USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 2 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЖОЙБАРЛАРДЫ ЖЕТИЛИСТИРИЎГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ УСЫНЫСЛАР БЕРИЛДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-март күни елимизде бир қатар тараўларда әмелге асырылатуғын жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Заманагөй мәлимлеме технологиялары раўажланыўдың әҳмийетли шәртлеринен бири.  Санлы технологиялар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, социаллық тараўда адамларға үлкен қолайлықлар жаратады, өнимлер менен хызметлердиң сапасын арттырады, артықша қәрежетлерди азайтады, коррупцияның алдын алады.

Мәмлекетимиз басшысының усы жылы январь айында Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында экономикалық-социаллық турмыстың барлық тараўларына санлы технологияларды кеңнен енгизиў ең тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди. Илим, марипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы бойынша қабыл етилген Мәмлекетлик бағдарламада усы жылы «Санлы Өзбекстан-2030» стратегиясын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

 Дүньядағы тенденцияларға итибар берсек, жер жүзи жалпы өниминиң 15,5 процентке шекемги үлесин санлы экономика қурамақта. Соңғы 15 жылда санлы экономика глобал жалпы өнимге салыстырғанда 2,5 есеге тез өскен.

Елимизде жалпы ишки өнимниң көлемин еки есеге арттырыў мақсет етип қойылған. Оған ерисиўде санлы экономика механизмлеринен кеңнен пайдаланыў әҳмийетли орынға ийе.

Кейинги жыллары дүньяда «санлы қала» концепциясы ғалаба ен жаймақта. Усы тәжирийбеден келип шығып, «санлы Ташкент» системасын енгизиў, оны еки жыл даўамында сынақтан өткерип, басқа аймақларға болса таяр программалық тәмийнатларды жеткерип бериў режелестирилмекте.

Презентация даўамында санлы технологияларды енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

«Медицина мәкемелериниң паспорты», «UzTrans», туристлердиң есабын жүргизиў бойынша «Е-Mehmon» ҳәм басқа да мәлимлеме системалары елимиз халқына және мийманларына үлкен қолайлық жаратты.

Президентимиз быйылғы жылы балалар бақшасы, аралықтан билимлендириў, қаладағы жәмийетлик транспорт ушын бирден-бир электрон билет, қурылысты қадағалаў, электрон медицина картасы сыяқлы жаңа программалық тәмийнатларды ислеп шығыў ҳәм ен жайдарыў бойынша тапсырмалар берди. Мәселен, электрон медицина картасы енгизилсе, шыпакерлердиң қағаз толтырыўға кететуғын ўақты бир қанша қысқарып, халық пенен ислеўи ушын көбирек имканият болады.

Усы мақсетте Ташкент қаласындағы 15 қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайы, 11 көп тармақлы медицина орайы және 62 поликлиника «Бирден-бир электрон медицина карта» ҳәм «Электрон поликлиника» мәлимлеме системасына жалғанып, жеке меншик клиникалар менен интеграцияланды. Ондай система басқа тараўларда ҳәм тармақларда да енгизиледи.

Программалық өнимлер үзликсиз ҳәм нәтийжели ислеўи ушын инфраструктура зәрүрлигин атап өтип, барлық мәмлекетлик мәкемелерди жоқары тезликте мағлыўмат жибериў тармағына жалғаў, заманагөй компьютер технологиялары менен тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

Халықтың, әсиресе, жаслардың арасында санлы көнликпелерди жетилистириў, «Бир миллион программашы» жойбарын әмелге асырыў белгиленген.

Бүгинги күнде Ташкент қаласында 600 ден аслам денсаўлықты сақлаў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм мектеплер жоқары тезликтеги интернетке жалғанған. Бирақ бул бағдарда исленип атырған жумыслар еле де жетерли емес екенлиги атап өтилди.

Телекоммуникация инфраструктурасы «санлы қала» концепциясының тийкары екенин есапқа алып, еки жыл даўамында 1,5 мыңнан аслам социаллық объектти жоқары тезликтеги интернет пенен тәмийинлеў бойынша тапсырма берилди.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласы ҳәкимлиги қурамында билимлендириў, медицина, турақ жай коммунал, транспорт, қурылыс, кадастр ҳәм басқа да бағдарлар бойынша айрықша жойбар офислерин пайда етиў зәрүрлигине итибар қаратты. Ондай структураларда программашылар ҳәр бир тараў қәнигелери менен биргеликте сол тараўға сай программалық тәмийнат жаратады, оларды сынақтан өткерип, турмысқа енгизеди. Зәрүр жағдайларда басқа тараўға тийисли программа менен байланысыўын тәмийинлейди.

«Санлы Ташкент» жойбарын қаржыландырыў мәселелери де көрип шығылды. Бул процессте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында бизнес топарлардың белсене қатнасыўы ушын шараят жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

«Электрон ҳүкимет» системасы арқалы көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлердиң сапасын арттырыў, оларды электрон түрге өткериў жумысларын жеделлестириў және мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мәселелерине де тоқтап өтилди.

Мәмлекеимиз басшысы социаллық объектлердиң қурылысына байланыслы презентациялар менен де танысты.

Президентимиздиң 2019-жыл 20-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасы «Өзархив» агентлигиниң жумысын жетилистириў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде Миллий архив имаратының қурылысы ушын ислеп шығылған жаңа бағдарлама мине усылардан бири болып есапланады.

Миллий архив қоры өзиниң көлеми, көриниси ҳәм өзине тәнлиги менен регионымызда жетекши болып табылады. Ҳәзир бул жерде ҳәр түрли дәўирге байланыслы 1 миллион 800 мың сақлаў бирлигинен аслам ҳүжжет сақланады.

Қурылысы нәзерде тутылған архивтиң жаңа имараты заманагөй архитектура шешимлерин ҳәм талапларын толық өзинде жәмлейди. Имарат 1-категориядағы айрықша әҳмийетли объектлердиң талап ҳәм нормалары тийкарында қурылады. Ең дәслеп, архив сақлаў ханаларының сыйымлылығын 3 миллион ҳүжжетке сай ҳалда арттырыў, репозиторий ушын орын пайда етиў, оқыў залын кеңейтиў, изертлеўшилерге хызмет көрсетиў сапасын жоқары дәрежеде тәмийинлеў ушын заманагөй мәлимлеме технологияларынан кеңнен пайдаланыўға шараят жаратады.

Қала берди, бул жойбарларға туризмди раўажландырыў мақсетинде сырт ел пуқараларын тартқан ҳалда, архив көргизбелерин шөлкемлестириў имканиятлары да нәзерде тутылған.

Усынылған жойбарда үлкен оқыў залының комплекси, әнжуманлар ҳәм көргизбелер заллары, илимий мағлыўматлар китапханасы және музей, кинозал, буфет ҳәм сәўбетлесиўлер ушын бөлмелер инабатқа алынған.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласында қурылып атырған үлкен китапхана, ески қала аймағын тарийхый көринистеги туристлик саўда зонасына айландырыў жойбарлары менен де танысты. Президентимиз бул жойбарларды және де жетилистириў, халық ушын кең қолайлықлар жаратыў бойынша өз усынысларын берди.

Сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы комплекслериниң үлги жойбарларының презентациясы өткерилди. Ҳәммемизге белгили, мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 18-февральдағы «Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарында Мәҳәлле орайы комплекслерин қурыў атап өтилген. Соннан келип шығып, жойбарларда инновациялық технологиялардан, арзан, энергия үнемлейтуғын материаллардан пайдаланыў нәзерде тутылған. Оларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында пуқта, сапалы ҳәм үлги жойбарлар тийкарында қурыў белгиленген.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев аймақларда қурылатуғын бул комплекслердиң үлги жойбарлары менен жақыннан танысып, өз усынысларын берди.

Сондай-ақ, ишки ислер уйымларының шөлкемлестириў системасын реформалаўға, соның ишинде, елимиз аймағында ҳәм районлар кесиминде күшлерди және қуралларды басқарыўдың жаңа механизмлерине бағышланған презентация өткерилди.

Ишки ислер уйымлары басқарыў системасындағы бир қатар басшылық лаўазымларын оптималластырыў бойынша усыныслар билдирилди. Бул ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша күнделикли жумысты нәтийжели шөлкемлестириў ушын қолайлы шараятлар жаратады.

Ташкент қаласы ишки ислер уйымлары жумысының нәтийжелери додаланып, усы жылы пайтахтта жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўдың тийкарғы концептуал бағдарлары ҳаққында мәлимлеме берилди.

Бул жаңа тәртип ишки ислер уйымларының хызмет ҳәм бөлимлериниң өз-ара бирге ислесиўиниң нәтийжелилигин арттырыў, бар бюрократиялық жағдайларды азайтыў. Орынларда жеке қурамды басқарыў бойынша сапа жағынан жаңа системаны басқышпа-басқыш жаратыў мақсетинде енгизилмекте.

Жойбарларды жетилистириў бойынша илажлар белгиленди.

 

ӨзА