27-март – Халықаралық театр күни мүнәсибети менен 21-27-март күнлери мәмлекетимизде Театр тамашалары ҳәптелиги болып өтеди.

Кейинги жыллар даўамында миллий театр тараўында қолға киргизилген жетискенлик ҳәм жаңалықлар арқалы тамашагөйлердиң кеўлинен шығыў, оларға дөретиўшилик топарлардың ең жақсы спектакльлерин инәм етиў усы жойбардан гөзленген тийкарғы мақсет болып есапланады.

Ҳәптелик даўамында, сондай-ақ, театр художниклериниң дөретиўшилиги, сахналық липасларға байланыслы көргизбелер, актёр ҳәм режиссёрлар, драматурглердиң қатнасыўындағы дөгерек сәўбетлери, ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер шөлкемлестирилетуғыны да нәзерде тутылған.

 

Н.УСМОНОВА, ӨзА