Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарына муўапық, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-курс магистранты Назокат Ибрагимова ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 2-курс студенти Динара Нуратдинова Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары болды.

 

Назокат Ибрагимова 2017-2018-оқыў жылында Наўайы атындағы Мәмлекетлик стипендияның жеңимпазы болған болып, 10 нан аслам республикалық және онға шамалас сырт еллердеги илимий конференциялар топламлары ҳәм журналларда мақалалары жарық көрген. Ҳәзирги ўақытта магистратура бағдарында оқып, өз илимий излениўлерин даўам еттирмекте.

 

Динара Нуратдинова Қазақстан Республикасында өткерилген «Асыл мура» халықаралық бақсы-жыраўлар фестивалында 1-орынды ийелеген болса, өткен жылы Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында өткерилген Халықаралық бақсылар фестивалында қатнасып, сыйлықланды. Сондай-ақ, ол 2019-жыл июль айында Польшада болып өткен «Золотая лодка» халықаралық таңлаўында қатнасып, Грузия, Украина, Әзербайжан, Россия, Италия сыяқлы еллерден келген талант ийелери қатарында сахнаға шығып өз өнерин көрсетти ҳәм гран-при жеңимпазы болды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.