оқыў тоқтатылып, оқыўшы ҳәм студентлер 2 ҳәптелик мүддетке (ҳәзирше) дем алысқа шығарылыўы ҳаққында хабар берилген еди.

Ташкент қаласында оқып атырған оқыўшы ҳәм студентлер автобус, поезд ҳәм самолётларда турақлы жасаў орынларына қайтыўы ушын төмендеги мәнзиллерде жеңилликли билетлер сатылмақта:

 

– Өзбекстан миллий университети, министрлик жанындағы «Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық» орайы, Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң студентлер турақ жайы, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң студентлер турақ жайы ҳәм оқыў имараты, Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтының студентлер турақ жайы, Ташкент мәмлекетлик педагогикалық институтының студентлер турақ жайы.

 

Студентлерди қайтарыў жумыслары даўам етпекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.