Афғонистон Президенти Ўзбекистонга келди

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың усынысына бола Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Муҳаммад Ашраф Ғани 4-декабрь күни рәсмий сапар менен елимизге келди.

Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекистан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов күтип алды.

17 (2).jpg

Қысқа сәўбеттен соң Аўғанстан делегациясы өзи ушын ажыратылған резиденцияға жол алды.

Сапар етиўдиң тийкарғы илажлары 5-декабрь күни болып өтеди.

Жоқары дәрежедеги ушырасыўларда Өзбекистан ҳәм Аўғанстан қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм узақ келешекке мөлшерленген бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларын додалаў, халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша пикир алысыў режелестирилген.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында мәмлекет басшыларының Бирликтеги билдириўи қабыл етилиўи, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация, илим, билимлендириў ҳәм басқа да тараўларда еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге қаратылған бир қатар ҳүкиметлераралық ҳәм ведомстволараралық ҳүжжетлерге, сондай-ақ, коммерциялық шәртнамаларға қол қойылыўы күтилмекте.

Аўғанстан Президенти Өзбекистанға сапар етиўи шеңберинде Бухара қаласын да зыярат етеди.

ӨзА