Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-августтағы Б-5006-санлы бийлиги менен шөлкемлестирилген Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге қаратылған усынысларды таярлаў бойынша комиссия тәрепинен майыплықты ерте анықлаў ҳәм оның алдын алыў, майыплығы болған шахсларға медициналық-социаллық жердем көрсетиў, оларды кәсипке оқытыў ҳәм жумысқа орналастырыў саласындағы жумыслардың жағдайы комплексли және терең үйренилди.
Бул процессте халықтың кең қатламы, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен пуқаралық жәмийетиниң басқа да инстиутлары, сондай-ақ, халықаралық ҳәм шет ел шөлкемлериниң ўәкилханалары жоқары белсендилик ҳәм қатнас сезимин көрсетти.
Өткерилген комплексли үйрениў, халық пенен ашық-айдын ҳәм тиккелей пикирлесиўдиң жуўмақларын сапластырыў бойынша тәсиршең илажларды оператив көриўди талап ететуғын бир қатар системалы кемшиликлер менен машқалаларды анықлаў имканиятын берди.
Биргеликтеги ис-ҳәрекетлер арқалы майыплығы болған шахслардың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын буннан былай да жақсылаў, оларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў, бундай шахслардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин әмелге асырыўға, жәмийеттеги белсендилик позициясын жетилистириўге көмеклесиў бойынша анық усыныслар ислеп шығылды.
Усы усынысларды нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:
- 1. Халық пенен өткерилген ашық-айдын ҳәм тиккелей пикирлесиўдиң жуўмақларын ҳәм мәпдар министрликлер менен ведомстволардың пикир-усынысларын инабатқа алып:
Өзбекистан Республикасының «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Нызамы жойбарын ислеп шығыў;
БМШтың Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясын ратификациялаўға таярлық бойынша әмелий илажлар көриў туўралы усыныслар қабыл етилсин.
- 2. Төмендегилер майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары етип есаплансын:
майыплық белгиси бойынша кемситиўге жол қоймаў, майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин әмелге асырыўда теңдей шараятларды ҳәм оларды бузғаны ушын жуўапкершиликтиң сөзсиз екенин тәмийинлеў;
майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў саласындағы улыўма тән алынған халықаралық норма талапларын миллий нызамшылыққа имплементациялаў;
медициналық-мийнет экспертизасы ҳәм майыплықты белгилеўдиң ашық-айдын, заманагөй усыллары менен нормаларын енгизиў, майыплығы болған шахсларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў сапасын ҳәм дәрежесин, соның ишинде, диагностиканың, емлеўдиң және реабилитацияның заманагөй усылларын қолланған ҳалда жоқары технологиялы қәнигелескен медициналық ҳәм социаллық жәрдемнен пайдаланыў имканиятын кеңейтиў арқалы арттырыў;
майыплығы болған шахсларды өз ўақтында есапқа алыўдың нәтийжели механизмлерин жаратыў, майыплықтың белгилери пайда болған ўақыттан баслап оларды бақлап барыўдың ҳәм қоллап-қуўатлаўдың, соның ишинде, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда майыплығы болған шахслардың социаллық жағдайын тәсиршең мониторинг етиў, олардың турмыс шараятларын ҳәр тәреплеме баҳалаў, индивидуаллық раўажланыў бағдарламасын ислеп шығыў және әмелге асырыў, өз ўақтында зәрүр медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў имканиятын беретуғын бирден-бир комплексли системаны енгизиў;
медициналық жәрдемниң дәрежеси менен сапасын арттырыў, кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм туўма нуқсанлар және нәсиллик кеселликлердиң өсиў себеплери менен шараятларын ерте анықлаўды ҳәм оның алдын алыўды да нәзерде тутатуғын профилактикалық илажларды кеңейтиў бойынша скрининг тексериўлердиң нәтийжелилигин күшейтиў;
майыплығы болған шахслардың мәнзилли социаллық қорғалыўын күшейтиў, олардың турақ-жай-турмыслық ҳәм басқа да жасаў шараятларын жақсылаўға қаратылған медициналық-социаллық хызметти ҳәм материаллық жәрдемди кеңейтиў, оларды медициналық-социаллық реабилитациялаў, соның ишинде, сапалы жәрдемши және техникалық реабилитация қураллары менен тәмийинлеў бойынша илажлардың нәтийжелилигин арттырыў;
майыплығы болған шахслардың шаңарағы, жәмийет ҳәм мәмлекет пенен болған байланысын күшейтиў, олардың қолайлы орталықта болыўы, қалалық жолаўшы транспортынан, социаллық ҳәм басқа да инфраструктура объектлеринен еркин пайдаланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў;
майыплығы болған шахслардың жәмийеттиң социаллық-экоомикалық турмысына тартылыўын ҳәм белсене қатнасыўын тәмийинлейтуғын инклюзивлик билимлендириў ҳәм жумысқа орналастырыў системасын жетилистириў;
майыплықты белгилеў ҳәм медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў саласында ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардағы жумыстың ашық-айдынлығы менен жәриялылығын тәмийинлеў, тәртип-қағыйдалардан өтиўди әпиўайыластырыў, майыплығы болған шахсларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў ҳәм оларды социаллық реабилитациялаў саласында мәмлекетлик-жеке меншик ҳәм социаллық шерикликти раўажландырыў;
медициналық-социаллық мәкемелердиң материалық-техникалық базасын беккемлеў, «Мүриўбет», «Сақаўат» интернат-үйлеринде бағыўға алынғанлардың турмыс сапасын жақсылаўға қаратылған медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў системасын раўажландырыў, олардың реабилитацияланыў ҳәм социалласыў нәтийжелилигин арттырыў;
протез-ортопедия буйымларын ҳәм техникалық реабилитация қуралларын ислеп шығаратуғын кәрханаларды, соның ишинде, шет ел инвестициялары менен кредитлерин тартқан ҳалда, модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық жақтан жаңалаў, оларға өндиристиң заманагөй стандартларын енгизиў;
заманагөй медицинаның ҳәм илимниң алдынғы жетискенликлери, диагностиканың, емлеўдиң ҳәм реабилитацияның сапа стандартлары тийкарында жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў системасын жетилистириў, саламатландырыў бағдарындағы илажларды жақсылаў, саламат ҳәм белсенди турмыс тәризин алып барыў мәдениятын үгит-нәсиятлаў;
майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў саласындағы, соның ишинде, майыплықты белгилеўдиң нәтийжели нормаларын қолланыўға қаратылған илимий изертлеўлерди жетилистириў.
- 3. Майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм олардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда Бағдарлама деп аталады) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 4. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети төмендегилерди тәмийинлеў илажларын көрсин:
майыплығы болған шахслар, соның ишинде, үлкен жастағылардың саўатлылығын арттырыў мақсетинде ўәлаятларда, районлардың орайларында улыўма билим бериў мектеплери негизинде ымлаў тили ҳәм Брайль әлипбесин үйретиў бойынша усы саладағы қәнигелерди тарта отырып, арнаўлы курсларды шөлкемлестириў;
тийисли материалларды басып шығарыўды хошаметлеў, әҳмийетли салаларда аудио китаплар дөретиўди ҳәм оларды енгизиўди нәзерде тутқан ҳалда ымлаў тилин ҳәм Брайль әлипбесин қолланыў имканиятларын кеңейтиў;
көриў ағзалары әззи шахсларға даўыс еситтириў имканиятын жаратыў мақсетинде ҳәр қыйлы түрдеги бағдарламалық тәмийнатларға мәмлекетлик тилде арнаўлы бағдарламалар, соның ишинде, компьютер операциялық системаларын жаратыў, оларды усы шахслар оқып ҳәм ислеп атырған билимлендииў мәкемелеринде ҳәм басқа да шөлкемлерде соңын ала еркин тарқатыў, орнатыў, сондай-ақ, усы бағдарламаларды жаратыў ушын потенциаллы қәўендерлер табыў;
мәмлекетлик уйымлардың ҳәм шөлкемлердиң веб-сайтларында майыплығы болған шахслар ушын жайластырылған мағлыўматлар менен еркин танысыўға ҳәм хызметлерден пайдаланыўға байланыслы қосымша имканиятлар енгизиў;
майыплығы болған шахсларға қолайлық жаратыў ушын жәмийетлик транспортты пандуслар, айрықша орынлар менен, бәндиргилер менен маршрутларды еситтиретуғын, электрон мағлыўматлар таблолары сыяқлы арнаўлы қураллар менен тәмийинлеў, олардан еркин пайдаланыўды басқышпа-басқыш тәмийинлеў бойынша орынларда майыплығы болған шахслардың социаллық қорғалыў ҳәм бейимлесиў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы илажларды көриў.
- 5. 2018-жыл 1-марттан майыплығы болған шахсларға бейимлестирилмеген қалалық жолаўшы транспорт қуралларын сатып алыўдың қадаған етилетуғыны белгилеп қойылсын.
Ишки ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекистан автомобиль ҳәм дәрья транспорт агентлиги «Өзавтосанаат» АЖ ҳәм Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми менен биргеликте еки ай мүддетте:
автотранспорт қуралларының басқарыўшылары – майыплығы болған шахсларды таярлаў ҳәм қайта таярлаўды шөлкемлестириў;
жергиликли ислеп шығарылған жеңил автомобильлерди майыплығы болған шахсларға бейимлестириў ушын арнаўлы қурылмалар менен қайта үскенелеўди тәмийинлеў бойынша усыныслар киргизсин.
- 6. 2018/2019 оқыў жыланан баслап жоқары билимлендириў мәкемелерине абитуриентлерди қабыллаўдың улыўма санынан майыплығы болған шахслар ушын қосымша түрде еки процентли квота ажыратыў тәртиби енгизилсин.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Экономика министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте 2018-жылдың 1-апрелине шекем жоқары билимлендириў мәкемелерине майыплығы болған шахсларды квота тийкарында оқыўға қабыллаў тәртиби ҳаққындағы нызам жойбарын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 7. 2018-жыл 1-январьдан баслап жумыс алып барыў түрине ҳәм оны әмелге асырыў орнына қарамастан, 8 ҳәм 88 топар майыплығы болған шахс есапланған жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын бир айда ең кем мийнет ҳақының 50 проценти муғдарында, жеке тәртиптеги исбилермен тәрепинен 8 ҳәм 88 топар майыплығы болған шахслар есабынан жумысқа жалланған ҳәр бир жумысшы ушын – бир айда ең кем мийнет ҳақының 15 проценти муғдарында қатаң белгиленген салық ставкасы орнатылсын.
- 8. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясы шеңберинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм басқа да ўәкилликли мәкемелердиң жумысын төмендегилерге қаратылған усынысларды таярлаў менен бирге қайта көрип шығыўды тәмийинлесин:
Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында кекселер, майыплығы болған шахслар менен халықтың басқа да социаллық жәрдемге мүтәж категорияларын социаллық қорғаўға, соның ишинде, оларды толық ҳәм комплексли бақлаған ҳалда көрсетилип атырған хызметлерди муўапықластырыўға жуўапкер болған қәнигелестирилген мәкеме шөлкемлестириў;
қәнигелестирилген мәкеме негизинде майыплықты белгилеўди толық қамтып алатуғын бирден-бир системаны шөлкемлестириў;
тийисли ҳүжжетлерди рәмийлестирген шахслардың майыплыққа муўапық екенин тексериў тәртибин енгизиў;
әмелге асырылып атырған реформалардың талапларына жуўап бермейтуғын нәтийжесиз структураларды сапластырып, тийисли штат бирликлерин жаңадан шөлкемлестирилип атырған қәнигелестирилген мәкемеге өткериў.
- 9. Майыплығы болған шахслардың жағдайын жақсылаў, медициналық-социаллық жәрдемниң ҳәм реабилитацияның сапасын арттырыў, протез-ортопедия буйымлары менен техникалық реабилитация қуралларын ислеп шығарыўды модернизациялаў ҳәм технологиялық жаңалаў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў қорын (кейинги орынларда Қор деп талады) шөлкемлестирсин.
Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен бирге еки ай мүддетте Қорды, соның ишинде, майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын бузғаны ушын қолланылатуғын жәриймалардан түскен қаржылардың бир бөлеги есабынан қәлиплестириўди нәзерде тутқан ҳалда, оның жумысын шөлкемлестириў бойынша қарар жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын ушын киргизсин.
- 1 2018-жыл 1-июньнен баслап, майыплығы болған шахслар, тайынланған ақша төлемлериниң түрлери менен муғдары, ажыратылған техникалық реабилитация қураллары, протез-ортопедия буйымлары ҳәм дәри қураллары, көрсетилген социаллық хызметлер және берилген жеңилликлер ҳаққында комплексли мағлыўматларды өз ишине алған, сондай-ақ, усы саладағы жумыслардың жағдайы ҳаққындағы мағлыўматларды оператив түрде алыў, мәмлекетлик уйымлар арасында мағлыўмат алмасыўын әмелге асырыў, бюджет қаржылары мақсетсиз жумсалыўының ҳәм өз мәпине пайдаланыў жағдайларының алдын алыў имканиятын беретуғын майыплығы болған шахслардың бирден-бир электрон реестиринен пайдаланыў әмелиятқа енгизилсин.
- 11. Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитети, Өзбекистан автомобиль ҳәм дәрья транспорты агентлиги, басқа да мәпдар ведомстволар объектлердиң жойбарластырылыўында ҳәм қурылысында архитектура-қурылыс қадағалаўын күшейтиў, сондай-ақ, майыплығы болған шахслардың олардан еркин пайдаланыўын тәмийинлеў талапларына әмел етпегени ушын жуўапкеркершиликтиң сөзсиз екени принципин тәмийинлеў илажларын көрсин.
- 12. Төмендегилерге:
барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, кәрханалардың, шөлкемлер менен мәкемелердиң басшыларына майыплығы болған шахсларды жумысқа қабылллаў, сондай-ақ, майыплығы болған шахслар жәмийетлериниң кәрханалары менен товарлар, жумыслар ҳәм хызметлер жеткерип бериўге байланыслы шәртнамлар дүзиў әмелиятын кеңейтиўди тәмийинлеў;
Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекистан Милий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына эфирге узатылып атырған жаңалықлардың, телекөрсетиўлер менен видеофильмлердиң субтитр яки сурдо аўдарма менен алып барылыўын шөлкемлестириў, майыплығы болған шахслардың мәлимлеме алыў имканиятын арттырыў ҳәм бос ўақтының кеўилли өтиўин тәмийинлеў ушын арнаўлы ҳәрипли баспаларды кеңейтиў усыныс етилсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
а) Өзбекистан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси менен биргеликте 2018-жыл 1-мартқа шекем майыплықты белгилеў тәртибин түп-тийкарынан жетилистириў бойынша, биринши гезекте, төмендегилерге қаратылған усынысларды белгиленген тәртипте киргизсин:
майыплықты белгилеў механизмлерин ҳәм оның мүддетлерин, соның ишинде, ҳүжжетлерди олардағы әҳмийетли жағдайлардың мазмунын мәжбүрий түрде тийкарлап ҳәм түсиндирип рәсмийлестириў тәртибин нәзерде тутқан ҳалда қайта көрип шығыў;
майыплықты белгилеў системасына анық белгилери болған шағым етиўшини майыплылық белгиленгенге шекем қоллап-қуўатлаў механизмин енгизиў, бунда оның усы жағдайдың бар екенин дәлиллеў миннетлемесин бийкар етиў;
коррупцияға себеп болатуғын факторларды бийкар еткен ҳалда, зәрүр тәртип-қағыйдалардан өтиўдиң ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын тәмийинлеў, тәртибин әпиўайыластырыў ҳәм мүддетлерин қысқартыў;
майыплығы болған шахслардың жасаўы ушын зәрүр болған, соның ишинде, автотранспорт қуралларын басқарыў имканияты ҳаққындағы мағлыўматлардың медициналық жуўмақларға киргизилиўин тәмийинлеў;
айырым категориядағы майыплығы болған шахслар ушын арнаўлы емлениўден өтпестен, соның ишинде, медициналық тексериў өткерместен анықланыўы мүмкин болған майыплық категориялары ушын стационар емлениўде мәжбүрий болыўды бийкар етиўди нәзерде тутқан ҳалда, майыплықты белгилеўди айқынластырыў ҳәм ҳүжжетлерди тапсырыў имканиятын кеңейтиў;
б) Өзбекистан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Қаржы министрлиги және Экономика министрлиги менен биргеликте 2018-жыл 1-мартқа шекем:
майыплықты белгилеў, майыплығы болған шахслардың социаллық бейимлесиўине көмеклесиўди тәмийинлеў ҳәм оларға майыплық пенсиялар менен напақаларды төлеўдиң халықаралық стандартларына өтиў зәрүрлигин;
айырым категориядағы майыплығы болған шахсларды, соның ишинде, аўыр руўхый кеселликке дуўшар болғанларды тәрбиялаўшы шахслардың пенсияға шығыўы ҳәм напақа алыўы, сондай-ақ, айрықша категориядағы майыплығы болған шахслардың жеңилликли пенсияға шығыў имканиятын кеңейтиўди есапқа алған ҳалда майыплықты белгилеў нормалары менен майыплық пенсияларын, напақаларды төлеў тәртибиниң қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин.
- 14. Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги Сыртқы ислер министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте үш ай мүддетте протез-ортопедия буйымларының ҳәм техникалық реабилитация қуралларының шет елдеги жетекши өндириўшилерин анықласын, соңынан усы салаға, соның ишинде, жумыс ислеп атырған кәрханаларды модернизациялаўға көмеклесиў, заманагөй технологияларды қолланған ҳалда республикада жаңа өндирислерди шөлкемлестириў арқалы шет ел инвестицияларын тартыў бөлими бойынша сөйлесиўлер өткерсин.
- 15. Министрликлер менен ведомстволардың басшылары усы Пәрманның, соның ишинде, Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўы ушын жеке жуўапкер екенлиги белгиленсин.
- 16. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 17. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасының Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 1-декабрь
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына
ТҮСИНИК
Елимизде майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, медициналық-социаллық жердем көрсетиў, турмыс сапасын жақсылаў системасын жетилистириў, оларға билим алыўда ҳәм жумысқа орналасыўда ҳәр тәреплеме көмеклесиў илажлары көрилмекте. Мәмлекет тәрепинен халқымызға тән болған мийрим-шәпәәт ҳәм жақсылық сезимлерин есапқа алған ҳалда майыплардың әҳмийетли мүтәжликлери менен талапларына айрықша итибар қаратылмақта.
1992-жылы БМШ тәрепинен майыпларға байланыслы әҳмийетли мәселелерге жәмийетшиликтиң итибарын қаратыў, сондай-ақ, оларды жәмийетлик турмысқа ҳәм раўажланыў процесслерине бейимлестириў мақсетинде 3-декабрь – Халықаралық майыплар күни деп жәрияланды.
Бүгинги күнде дүньяда шама менен бир миллиард, соның ишинде Өзбекистанда 600 мыңнан аслам майыплар жасамақта. Көпшилик майыплар күнделикли турмыста ҳәр қыйлы қыйыншылықларға дусласып, бул олардың елимиздиң сиясий, социаллық, экономикалық ҳәм мәдений турмысында белсене қатнасыўына унамсыз тәсир етпекте.
Усы машқалаларды шешиў мақсетинде Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2017-жыл 1-августта қабыл етилген бийлиги менен Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге қаратылған усынысларды таярлаў бойынша комиссия дүзилди.
Комиссия тәрепинен кең көлемли жумыслар әмелге асырылды, соның ишинде:
усы салада әмелде болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң базасы, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлардың жумысы сын көз-қарастан талқыланды. Тексериўдиң жуўмағы бойынша прокуратура уйымлары тәрепинен 400 ден алсам прокурорлық қадағалаў ҳүжжетлери қолланылды, 700 ге шамалас шахстың бузылған ҳуқықлары тикленди, 700 ден зыят шахс протез-ортопедия буйымлары ҳәм техникалық реабилитация қураллары менен тәмийинленди;
қала ҳәм транспорт инфраструктурасында майыплар ушын қолайлық жаратыў жағдайы үйренилди (соның ишинде, 64 598 мәмлекетлик уйым объектлеринен тек 23 901 ине майыплардың кириў имканияты жаратылған ҳәм пандуслар орнатылған);
Интернет тармағында шөлкемлестирилген социаллық сораў-жуўаплар даўамында 500 ден аслам пуқаралардан усыныслар келип түсти;
124 мәмлекетлик уйымның ҳәм шөлкемниң сайтлары үйренилди, олардан 83 инде майыплардың мәлимлеме алыўы ушын арнаўлы имканиятлар жолға қойылмаған;
майыплардың жасаў орталығының имканиятларын, билим алыўын ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, олардың медициналық-социаллық реабилитациясы, протез-ортопедия буйымларының ҳәм техникалық реабилитация қуралларының ислеп шығарылыўы мәселелери бойынша Германия, Франция ҳәм Швейцария мәмлекетлериниң тәжирийбеси тиккелей үйренилип, усынысларды таярлаўда инабатқа алынды.
Майыпларға қолайлы турмысты тәмийинлеў ушын қосымша шараятлар жаратыўды, сондай-ақ, бир қатар жаңалықларды нәзерде тутатуғын Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының қабыл етилиўи алып барылған жумыслардың логикалық даўамы болды.
Инсанлардың майыпларға болған қатнасын өзгертиў, әтираптағыларды олардың жәмийетте толық ҳәм тең ҳуқықлы қатнасыўы туўралы хабардар етиў майыплардың әҳмийетли машқалаларын шешиўде оғада әҳмийетли ҳәм биринши гезектеги қәдем болып табылады. Усы мақсетте «майып» түсиниги қатнастан шығарылмақта ҳәм оған бәринен бурын, инсанның еркинлигин есапқа алған ҳалда улыўма тән алынған «майыплығы болған шахс» атамасы киргизилмекте.
БМШтың Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясын ратификациялаўға таярлық бойынша әмелий илажлар шөлкемлестирилмекте. «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Нызам жойбары ислеп шығылады.
Пәрман менен 51 бәнттен ибарат болған илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған Майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм олардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепиликлерин күшейтиў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы тастыйықланды.
Соның ишинде, Бағдарлама төмендеги илажларды нәзерде тутады:
майыплығы болған шахслардың турмыс сапасын ҳәм дәрежесин арттырыў;
майыплықтың алдын алыў, майыплығы болған шахсларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў ҳәм оларды реабилитациялаў нәтийжелилигин арттырыў;
майыплығы болған шахслардың билим алыўын, оларды арнаўлы кәсип-өнерге таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириў, сондай-ақ, майыплығы болған шахсларды жумысқа орналастырыўды тәмийинлеў;
майыплығы болған шахслар ушын қолайлы ҳәм мақул орталықты тәмийинлеў, медициналық-социаллық мәкемелердиң материаллық-техникалық тәмийинлениўин жақсылаў.
Көзи әззи майыплығы болған шахслардың саўатлылығын арттырыў имканиятының төмен дәрежеде екенлиги олардың жәмийетлик турмыстағы қатнасын ҳәм ўақыялардан хабардар болыўын толық шеклейтуғын оғада әҳмийетли машқалалардан бири болып қалған. Усы мүнәсибет пенен майыплығы болған шахслардың саўатлылығын арттырыў мақсетинде ўәлаятларда, районлардың орайларында улыўма билим бериў мектеплери негизинде Брайль әлипбесин оқытыў бойынша арнаўлы курсларды шөлкемлестириўге байланыслы илажлар көриледи.
Буннан тысқары, даўыс арқалы басқарыў мақсетинде компьютер операциялық системалары ушын арнаўлы бағдарламалар жаратылады, мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң рәсмий сайтларында майыплығы болған шахслар ушын қосымша имканиятлар енгизиледи.
Қалалық жолаўшы транспортларының арнаўлы үскенелер менен тәмийинленбегени майыплығы болған шахслар ушын жумыс орнына ҳәм басқа да мәкемелерге жетип барыўда белгили бир қыйыншылықларды туўдырып атырғаны сыр емес. Сондай-ақ, светофорлар менен пиядалар жоллары қосымша даўыс жәрдеминде басқарыў үскенелерине ийе емес.
Бул ушын майыплығы болған шахсларға қалалық жолаўшы транспортын усы мақсетлерге бейимлестириў, бәндиргилер менен жөнелислерди даўыс жәрдеминде жәриялаў арқалы қолайлықлар жаратылады.
Соның менен бир қатарда, 2018-жыл 1-марттан майыплығы болған шахсларға бейимлестирилмеген қалалық жолаўшы транспорт қуралларын сатып алыў қадаған етилмекте. Бул майыплығы болған шахсларға автобус ҳәм басқа да қалалық транспорт түрлеринен пайдаланыўды әдеўир жеңиллестиреди.
Ҳәзирги күнге шекем миллий жеңил автомобильлер тек ғана саламат инсанлар ушын бейимлестирилген болып, майыплығы болған шахслар болса, арнаўлы басқарыў имканияты жоқлығы себепли бундай автомобильлерге ийе бола алмайтуғын еди. Келешекте ислеп шығарылатуғын миллий жеңил автомобильлер майыплығы болған шахслардың пайдаланыўы ушын бейимлестирилген ҳалда арнаўлы үскенелер менен қайта тәмийинленеди.
Транспорт қуралларының басқарыўшылары – майыплығы болған шахсларды оқытыў ушын таярлаў ҳәм қайта таярлаў жумыслары шөлкемлестириледи.
Майыплығы болған шахслардың елимиздиң жәмийетлик турмысында қатнасыўының әҳмийетли факторларынан бири олардың улыўма саўатлылығы болып табылады. Бирақ, бир қатар себеплерге бола, майыплығы болған шахслар жоқары билимлендириў орынларында оқыў ушын комплексли имканиятқа ийе болмаған.
Усы мақсетте 2018/2019 оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелерине абитуриентлерди қабыллаўдың улыўма санынан майыплығы болған шахслар ушын қосымша түрде еки процентли квоталар киргизилмекте. Бул квоталар бойынша тек ғана майыплығы болған шахслар билим алады, бул олардың жоқары мағлыўматқа ийе болыўын тәмийинлеп, жәмийетке араласыў имканиятларын кеңейтеди.
Майыплығы болған шахсларды жумысқа орналастырыў ҳәм оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасының әҳмийетли бағдарларынан болып табылады.
Майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыллаўды кеңнен хошаметлеў, сондай-ақ, майыплығы болған шахслардың өзи тәрепинен исбилерменлик пенен шуғылланыўға шараят жаратыў мақсетинде 2018-жыл 1-январьдан баслап жеке тәртиптеги исбилерменлик пенен шуғылланатуғын 8 ҳәм 88 топар майыплығы болған шахслар, сондай-ақ, 8 ҳәм 88 топар майыплығы болған шахсларды хызметкер сыпатында жаллаған жеке тәртиптеги исбилерменлерге қатаң белгиленген салықтың жеңиллетилген ставкасы белгиленбекте.
Майыплығы болған шахсларды, кекселерди ҳәм халықтың басқа да социаллық жәрдемге мүтәж категорияларын социаллық қорғаўға жуўапкер болған бирден-бир мәкемениң жоқ екенлигине де айрықша итибар қаратылды. Усы мәнсибет пенен, Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформлар концепциясын әмелге асырыў шеңберинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында қәнигелестирилген мәкеме шөлкемлестириледи.
Майыплығы болған шахслардың әҳмийетли машқалаларын шешиўде тек ғана мәмлекеттиң емес, ал әпиўайы пуқаралардың да қатнасыўы оғада әҳмийетли болып табылады. Усы мақсетте, Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, оның қаржылары майыплығы болған шахслардың жағдайын жақсылаўға, медициналық-социаллық жәрдем көрсетиўдиң сапасын арттырыўға, протез-ортопедия буйымларын ҳәм техникалық реабилитация қуралларын ислеп шығарыўды модернизациялаў және технологиялық жаңалаў ушын жумсалады. Майыплығы болған шахслардың машқалаларына бийпәрўа болмаған пуқаралардың ҳәм юридикалық шахслардың ықтиярлы қәўендерлик қайырқомлықлары да қордың дәреклери болады.
2018-жыл 1-июннен баслап, майыплығы болған шахслар ҳаққында комплексли мағлыўматлар ( майыплығы болған шахсларға байланыслы жеке мағлыўматлар, пул төлемлериниң түрлери менен муғдары, ажыратылған техникалық реабилитация қураллары, протез-ортопедия буйымлары ҳәм басқалар) ды өз ишине алған майыплығы болған шахслардың бирден-бир электрон реестири енгизилмекте, бул емлеў ҳәм реабилитация жумысларын нәтийжели шөлкемлестириўди тәмийинлейди.
Протез-ортопедия буйымлары менен техникалық реабилитация қуралларын ислеп шығарыўдың гөнергени және усы қуралларды ислеп шығарыўға байланыслы көплеген стандартлардың жоқ екени пуқаралардың тийкарлы наразылығына себеп болып атырғанлығы атап өтиў орынлы.
Усы машқаланы шешиў ушын протез-ортопедия буйымларын ҳәм техникалық реабилитация қуралларын ислеп шығарыў саласына, соның ишинде, жумыс ислеп атырған кәрханаларды модернизациялаўға көмеклесиў, заманагөй технологияларды қолланған ҳалда республикада жаңа өндирислерди шөлкемлестириў арқалы шет ел инвестициялары тартылады. Сондай-ақ, протез-ортопедия буйымларын ҳәм техникалық реабилитация қуралларын ислеп шығарыўға мәмлекетлик стандартлар енгизиледи.
Қабыл етилген Пәрман майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў имканиятын береди, сондай-ақ, майыплығы болған шахслардың турмыс сапасы менен дәрежесин арттырыўға, қолайлы ҳәм мақул орталықты тәмийинлеўге, медициналық-социаллық мәкемелердиң материаллық-техникалық тәмийинлениўин жақсылаўға хызмет етеди.