Бүгиннен баслап барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери карантин мақсетинде жабылады. Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги МШБШлар жабылған күнлер ушын төлем қайта есапланыўын қадағалайды.
Сизлерден ҳаўлықпаўыңызды өтиниш етемиз. Бул илажлар пүткиллей профилактикалық мәниге ийе ҳәм халықтың саламатлығын тәмийинлеўге қаратылған.
Төмендеги тийкарғы сақланыў илажларына қатаң әмел етиўди усыныс етемиз:
-адамлар көп жыйналатуғын орынларға бармаў ямаса имканияты болғанша азайтыў (ғалабалық илажлар, базарлар, саўда – кеўилашар орайлар);
-нықаплар тағыў;
-грипп ямаса аязлаў белгилери бар болған инсанлар менен сөйлеспеў;
-үйге қайтып атырғаныңызда ҳәм жәмийетлик орынларда, транспортларда ҳәр қандай үстки бөлеклерди услағанда қолыңызды жақсылап сабын менен жақсылап жуўың ямаса бактерияларға қарсы антисептикалық қураллардан пайдаланың;
-қол берип көрисиў, қушақласыў ҳәм соған уқсас әдетлерди тәрк етиң;
-гаджетлер ҳәм оргтехникаларды турақлы түрде дезинфекциялаң;
-тек ғана өз жеке гигиеналық қуралыңыздан пайдаланың.
Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги Баспасөз хызмети
ӨзА