Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен Өзбекстанда коронавирус инфекциясы (“COVID-19”)ның профилактикасы ҳәм кирип келиўиниң алдын алыў мәселелерине бағышланған баспасөз әжнуманы өткерилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри Алишер Шодмонов дүньяда коронавирустиң эпидемиялық жағдайы ҳәм “COVID-19″дың мәмлекетимизге кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилиўинше, Президентимиздиң 2020-жыл 29-январьдағы «Өзбекстан Республикасына коронавирустың жаңа түри  кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссиясын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы бийлиги қабыл етилип, системалы илажлар әмелге асырылмақта.

Министрлер Кабинетинде Бас министрдиң басшылығында Эпидемияға қарсы гүресиў айрықша комиссиясының мәжилисинде де бул бағдарда кешиктирип болмайтуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди. Мәмлекетимиздеги барлық ҳаўа ҳәм темир жолларында шөлкемлестирилген санитария-карантин пунктлери, аймақларда дүзилген штаблардың жумысын бүгинги  күн талабынан келип шығып, қайта көрип шығыў, мийманханалар ҳәм кәрханалар, мәҳәлле, ишки ислер уйымлары менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм оларға мәмлекет тәрепинен қойылып атырған талап, усынысларды өз ўақтында жеткериў, медициналық-патронаж хызметин және де жақсылаў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, улыўма билимлендириў мектеплери, жоқары оқыў орынлары ҳәм жәмийетлик орынларда санитария  талапларына қатаң әмел етиў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар ҳәм көрсетпелер берилди.

Өз гезегинде, профилактика ҳәм қадағалаў илажларын күшейтиў мақсетинде Мектепке шекемги билимлендириў, Халық билимлендириў, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлери ҳәм басқа да уйымлар менен қоспа қарарлар қабыл етилди.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизге жуқпалы кесселиклер, соның ишинде, “COVID-19” инфекциясы кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде мәмлекетлик шегараларда санитария-карантин пунктлери халықаралық талап ҳәм нормалар тийкарында жумыс ислемекте. Бүгинги күнде усы пунктлерде басқа да тармақ хызметкерлери қатарында 250 ден аслам жоқары тәжирийбели санитария-эпидемиология хызметиниң қәнигеси жумыс алып бармақта. Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Санитария-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги жанында үзликсиз 24 саат даўамында жумыс ислейтуғын штаб шөлкемлестирилген.

Әнжуманда, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў ҳәм эпидемиология тараўы бойынша халықаралық эксперт, Америка микробиология жәмийетиниң ағзасы, медицина илимлериниң докторы, профессор  Михаил Фаворов дүньядағы эпидемиялық жағдай бойынша әҳмийетли сораўларға жуўап берди. Ол 40 жылдан аслам өмирин дүньяның түрли аймақларында – Орайлық Азияда аз ушырасатуғын гепатит түрлеринен тартып, Кения ҳәм Малида ҳәр қыйлы жуқпалы кеселликлерди үйрениў ҳәм алдын алыўға бағышлаған.

Ҳәзирги ўақытта Михаил Фаворов коронавирус инфекциясы бойынша дүнья ҳәм Өзбекстандағы жағдайды үйренбекте. Усы күнлерде ол еркин халықаралық эксперт сыпатында Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы бас штаб қәнигелери менен биргеликте мәмлекетимизге коронавирустың  кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў мақсетинде усы тараўға қәнигелестирилген медицина мәкемелериндеги медицина хызметкерлерине мәсләҳәт бермекте.

Баспасөз әнжуманында атап өтилгениндей, Өзбекстанда халықаралық талап ҳәм усынысларға муўапық, коронавирус инфекциясы бойынша профилактика ҳәм усы инфекцияның кирип келиўине қарсы қадағалаў илажлары әмелге асырылмақта.

Әнжуманда журналистлерди қызықтырған сораўларға жуўап берилди.

thumbnail-tw-20200120194511-1011.jpg

 

Моҳигул ҚОСИМОВА,

ӨзАның хабаршысы